Жаңа өним түри
Пүтинлей жаңа өним
Қәсийетлери жақсыланған өним
Қосымша функциялар киритилген өним
Кем қәрежет талап етилген өним
Жаңа дизайн берилген өним
Жаңа марка ҳәм орам менен шығарылған
33 - сызылма. Өнимниң жаңалық дәрежелери
Жаңа товар ислеп шығарыў - оригинал товар жаратыў, товардың қәсийетин жаңалаў ҳәм оны модернизация етиў, кәрxананың өз илимий - изертлеў ҳәм жойбарластырыў бөлимлерин шөлкемлестириў, олар арқалы товардың жаңа маркасын ислеп шығарыўдан ибарат. Жаңа товар ислеп шыгарыў процесси төмендеги сегиз басқышты өзиниң ишине алады: идеяны излеў, идеяны таңлаў, жаңа товар концепциясын ислеп шыгыў ҳәм оны тексериў, маркетинг стратегиясын ислеп шығыў, бизнес анализи, товарды ислеп шығарыў, товарды базарға шығарыў ҳәм коммерция ушын ислеп шығарыў.
Идеяны излеў. Жаңа товарды ислеп шығарыў идеяны излеўдан басланады. Идеяны излеў систематикалық рәўиште алып барылыўы керек. Жаңа идеяны излеў тийкарынан кәрxананың ишки дереклеринен (жаңа теxникалық бөлим, изертлеў лабораториясы, маркетинг бөлим), тутыныўшылардың, конкурентлердиң, ислеп шығарыўшылардың, дистрибьюторлардың қәлейлерин үйрениў, оммавий информациялық кураллары мағлыўматлары негизинде, идеяларды генерация етиўдиң арнаўлы методологияларынан пайдаланып алып барылады.
Жаңа идеяларды генерация етиў методологияларынан бири “мия ҳүжимлери” методологиясы саналады. Бул методологияның негизги барлығы, әхмийети соннан ибарат, идеяны муҳокама етиўден қатнасыўшылардың ҳәр бирине өз пикирлерин еркин баян етиўлери ушын имканият жаратылады ҳәр қандай пикир қаншама ғайри оддий болыўына қарамастан критикаланбайды.
Идеяны таңлаў. Идеяны қәлиплестириў бойынша хызмет көрсетиўден мақсет мүмкин болганынша көп идеяға ийе болыўдан ибарат. Кейинги басқыштан мақсет болса олардың санын қысқартырыўдан ибарат. Демек, идеяны таңлаў дегенде жаңа товар ҳаққында илгери сүрилген идеялардың барлығын анализлеп, соның арасынан оншама әҳмийетке ийе болмаған идеяларды қалдырып, алдынғы идеяларды ажыратыў түсиниледи. Буның нәтийжесинде кәрxана базарға усыныс етилиўи мүмкин болған товар бойынша жаңа идеяны таңлаў имканиятына ийе болады.
Янги товар концепциясыпан ислеп шығарыў ҳәм оны тексериў. Идея таңланганнан кейин оны товар концепциясына айлантырыў керек. Бул концепция потенциал тутыныўшыларда сынап көриледи. Онда томендеги сораўларға жуўап күтиледи: Идеяны түсиниў аңсат? Бул өнимниң базардағы бар болған товарларға салыстырмалы артықмашылықларын көрип атырсыз ба? Бул товарды сатып аласыз ба? Ол реал мүтәәжликти қанаатландырадыма? Сиз оны тез - тез сатып аласызба? Сиздиң пикириңизше оның баҳасы қандай болыўы керек? Бул сораўларға жуўап алыў ушын базарды тесттен ҳәм фокус - топарлар өткериў талап етиледи.
Маркетинг стратегиясын ислеп шығыў. Маркетинг стратегиясы - бул дәслеп жаңа өнимди базарға шығарыў стратегиясын анықлаўдан ибарат. Бул жерде төмендеги сораўлар көрип шығылады. Ең дәслеп, мақсетли базардың көлеми, структурасы ҳәм xарактери анықланады. Соңынан, сатыў көлеми, баҳа, келетуғын пайда баҳаланады ҳәм сатыў каналлары таңланады. Тәбийий, бул прогнозлаў жолы менен баҳалаў анық болмасада, белгили бир мўлжални гөзлеген болады.
Бизнес анализи - бул кәрxананың мақсетинен келип шыққан түрде жаңа өнимниң келешекте қанша муғдарда сатылыўы, қәрежетлери ҳәм пайдасын баҳалаўдан ибарат.
Товарды ислеп шығарыў. Бул басқышта товар идеясы физикалық формада мужассам етиледи ҳәм өнимди жойбарластырыў, ораў, марканы ислеп шығарыў, өним ҳәм жағдайды анықлаў, тутыныўшының қатнасын ҳәм пайдаланыўын тексериў жолы менен маркетинг стратегиясы белгиленеди. Таяр өнимди әдетте тест арқалы сынайды. Тест нәтийжелерине қарап товардағы гейпара кемшиликлер ҳәм нуқсонлар түзетиледи. Улыўма, алғанда жаңа товар тутыныўшылар талабына толық жуўап бериўи керек.
Товарды базарға шығарыў. Жаңа товар жаратыўдың соңғы басқышы оны базарда сынап көриўдан ибарат. Базарда сынап кориўдан тийкарғы мақсет өнимди ҳәм бул өнимниң маркетинг дәстүрин (баҳа, реклама, марка, орап - жайластырыў, сервис xызмети ҳ.т.б.) баҳалаўдан ибарат. Бул жерде тутыныўшылар ҳәм брокерлердиң товарға болған қатнасы жүдә әҳмийетли. Нәтийжелер болса сатылатуғын өним ҳәм алынатуғын пайда көлемин белгилеўге негиз болып хызмет етеди. Халық тутыныў товарларының маркетинг сынаўында базарды стандарт тесттен өткериў, базарды қадагалаў тестинен өткериў ҳәм базарды имитациялық тесттен өткериў методологияларынан пайдаланылады. Гейпара фирмалар сынап сатыўды тек тутыныўшылар итибарына ийе болыў, басқалары болса өнимде ҳәм маркетинг жобасында әмелге асырыў керек болған өзгериўларди анықлаў ушын, үшиншилери болса өнимниң тәғдирин шешиў ушын қолланады.
Коммерциялық ушын ислеп шығарыў. Бул соңғы басқышта өним таңланған базарға көп, үлкен көлемде шығарылады ҳәм сатылады. Жаңа өним ислеп шығарыўдың бул басқышында ислеп шығарыўшы базарға шығыў ўақтын, тәртибин ҳәм ҳәр бир базоардағы хызмет көлемин, товар тарқатыў ҳәм жылжытыўшының ең нәтийжели усылларын дурыс таңлай билиўи ҳәм маркетинг хызметиниң батафсил битилган жобасын ислеп шығыў керек.
Тәжирийбе соны көрсетеди, ҳәр қандай идеяда реал коммерциялық өнимге айлана бермейди. Көпшилик жағдайларда 10-15 идеялардан бири реал өнимге айланады екен.
Жаңа өнимниң базардағы тәғдири тутыныўшының бу өнимди қабыл етиўге таяр ҳәм таяр емеслигинеде байланыслы.
Жаңа өнимди қабыл етиў - мушоҳада етиў процессии болып, бул процесс жаңа өним ҳақкындағы биринши информацияға ийе болыўдан баслап, өнимниң турақлы тутыныўшысына айланғанға шекемги болған процессти өз ишине алады.
Тутыныўшылар жаңа өнимди сынап көриўге таярлық дәрежесине қарап бир - биринен жүдә парық етеди. Гейпаралары жаңа өнимди тез қабыл етсе, гейпаралары болса бирден қабыл етпестен, әстен қабыл етеди.
Тутыныўшылар жаңалықты қандай қабыл етиўге таяр екенлиги дәрежесине қарап оларды суперноватор, новатор, әпиўайы тутыныўшылар, консерватор, суперконсерватор деп топарларға ажыратады.
Суперноваторлар - бул тутыныўшылардың сондай топары, олар белгили болмаған өнимди сынап көриўге барлық ўақыт таяр турады. Новаторлар болса тутыныўшылардың сондай топары, олар жаңа өнимди сатып алғаннан кейин оның тәғдийрин терең ойлап, товарды бириншилер қатарында сатып алады. Әпиўайы тутыныўшылар - булар новаторлар топарына кириўши тутыныўшылардан кейинги орында турып, жаңа товарларды әпиўайы товарлар сыяқлы қабыл етеди.
Консерваторлар - скептиклер, басқа тутыныўшы топарлар сыяқлы, жаңа өнимлерди олардан пайдаланыў тәжирийбесине ийе болғанлары ушын ғана сатып алады.
Суперконсерваторлар - бул тутыныўшылардың сондай топары, олар ҳәр қандай өзгерислерге гүман менен қарайды, олар жаңа товарларды тек өзлериниң традицияларына ҳәм әдетлерине сайкес келгенде ғана сатып алады.
Жоқарыда келтирилген мағлыўматлардан көринип турипты, жаңа товарларды ислеп шыгарыўшылар биринши нәўбетте суперноватор ҳәм новаторлардың экономикалық, псиxологиялық, демографиялық ҳ.т.б. классификацияларын үйрениўлери керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |