16.2. Товардың жасаў дәўири ҳәм басқышлары
Товардың жасаў дәўири - товардың базарда пайда болған дәўиринен баслап, оның сатылмай қалып кеткен ўақыт аралығы. Товардың жасаў дәўири концепциясы ҳар қандай товар қаншама дәрежеде беккем болмасан, бул товар базардан ертеме - кеш оннанда беккем ислеп шығылған товар тәрепинен сыгып шыгарылыўы менен тийкарланады. Әмелдеги хызметинде товардың жасаў дәўириниң диапазоны қаншама кең болып, ол бир күнлик товардан базарда өзиниң орнын узақ ўақыт даўамында сақлап қалыўшы товарға шекем болыўы мүмкин.
Товардың жасаў дәўири концепциясы биринши мәрте америкалық маркетолог Т.Левитт тәрепинен 1965-жылда берилген еди. Бул теорияның барлығы ҳәм әҳмийети соннан ибарат, товар өзине тән тири организм сыяқлы жасаў дәўирин өтейди. Тири организм раўажланыў, кейин туўылыў, соңынан жетилискен, ғаррылық басқышларын өтип, өлим менен өзиниң жасаў дәўирин тамамлайды. Усыған уқсас саластырмалы берсек, товардың жасаў дәўири процессинде ислеп шығарыў, базарға шығыў, өсиў, жетилискенлик ҳәм шығып кетиў сыяқлы басқышларды өтейди.
Товардың типик жасаў дәўири төмендегише 32 - сызылмада ийири сызықлар менен тасвирлаш мүмкин.
Сатыў ҳәм пайда
1-басқыш 2-басқыш 3-басқыш 4-басқыш
Пайда
Ўакыт
Капитал
қойылмалар Тадқиқотлар Бозорга Ўсиш Етуклик Чиқиш ва зарарлар ҳәм товарни иш- чиқиш босқичи ва тўйиниш босқичи лаш босқичи ислеп шығыў
басқышы босқичи
32 - сызылма. Товардың жасаў даўири даўамында товардың сатылыўы ҳәм пайданың классификациясы26
Енди болса 32 - сызылмада көрсетилгениндей, товардың жасаў дәўири басқышларын толық түсинтириўге ҳәрекет етемиз.
Излениўлар ҳәм товарды ислеў басқышы. Товардың жасаўы оның өним сыпатында қәлиплесиўинен бир қанша алдын - идеялар, исленбелер көринисинде басланады. Жоқарыда келтирилген сызылмада бул басқышқа тәртип белгиси қойылмаған, себеби еле товардың өзи жоқ. Бул басқышда излениўшилер маркетинг жәрдеминде тутыныўшының бул өнимге мүтәәжлигин, потенциал тутыныўшылар кимлер болыўын ҳәм идеяны әмелге асырыўда қандай базарды мөлшерге алыўы мүмкинлигин атрофлича үйренеди. Кәрxана ушын товарды жаратыўдың бул басқышы - бул тек қәрежет ҳәм келешекте күтилетуғын дәраматлар. Бул жерде маркетингтиң ўазыйпасы потенциал тутыныўшыларға жаңа идея негизинде жартылмақшы болған товар олар ушын қандай пайда келтириўин түсинтирип бериўден ибарат.
Базарга шығыў басқышы. Бул басқыш товарды тарқатыў ҳәм оның базарға келип түсиўи менен басланады. Бул басқышда сатыўдың әстен избе - излик пенен өсиўи гүзетилсе, товарды тарқатыў қәрежетлери көплиги себепли пайдасы еле болмайды. Бул жерде маркетингтиң мақсети анық, яғный жаңа товар ушын базарды жаратыўдан ибарат (әсиресе, егер бул улыўма жаңа товар ҳәм оған мүтәәжлик еле базарда сәўлеленген болмаса). Бул басқышта конкурентлер дерлик жоқ ямаса олар жүдә кем қурайды. Бул басқышта тутыныўшылар дерлик новаторлар болғанлығы ушын, дәслеп реклама усыған мўлжалланган болыўы керек. Бул басқышта маркетингтиң тийкарғы ўазыйпасы бирлемши талапты тез қәлиплестириў ҳәм потенциал қарыйдарларды ҳақыйқый қарыйдарларға айлантырыўдан ибарат. Сондай - ақ, бул басқышта сатыўды хошаметлеў, рекламаны шөлкемлестириў ҳәм товарды бөлистириўдиң исенимли каналларын қәлиплестириў мақсетке муўапық саналады.
Өсиў басқышы. Егер жаңа товар базардың талабын қанаатландырсы, онда товарды сатыў жоқыры дәрежеде артады. Себеби, жаңа товарларды қайта сатып алып атырған актив қарыйдарларға көп санлы басқа қарыйдарлар қосылады. Бул басқышда товар ислеп шыгарыў теxнологиясын беккемлеў есабына товар сыпатының турақлылығына ерисиледи. Бул басқышда кәрxана бир қанша пайда алыўға кириседи, бул пайда өсип борады ҳәм усы басқыштың сонынан келип ең жоқары көрсеткишке жетеди. Кәрxана бул басқыштың узақ даўам етиўинен мәпдар, соның ушында ол бар пүтин ҳәрекетлерин сатыў көлеминиң өсиўине қаратыўы керек болады. Бул жерде маркетингтиң тийкарғы ўазыйпасы товар сыпатын арттырыў, базардың жаңа сегментлерин өзлестириў, белгили товарды сатыўдың қамрап алынбаған каналларын табыў, тутыныўшыларды товарлар қәсийетлериниң артықмашылығы ҳаққында исенимли реклама ислерин шөлкемлестириў сыяқды кешелерди әмелге асырыўдан ибарат саналады.
Жетискенлик басқышы. Бул басқышта товар ири партияларда беккемленген теxнологиялар бойынша жоқары сыпат пенен ислеп шығарылады.
Бул басқышда көплеген ислеп шыгарыўшыларда сатылмай қалған товарлардың запаслары топланып қалады, ақыбетинде товарлардың сатылыўы кемейеди. Нәтийжеде конкуренция кескинлеседи. Конкурентлер көпрек төмен баҳаларда сатыўға ҳәрекет етеди. Реклама күшейтирилип, товарлардың жақсыланган вариантларын ислеп шығарыўға қаржылар сарыплайды. Булардың барлығы пайданың кемейиўин келтирип шығарады. Ең күшсиз конкурентлер гүрестен шетке шығып баслайды. Тармақта тек беккем орын ийелеген конкурентлер ғана қалады.
Маркетинг xызмети товардың жасаў дәўирин узайтырыў, сатыў ҳәм пайданың кемейиўине жол қоймаслық ушын товар, базар ҳәм маркетинг комплексин модификациялаў усылларын излеўи керек болады.
Шығыў басқышы. Қандай жағдай жүз бермесин бәри бир белгили ўақыттан соң товардың сатылыўы төменлеп барады. Товар сатылыўының төменлеўи гейде тезлик пенен барса, гейбир жағдайларда әстен бир тегис барады.
Товар сатыўдың төменлеп кетиўи товар ислеп шығарыў теxнологиясыдағы жеңислер, тутыныўшылар талабының өзгериўи ҳәмде жергиликли ҳәм шет ел конкурентлери тәрепинен конкуренцияның кескинлесиўиниң жүзеге келиўи сыяқлы себеплер менен түсинтириледи. Сатыўдың ҳәм пайданың кемейиўи нәтийжесинде бир қанша фирмалар ҳәм кәрxаналар базардан шығыўға мәжбүр болады. Қалғанлары болса усыныс етилип атырған товарлар ассортиментин қысқартырыўға, нәтийжеси жоқары болмаған саўда каналлары ҳәм базардың киши сегментлеринен бас кешиўге, хошаметлеў ушын сарыпланып атырган қаржыларды кемейтиўге ҳәм баханы түсириўге мәжбүр болады.
Гейде товар жасаў дәўириниң базардан шығыў басқышында товарды тирилтириў ҳәм оның жасаў дәўирин даўам еттириўге ҳәрекет етип көриў мүмкин.Оның ушын фирманың маркетинг xызмети рекламаны активлестириў, баҳаны өзлестириўи, товарлардың орап – жайластырыў беккемлеў, сатыў системасын қайтадан шөлкемлестириўди, ең тийкарғысы болса жаңа базарларға кириў ҳәм оларды өзлестириў сыяқлы ислерди әмелге асырыў керек болады. Егер бул ис - илажлар жақсы нәтийже бермесе, онда товар ислеп шығарыўды тоқтатыўға өтиўи дурыс жол саналады. Бундай жағдай жүз беретуғын болса тутыныўшылар ҳәм сатыў каналлары белгили бир товарды ислеп шыгарыўдың тоқтатылыў ўақты, кепиллик мәжбүриўтларына әмел етилиўи, кепилликлер тамамланғаннан кейин тамырлаўды әмелге асырыў тәртиплери, ислеп шығарылыўынан алдын товардың қанша ўақыт даўамында жәрдемши бөлимлер менен тәмийинлениўи ҳаққында алдыннан ескертилиўи мақсетке муўапық. Бундай ҳәрекет фирмаға болган исенимниң жоғалмаслығының ҳәм тутыныўшылар фирмасының жаңа товарларын жақсы қабыл етиўлерине беккем негиз жаратады.
Фирманың нәтийжели хызмет көрсетиўинде маркетинг тактикасын қолланыў жүдә әҳмийетли саналады. Бирақ, бул маркетинг тактикасы товардың ҳәр түрли жасаў дәўири басқышларында өзине тән қәсийетке ийе болады. Төменде 20 - кестедеги мағлыўматларда товардың ҳәр түрли жасаў дәўири фазасында фирманың маркетинг тактикасы қандай болыўы бойынша мағлыўматлар келтирилген.
Бул кесте мағлыўматларын улыўмаластырып усындай жуўмаққа келиў мүмкин, фирма ямаса кәрxана товардың ҳәр түрли жасаў дәўири басқышында белгили бир мақсетти гөзлеген түрде маркетинг тактикасының белгили бир формасынан пайдаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |