8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§4. Сиясат ҳәм ҳуқық мүнәсибети



Download 1,04 Mb.
bet26/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§4. Сиясат ҳәм ҳуқық мүнәсибети
Мәмлекет, ҳәкимият, оның бөлистириўи мәселеси ҳуқық, ҳуқықый сананың раўажланыў дәрежеси менен байланыслы. Марксизм ҳуқықты ҳүкимранлық етиўши класстың еркиниң нызам дәрежесине көтерилиўи деп жәриялады. Бул класслық, идеологиялық түсиник еди.
Ҳуқық жәмийетлик сананың бир формасы сыпатында инсаният раўажланыўының бирқанша кейинши басқышында келип шыққан. Ҳуқық тарийхий жақтан алғанда инсанның тәбийий ҳуқықы тийкарында пайда болған. Оның дәслепки көриниси мораль менен тиккелей байланыслы болған. Оның дәслепки көринисинен бири әдалат.
Жақсылық ҳәм жаманлық, әдиўлилик ҳәм жаўызлық, ар-намыс, ҳүждан ҳәм басқа қәдириятлар жүзеге шығыўы тәбийий ҳуқық, жәмийетлик мәп турғысынан баҳаланады. Усы мәнисте ҳәрқандай ҳуқықый нрма мораль нормаларына ғәрезли, бағынышлы болады.
Ҳуқық тарийхий жактан әдеп-икрамлылық сана кеңислигинде қәлиплескен болсада, өзиниң белгили бир ишки раўажланыў механизмине, нызамлылықларына ийе, салыстырмалы ғәрезсизликке ийе. Ҳуқықый сананың барлық көринислери бар системаны дүзеди.
Ҳуқық мәмлекет ҳәм оның сиясаты менен байланыслы. Бирақ бул мәмлекет ҳәм ҳуқық бир дегени емес, өйткени мәмлекет тек ҳуқықый ғана емес, тағы ол сиясий ҳәкимияттың көриниси.
Марксизм-ленинизм ҳуқық мәмлекеттиң пайда болыўы менен байланыслы дейди. Ҳаслында, ҳуқық ҳеш қандай сиясий система, мәмлекет пенен ажралмас байланыслы емес. Буның тийкарғы себеби инсанның тәбийий ҳуқықларының ҳәр қандай мәмлекеттиң ҳуқықларының тийкарын дүзиўинде.
Ҳәр қандай мәмлекет, егер ол инсаний болса, инсанның тәбийғый ҳуқықларынан келип шығады ҳәм өз жумысын соларды қорғаўдан баслайды.
Ҳуқық тәбиятына түрли көз-қараслар баршылық (феномологиялық, институтивистлик, экзистенциалистлик, позитивистлик, психоаналитикалық ҳәм прагматикалық). Оларда бир тәреплилик болсада, улыўма ҳуқық қубылысын толық түсиниўге хызмет етеди. Соның ушын болса керек раўажланған мәмлекетлерде бурынғы советлик аўқамға кирген еллерде жоқ болған нормалар бар. Мәселен, инсан органларын трансплантация қылыўды, аборт, ҳайўанларда илимий тәжрийбе өткериў, массалық эпидемия яки массалық руўхын бузғыншыларды келтирип шығарыўшы ис-ҳәрекетлерди шеклеўши ҳәм тәртипке салыўшы ҳуқықый нормалар бар.
Ҳуқық инсан ҳәм оның искерлигинен сырта бола алмайды. Ол инсан итияжларына хызмет қылады. Бирақ, дус келген итияжға ҳуқық дәрежесин бериўге болмайды. Ол жәмийетти мәнәўий кризиске алып келеди.
Ҳуқық турмыс талап етиўши жәмийетлик сана формасы. Ол инсан искерлигиниң барлық көринисинде бар. Инсан искерлиги бир ўақыттың өзинде ҳәм мәдений, ҳәм әдеп-икрамлылық, ҳәм ҳуқықый мәниске ийе.
Ҳуқықтың мәмлекет, оның сиясаты ҳәм формасы байланыслылығы айрым ўақытларда қарсылықларды келтирип шығарыўы мүмкин. Ҳуқық ҳәм нызам бир нәрсе емес. Ҳуқық ҳәм нызам ортасында диалектикалық бирдейлик ҳәм айырмашылық қатнаслары бар.
Ҳуқық философиясы көз-қарасынан қарағанда, ҳуқықтың раўажланыў дереги тек ҳуқықый әмелият, реал искерлик ғана емес, ал бар болған ҳуқық ҳәм нызамлар дизими ортасындағы қарсылықлар да болады. Бул қарсылықларды билиў ҳәм илимий баҳалаў теорияны раўажландырыўға, нызамларды жетилистириўге хызмет етеди. Бул қарсылық мәмлекеттиң натуўры, инсанға жат сиясаты тийкарында да болыўы мүмкин. Мыс: тоталитаризм, монархия. Олардағы нызамлар системасы ҳуқыққа қарсы келиўи мүмкин, бул жәмийетти кейинге, турғынлыққа тартады.
Соның ушын да, мәмлекет ҳаққында, оның сиясаты туўралы баҳаны реал ҳәрекеттеги нызамлар системасына қарай баҳа бериў керек.
Нызам шығарыўшы, орынлаўшы, суд ҳәкимияты тек бар нызамларға тийкарланып қалса, оларды жетилистириўге умтылмаса, оларды турмыс бийкарға шығарады. Нызамлар турмыслық болыўы лазым. Оларды тез өзгере бериў туўралы сөз болып атырған жоқ, ол нызам шығарыўшы орган олардың изшил, логикалық тийкарланған, заман талабына жуўап бериўи туўралы болмақта. Нызамлар арасында да өз-ара системалылық, субординация, уйғынлық болыўы шәрт. Ҳуқықтың методологиясы болған – ҳуқық философиясы ҳуқықый норма ҳәм категорияларды ғана емес, ал нызамлар системасында логикалық анализлеўи, улыўмаластырыўы, салыстырыўы, классификациялаўы лазым.
Сиясат философиясы ҳуқықый теория ҳәм ҳуқықый әмелият ушын методологиялық әҳмийетке ийе. Бул ўазыйпаны ҳуқықтаныўдың ҳеш бир саласы орынлай алмайды, ҳәтте мәмлекет ҳәм ҳуқық теориясыда. Себеби ҳуқық философиясында ҳуқық билиў, сиясат, мәденият, мораль, тарийх, дин, мәрипет, логика, экология ҳәм улыўма инсаният турмысы көз-қарасынан анализленеди. Бул болса мәмлекет ҳәм ҳуқықты бир пүтин тәризде түсиниўге ҳәм аңлаўға жәрдем етеди.
Сиясат бул орында мәмлекет, ҳәкимият ҳәм ҳуқықты интегралластырыўшы, ўазыйпалары бойынша уйғынластырыўшы қубылыс сыпатында жүзеге шығады.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish