Абу Хаййанның «Китаб ал-идрак ли-лисан ал-атрак» мийнети
Араб филологы Асир ад-Дин Абу Хаййан 1265-жылы Андалузиядағы (Испания) араб халифатының административлик ҳәм мәдений орайы болған Гарнатта туўылған, соң халифат қулағаннан кейин, Мамлюк Египетине кетип қалған ҳәм 1344-жылы сол жерде қайтыс болған.
Абу Хаййан түркий тиллер бойынша бир қанша мийнет жазған. Бизге оның тек «Китаб ал-идрак ли-лисан ал-атрак» (Түркий тиллердиң түсиндирме китабы) атлы мийнети ғана жетип келген. Бул китапты Абу Хаййан 1312-жылы Каирде (Египет) ас-Салихийа медресесинде жазып тамамлаған.
Абу Хаййан өзиниң бул мийнетинде, тийкарынан, қыпшақ ҳәм түркмен тиллериниң фонетикалық, морфологиялық, синтаксислик ҳәм лексикалық өзгешеликлерин көрсетип берген ҳәм айырым жағдайларда басқа түркий тиллердиң де (татар, булгар, уйғур, тоқсаба) материаллары менен салыстырылған.
«Китабтың» ҳәзирги ўақытта еки нусқасы бар. Биреўи Стамбулдағы Вали ад-Дин Эфенди китапханасында сақланады. Оны белгисиз биреў 1335-жылы көширип алған. Соң бул нусқа биринши рет Мустафа-эфенди тәрепинен басылып шықты. Екинши нусқасы Ахмед ибн Омар аш-Шафий деген адам тәрепинен 1402-жылы Лазикийа қаласында (Сирия) көширип алынған. Бул нусқа ҳәзирги ўақытта Түркияда Стамбул университетиниң китапханасында сақланады.
Еки нусқаның да текстлери түрк тилинде проф. Ахмед Жафароглы тәрепинен баспадан шықты.
«Китаб» еки бөлимнен турады: 1) Түркийше-арабша сөзлик, атаўышлар ҳәм фейиллер; 2) Фонетика ҳәм морфология.
Ибн Муханнаның «Хилийат ул-лисан уа халибат ул-байан» мийнети
Ибн Муханна – XIV әсирдиң тюркологы. Оның толық исми – Жамал ад-Дин ибн ал-Муханна. Ибн Муханнаның «Хилийат ул-лисан уа халибат ул-байан» (Тилдиң көркемлиги ҳәм сөзлерди баянлаў усыллары) шығармасы XIII–XIV әсирлердеги Орта Азия түркий қәўимлери ҳәм сол ўақыттағы қыпшақлардың тилин изертлеў ушын баҳалы дерек болып табылады. Оның бул шығармасы бизге алты нусқада жетип келген. Олар ҳәзирги ўақытта Лондон, Париж, Берлин ҳәм Стамбул қалаларында сақланады.
Бул естеликти биринши изертлеген П.М.Мелиоранский (1868–1906) болды. Оның пикири бойынша, бул мийнет XIII әсирдиң ақырында ямаса XIV әсирдиң басларында жазылған. П.М.Мелиоранский мийнеттиң бес нусқасын (Стамбул нусқасынан басқа) «Араб филолог о турецком языке» (СПб., 1900) деген мийнетинде бастырып шығарды. Стамбул нусқасы түрк илимпазы Килисли Ахмед Рифат (Бильге, 1876–1953) тәрепинен басылып шықты: Kitab hilyat al-insan va halbat al-lisan yahud lügat – I farsi, türkce, mogolca (Istanbul, 1919-1921).
Ибн Муханнаның бул мийнетинде арабша-түркийше сөзлик, соның менен бир қатарда, оғуз тиллериниң фонетикасы ҳәм грамматикасы мәселелери де сөз етилген.
Do'stlaringiz bilan baham: |