8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§3. Демократиялық сайлаўларға итияж ҳәм шығыслық менталитет



Download 1,04 Mb.
bet29/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§3. Демократиялық сайлаўларға итияж ҳәм шығыслық менталитет
Демократиялық сайлаўларға итияж ҳәр қандай мәмлекетте пайда бола бермейди. Буныңдай итияж көбине сиясий ҳәм экономикалық кризис, дағдарыс, оннан шығыў зәрүрлилиги пайда болған жағдайда ғана пайда болады.
Сайлаўлар демократия принциплери тийкарында болыўы ушын төмендеги бир қатар сиясий талаплар орынланған болыўы керек:
- үлкен жастағы халықтың имканы барынша көпшилигинде пуқаралық ҳуқықлардың болыўы;
- барлық пуқаралардың жәмийеттиң сиясий турмысында қатнасыўға тең имканиятларға ийе болыўы;
- ҳәр қандай мәселениң сайлаўлар тийкарында шешилиўи;
- ҳәр бир пуқара ушын додаланып атырған мәселе ҳәм оның мәниси ҳаққында толық мағлыўмат алыў имканиятының бар болыўы;
- ҳәкимият искерлигиниң ҳәр қандай пуқара, пуқаралар топары ямаса жамаат бирлеспелери тәрепинен ҳеш қандай тосықларсыз қадағалаў имканиятының бар болыўы;
- ҳәкимият исиниң ҳәр қандай басқышында ашкаралықтың болыўы.
Усы талаплар, ҳаслында, идеал мәмлекет ушын тән болған қәсийетлер есапланады. Сиясий система, мәмлекети типи ҳәм формасынан ғәрезсиз, барлық мәмлекетлер ушын демократия принциплери улыўмалық болады. Бирақ тарийхый раўажланыў, миллий мәденият типи, диний ҳәм экономикалық турмыстың қайталанбас қәсийетлерине байланыслы, демократия принциплери берилген конкрет жағдайда ҳәр түрли форма ҳәм дәрежеде турмысқа енгизиледи.
Демек, демократиялық сайлаўларға болған итияж ҳәр бир мәмлекеттиң конкрет раўажланыў басқышында, конкрет сиясий ҳәм ҳуқықый сананың дәрежесинде пайда болады. Бул ушын жәмийетлик сана демократиялық басқарыўға зәрүрлиликти аңлаў дәрежесине көтерилиўи лазым. Егер пуқарада сиясий сана ҳәм сиясий мәденият қәлиплеспеген болса, жәмийет мәпин аңламаса, онда демократияға итияж пайда болмайы.
Демократиялық сайлаўларға итияж менталитети яғный миллий руўхияты менен байланыслы пайда болады.
Демократияға итияж ҳәр бир халықта қайталанбас формада әмелге асады. Себеби демократия принциплери ҳәм нормаларының орынланыўы ушын жәмийетте бар болған социаллық нормаларды демократия талапларына мойынсындырылыўы лазым болады. Усындай жағдайда демократияның улыўмаинсаний өлшемлериниң талаплары миллий руўхият ҳәм дәстүрлер менен муўапықластырылады.
Демократиялық сайлаўларға итияж Шығыс халықларында, атап айтқанда өзбек ҳәм қарақалпақларда терең тарийхый тамырларға ийе. Жамаат ислерине, турмыслық проблема ҳәм тәшвишлерге бирликте ҳүрметли қатнаста болыў халқымызда әзелден бар болып келген. Мәҳелле болып жасаў, машқалаларды әдиллик пенен ойласып шешиў сезими ҳәм әмелияты күшли болған.
Демократияның улыўмаинсаний тәбияты көз-қарасынан қарағанда, жамаа-жамаа болып жасаў грек полислерине уқсап кетеди. Соның ушын да демократияның шығыслық формасы туўралы сөз етиў мүмкин болады.
Демократияның шығыслық формасы Батыс демократиялық дәстүрлеринен парық етеди. Олар төмендегилерде көринеди:
- жамаа, мәҳелле пикириниң мәҳәлле ағзасы ушын әҳмийетке ийе екенлигинде;
- киши жастағылардың үлкен жастағыларды ҳүрмет етиўинде;
- жамаа, мәҳелеле ағзалары ортасында мийру-шапааттың күшлилигинде;
- қуўанышлы ҳәм тәшўишли ўақытларда өз-ара бирге ислесиў, жәрдем, сақаўат, қоллап-қуўатлаўдың бар екенлигинде.

Шығыслық руўхияттың айрықша белгиси лаўазымлы шахсқа әдеплилик көрсетиў. Жәмийеттиң демократияласыўында бул қәсийеттиң унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин есапқа алыўға туўры келеди.


Лаўазымлы шахсқа тик қарамаслық, бетинен алмаў, әндише Шығыс халықлары руўхиятына тән қәсийет. Бул пәзийлеттиң тамыры конфуцийликке барып тақалады. 1911 жылғы биринши Қытай революциясына шекем конфуцийлик Қытай мәмлекетиниң рәсмий идеологиясы болған. Қытайда “басшы” түсиниги “ата” түсинигиндей муқаддес, оның сөзи – нызам, орынланыўы шәрт деп есапланған. Қытайда коммунистлик идеялардың елеге шекем сақланып қалып атырғанлығының себеби де усында.
Уллы Жипек жолы арқалы келген конфуцийлик идеялары бизиң халқымыз руўхиятына сиңип кеткен. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы жоллар менен кирип келген эран, грек, монгол, араб ҳәм рус мәдений басқыншылығының халқымыз руўхиятына тәсирин бийкарлап болмайды. Әсиресе, конфуцийлик, ислам әдеп-икрамлылығының тәсири айрықша. Нәтийжеде, халқымыз мәнәўияты қурамалы қарыспа болып қәлиплескен, онда ҳәтте айрым Батыс халықлары тәсири бар.
Бул жағдайлар жәмийетти басқарыўға, сайлаў системасына тәсир етеди. Ҳәкимиятқа, оның ўәкиллерине туўрыдан туўры гәп қайтара алмаслық, әндише, ҳүрмет пенен араласқан қорқыныш сезими демократияласыўға унамсыз тәсир етеди, оның Батыс демократиясынан өзгеше болыўына алып келеди.
Президентимиз Ислам Каримов “Өзбекстан XXI әсир босағасында…” атлы мийнетинде, “бизиң түсиниўимизше, қатып қалған гөне ақыйдалардан бас тартыў - өз тарийхый өтмишимизден бас тартыў дегени емес. Бул бир жақлама ҳәм тар пикирлеўден бас тартыў дегени болады”, - деп жазған еди.
Демократияның жетекши принциплеринен бири - ҳәр бир пуқара мәмлекет исинде тең ҳуқықлы қатнасыўы ямаса өзиниң бул ҳуқықын әмелге асырыўы есапланады. Бул процессте критика ҳәм өз-ара критика демократияның басламасы сыпатында болыўы керек. Басқаша айтқанда, пуқаралар ортасында, пуқара ҳәм мәмлекет ортасында горизонтал ҳуқықлық мүнәсибетлер болыўы талап етиледи. Демократия пуқара ҳәм мәмлекет ортасында мүнәсибетлерге қарсы келеди. Өйткени, демократияның бир-бир дереги халық есапланады. Соның ушын демократиялық мәмлекет халық ҳәкимиятына тийкарланған мәмлекет болып табылады. Нызам алдында тең ҳуқықлылық лаўазымлы шахс ҳәм пуқара ортасында өз-ара исеним мүнәсибетлерин пайда етеди. (Нарзулла Жураев. Агар огоҳ сен…Портретга чизгилар. Сиёсий эссе. Т., 1998, 66 бет)
Демократияның улыўмаинсанийлық принциплери халқымыз миллий айрықшалықлары арқалы жүзеге шығады, яғный миллий қәсийетлер арқалы трансформация етиледи, қайта исленип жарияланады.
Демократиялық сайлаўларда ҳәм оның нәтийжесинде пайда болған ҳәкимият искерлигинде шығыслық руўхият пенен суўғарылған демократия принциплериниң орнаўы ушын гөне принциплерден, яғный лаўазымлы шахстан қорқыў, қәўипсиреў, оның кемшиликлерин ашық айтыўға батына алмаслық, тартыншақлық, орынсыз әндише усаған нормалардан дәўир, ўақыт талабы менен әстелик пенен қутылыў лазым болады. Сонда демократияластырыў, оны тереңлестириў сиясаты нәтийжеси болады, ҳуқықый мәмлекеттиң мәнәўий фундаменти беккемленеди. Бул процессте инсанның өз әдеп-икрамлылығын ҳәм қәдириятларын қайта баҳалаўы шешиўши орын тутады.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish