Түркий тиллердиң Россияда изертлениўи (XVIII–XIX әсирлер)
XVIII әсирде шығыстаныўдың алдағы ўақытта раўажланыўы ушын база дүзилди: 1) түркий тиллер бойынша лингвистикалық материалларды системалы жыйнаў ҳәм ислеп шығыў басланды; 2) түркий тиллердиң бир қатар сөзликлери қолжазба түринде дүзилди; 3) Кердиң «мектебинде», Москва университети жанындағы академиялық гимназияда, Астрахан халық училищесинде, Биринши Казань гимназиясында, Омск Азия мектебинде, Тобольск халық училищесинде, Нижегород ҳәм Тобольск руўханийлер семинариясында түркий тиллер оқытылып баслады; 4) чуваш, татар ҳәм түрк тиллери бойынша биринши қолланбалар баспадан шықты.
Илимий шығыстаныўдың, соның ишинде оның бир бөлими – тюркологияның пайда болыўы 1724-жылы Россияда Илимлер академиясының ашылыўы менен байланыслы болды.
XVIII әсир даўамында Петербург Илимлер академиясы Сибирьге, Волга бойына ҳәм Кавказға бир қатар экспедициялар жиберди. Бул экспедициялар тәрепинен сол ўақыттағы Россияның шығысында жасаған ҳәр қыйлы халықларға тийисли лингвистикалық, этнографиялық, топонимикалық, тарийх бойынша ҳәм географиялық материаллар, соның ишинде түркий тиллер ҳәм фольклоры бойынша материаллар жыйналды ҳәм ислеп шығылды.
Бул жыйналған лексикалық материаллар академик Петр Симон Палластың (1741–1811) басшылығында 1787-жылы Санкт-Петербургте басылып шыққан «Сравнительные словари всех языков и наречий» деген лексикографиялық мийнетте жәрияланды. Оған түркий тиллерден түрк, татар, мишар, түркмен, трухмен, башқурт, ноғай, якут, азербайжан, чуваш, чулым, қырғыз (қазақ) тиллериниң сөзлери кирген.
Петербург Илимлер академиясына шығыс тиллери бойынша адъюнктлердиң арасында немец илимпазы Генрих-Юлиус Клапрот (1783–1835) шақырылып, ол башқурт, қазақ, қырғыз, якут ҳәм тунгуслардың этнографиясы ҳәм тиллери бойынша материаллар жыйнаған ҳәм оларды бастырып шығарған. «Бабурнаманың» Ферғанаға арналған бөлимин немец тилине аўдарып, оны баспада жәриялаған.
Тюркология тарийхында шығыс филологиясы ҳәм тарийхы бөлими бойынша Петербург Илимлер академиясының биринши хабаршы ағзасы Григорий Иванович Спасский (1783–1864) айырықша орын ийелейди. Ол тюркология тарийхына түркий руникалық жазыўларын изертлеў тарийхында әҳмийетли роль ойнаған «Древности Сибири» атлы мақаласы менен кирди. Г.И.Спасский тәрепинен хакас тилиниң диалектлери сөзлиги дүзилди.
XIX әсирде түркий тиллерди изертлеўдиң баслы орайлары Санкт-Петербург, Москва ҳәм Казань қалалары болған.
1818-жылы Петербургте түркий тиллер еки жерде үйренилген: Санкт-Петербург университетиниң шығыс тиллери факультети ҳәм Петербург Илимлер академиясының Азия музейи.
Шығыстаныў тарийхында Петербург Илимлер академиясының Азия музейи (1818–1930) айырықша орын ийелеген. Азия музейи – Россиядағы шығыстаныў бойынша биринши илим-изертлеў мәкемеси. Азия музейиниң биринши директоры арабист, иранист, тюрколог, академик Христиан Данилович Френ (1782–1851) болды. Ол тюркология тарийхында түркий тилиндеги қолжазбаларды ҳәм нумизматикалық материалларды системаластырыў ҳәм үйрениў менен, түркий халықлардың тарийхы бойынша бир қатар мақалалары ҳәм Абулғазы Баҳадырханның белгили «Түрклер шежиреси» шығармасының текстин бастырып шығарыў менен белгили из қалдырды.
Петербург Илимлер академиясында түркий тиллер бойынша биринши адъюнкт, тюрколог Януарий Осипович Ярцов (1792–1861) болды. Оның баспадан шыққан жалғыз мийнети түркий тилинде жазылған жарлықлар ҳаққында изертлеўи есапланады.
Тюркология тарийхында Петербург Илимлер академиясының академиги Оттон Николаевич Бётлингк (1815–1904) айырықша орын ийелейди. Ол тюркология тарийхына якут тилиниң биринши илимий грамматикасын дөретиўши ҳәм түрк тилиниң грамматикасы ҳаққында үш мақаланың авторы сыпатында кирди.
Рус шығыстаныў тарийхында академик Владимир Владимирович Вельяминов-Зернов (1830–1904) белгили из қалдырды. Ол өзиниң «Материалы для истории Крымского ханства» (СПб., 1864), «Словарь джагатайско-турецкий» (СПб., 1868–1869) атлы мийнетлери менен танылды.
Тюркология тарийхында өз алдына бир дәўир жасап өткен академик Василий Васильевич (Фридрих Вильгельм) Радлов (1837–1918) болды. Ол өзиниң көп санлы мийнетлери менен дүнья тюркологиясының иргесин салды.
В.В.Радлов өзиниң 60 жыл илимий хызмети даўамында тюркологияның барлық тараўлары бойынша жемисли ислеген: диалектография ҳәм диалектология, лексикография ҳәм лексикология, түркий тиллердиң салыстырмалы ҳәм тарийхый фонетикасы, грамматикасы, түркий текстологиясы ҳәм руникалық, уйғур, араб жазыўларындағы түркий жазба естеликлерди бастырыў, түркий халықлардың фольклоры, этнография, тарийх ҳәм археология.
Бай фольклорлық материаллар В.В.Радловтың «Образцы народной литературы тюркских племен» (СПб., 1866–1907) атлы мийнетинде басылды. Бул мийнет Октябрь революциясына дейинги дәўирде жазыўы болмаған бир қатар түркий тиллер ушын тарийхый дереклер есапланады.
В.В.Радловтың исмин дүнья жүзине танытқан оның «Опыт словаря тюркских наречий» (т. I-IV. СПб., 1893–1911) деп аталатуғын мийнети болды. Онда барлық түркий тиллердиң материаллары анализленген.
С а н к т - П е т е р б у р г университетинде (1819-жылы 8-февральда ашылған) бир қатар илимпазлар түркий тиллер бойынша илим изертлеў ҳәм оқытыў жумысларын алып барған. Олардан бул университетте араб ҳәм түрк тиллерин проф. Осип Иванович Сенковский (1800–1858) оқытқан. Ол – «Карманная книга для русских воинов в турецких походах» атлы мийнеттиң авторы. Бул мийнет Россияда жазылған түрк тилиниң биринши грамматикасы болып табылады.
О.И.Сенковский рус тюркологиясы тарийхына Санкт-Петербург университетинде түрк тили бойынша биринши профессор ҳәм «Карманная книга» атлы мийнеттиң авторы сыпатында кирди.
Санкт-Петербург университетиниң шығыс тиллери факультетинде осман тилин оқытыў барысында Антон Осипович Мухлинскийдиң (1808–1877) «Османская хрестоматия для университетского преподавания» (СПб., 1858-1859) атлы мийнети белгили роль атқарды. Бул китап бойынша университетте түрк тилин оқытыў XIX әсирдиң 90-жылларына шекем алып барылды.
1844-жылдан баслап шығыс тиллери факультетинде түрк ҳәм азербайжан тиллерин Лазарь Захарович Будагов (1812–1878) оқытқан. Оның «Сравнительный словарь турецко-татарских наречий» (том I. СПб., 1869; том II. СПб., 1871) мийнети түркий лексикографиясы тарийхында терең из қалдырды ҳәм ол өзиниң илимий әҳмийетин елеге шекем жойытпай киятыр. Бул сөзлик ески түркий тилде жазылған шығармаларды оқыўда, әсиресе «шағатай» тилиндеги текстлерди оқыўда пайдалы қолланба есапланады.
1873-жылдан 1919-жылға шекем осман тили, тарийхы ҳәм әдебияты бойынша курсларды профессор Василий Дмитриевич Смирнов (1846–1922) оқытқан. Ол жаңа рус османистикасы мектебиниң тийкарын салды. 1891-жылы Санкт-Петербургте В.Д.Смирновтың «Образцовые произведения османской литературы в извлечениях и отрывках» атлы белгили хрестоамтиясы басылып шықты.
1894-жылдан 1906-жылға дейин түрк-татар филологиясы кафедрасында «шағатай», қазақ, Казань татарлары тиллеринен сабақ берген, «Түркий тиллердиң салыстырмалы грамматикасы» курсын алып барған, сондай-ақ, улыўма тил билими бойынша лекциялар оқыған проф. Платон Михайлович Мелиоранский (1868–1906) болды.
Тюркология бойынша изертлеўлердиң тийкарғы фондына П.М. Мелиоранскийдиң «Араб филолог о турецком языке» (СПб., 1900), «Араб филолог о монгольском языке» (СПб., 1903), «Краткая грамматика казак-киргизского языка» (СПб., 1894) атлы мийнетлери кирди. Оның илимий творчествосында рус тилиндеги ориентализмлерге (әсиресе тюркизмлерге) арналған изертлеўлери айрықша орын ийелейди.
Шығыс тиллериниң Л а з а р е в и н с т и т у т ы 1814-жылы Москвада ашылған. Бул институт шығыс тиллери (биринши гезекте армян ҳәм грузин тиллери) бойынша аўдармашылар менен оқытыўшыларды таярлаған. 1871-жылы арнаўлы класслар шөлкемлестирилген. Оның ўазыйпасы Жақын Шығыс тиллери бойынша қәнийгелер таярлаў болған.
Арнаўлы классларда түрк ҳәм азербайжан тиллерин профессор Лазарь Эммануилович Лазарев (1822–1884) оқытқан. Оның мийнетлери: «Турецко- татарско-русский словарь наречий османского, крымского и кавказского, с приложением краткой грамматики» (М., 1864) ҳәм «Сравнительная хрестоматия турецкого языка наречий османлы и Адербиджана с приложением тюркских разговоров и пословиц и с переводом их на русский язык для практических упражнений» (М., 1866).
Түрк-татар тили кафедрасының проф.Ставр Елевтериевич Саков (1846–1921) түрк, азербайжан, «шағатай», сондай-ақ, сарт (өзбек) тиллеринен сабақ берген. С.Е.Саков – түрк тили бойынша үш оқыў қолланбасының авторы: 1) «Руководство для изучения турецкого языка. Курс грамматических упражнений» (М., 1901); 2) «Курс турецкой грамматики» (М., 1902); 3) «Элементы турецкой грамматики» (М., 1906).
1892-жылдан баслап Федор Евгеньевич Корш (1843–1915) Лазарев институтында парсы тили оқытыўшысы лаўазымында ислеп баслаған. Оның бир қатар илимий мийнетлери тюркологияның алтын ғәзийнесине кирди: «Слово о полку Игореве» шығармасы тилиндеги түркий элементлер ҳаққында; түркий тиллердеги ҳәзирги мәҳәл формаларының келип шығыўы ҳаққында; түркий қәўимлердиң ески қосық қурылысы ҳаққында; түркий тиллердиң классификациясы ҳаққында ҳәм басқа.
Агафангел Ефимович Крымский (1871–1942) Лазарев институтының алдынғы профессорларынан бири болған. Ол тюркология тарийхына өзиниң «История Турции и ее литературы» (1916) ҳәм «Тюрки, их мови та литератури» (Киев, 1930) атлы мийнетлери менен кирди.
К а з а н ь университетинде (1805-жылы 14-февральда ашылды) бир қатар белгили шығыстаныўшылар ислеген. Бул жерде татар тилиниң биринши оқытыўшысы Ибрагим Хальфин (1778–1829) болды. Ол өзиниң «Азбука и грамматика татарского языка с правилами арабского чтения, преподаваемые в имп. Казанской гимназии» (Казань, 1809) ҳәм «Жизнь Джингиз-хана и Аксак Тимура с присовокуплением разных отрывков, до истории касающихся, коих все слова для обучающиеся расположены по алфавиту» (Казань, 1821) деп аталған оқыў қолланбалары бойынша оқытқан.
1826-жылы шығыс тиллери лекторы лаўазымына Александр Касимович ямаса Мырза Александр (өзин усылай атағанды мақул көрген) Казем-Бек (1802–1870) жумысқа өткен. Ол 23 жыл даўамында (1826–1849) Казань университетинде татар, түрк, парсы ҳәм араб тиллерин оқытқан. 1849-жылы ол Санкт-Петербург университетине өтип кеткен. Казем-Бектиң «Общая грамматика турецко-татарского языка» (Казань, 1846) атлы мийнетиниң жарыққа шығыўы рус тюркологиясы тарийхында үлкен ўақыя болды. Оның бул мийнети Россияда ҳәм Батыс Европада түрк тили бойынша тийкарғы қолланба болды. Казем-Бектиң бул грамматикасы Россияда жазылған түрк тили бойынша екинши грамматика болып табылады.
1846–1855-жыллары түрк-татар тили кафедрасына Илья Николаевич Березин (1818–1896) басшылық еткен. Ол түркий тиллерди изертлеў тарийхында белгили из қалдырды. Түркий тил билими бойынша оның «Дополнение к тюркской грамматике» (1846) атлы мийнетин көрсетиўге болады. И.Н.Березин түркий тилинде жазылған рәсмий ҳүжжетлерди -жарлықларды изертлеген тюрколог болды.
Казань мектебиниң үлкен ўәкиллериниң бири Николай Иванович Ильминский (1822–1891) болды. Казань университетинде түрк ҳәм араб тиллерин оқытқан. Тюркология тарийхында Н.И.Ильминский «Бабурнаманы», «Қысас-и Рабғузийди» баспадан шығарыўшы, «Грамматика алтайского языка» (Казань 1869) атлы белгили мийнеттиң редакторы ҳәм авторларының бири, қазақ тилин биринши изертлеўши ҳәм басқа да бир қатар жумыслардың авторы сыпатында белгили орын ийелейди.
1894-жылдан баслап Казань университетиниң шығыс тиллери кафедрасында проф. Николай Федорович Катанов (1862–1922) оқытып баслаған. Ол бул жерде Казань татарлары тилиниң грамматикасы, түркий тиллердиң салыстырмалы грамматикасы, түркий қәўимлердиң тарийхы, түркий халықлар әдебияты тарийхы бойынша сабақ берген.
Н.Ф.Катанов тюркология тарийхына «Опыт исследования урянхайского языка с указанием главнейших родственных отношений его к другим языкам тюркского корня» (Казань, 1903) атлы үлкен мийнеттиң авторы сыпатында кирди. Оның бул мийнетинде сол ўақыттағы белгили барлық түркий тиллер ҳаққында мағлыўматлар берилген. Н.Ф.Катанов бул мийнетинде урянхай (ҳәзирги терминология бойынша тува) тилиниң грамматикалық қурылысын изертлеген.
Do'stlaringiz bilan baham: |