8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


-ТЕМА. САЙЛАЎ СИСТЕМАСЫ ҲӘМ СИЯСАТ



Download 1,04 Mb.
bet27/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

6-ТЕМА. САЙЛАЎ СИСТЕМАСЫ ҲӘМ СИЯСАТ.


Реже:
1. Жәмийет турмысында сайлаўлардың роли ҳәм оның түрлери.
2. Көппартиялылыққа тийкарланған сиясий турмыс көринислери ҳаққында.
3. Демократиялық сайлаўларға итияж ҳәм шығыслық менталитет.
4. Сайлаў системасында миллий ҳәм улыўмаинсаный тәреплер және өлшемлер.


Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Асарлар тўплами. 1-17 том., Т., 1996-2010 жж.
2. Миллий ғәрезсизлик идеясы: тийкарғы түсиниклер ҳәм принциплер. Т., 2000
3. Абу Наср Фарабий. Фозил одамлар шаҳри. Т., 1993
4. Кодиров С.А. Сиёсат фалсафаси. Т., Янги авлод, 2002


Қосымша:
1. Аристотель. Политика. Афинская политика. М., Мысль, 1997
2. Жалалов А. Ўзбекистон: мустақиллик, маънавият, мафкура. Т., Ўзбекистон, 1994
3. Жумаев Р.З. Политическая система Республики Узбекистан: становление и развитие. Т., Фан, 1996
4. Жўраев Н. Юксалиш. Т., Ўзбекистон, 1995
5. Якубов М.А., Абаев С. Мәнаўият ҳәм идеология – күш-қуўат дереги. Нөкис, Қарақалпақстан, 2011-09-28
Сайлаў системасы қубылысына философиялық жантасыў мәмлекетлик сиясий дизимниң, улыўма сиясий ҳәкимияттың тәбиятын ҳәм мәнис-мазмунын объектив баҳалаўға ҳәм түсиниўге мүмкинлик береди. Өйткени, ҳәкимшилик етиўши сиясий системаның ҳақыйқый мәниси сайлаўларда жүзеге шығады.
Сайлаў системасы мәмлекеттиң ишки сиясатына, сиясий дүзилисине, пуқаралардың сиясий санасы ҳәм мәдениятына байланыслы болады. Ҳәмме мәмлекетлер өзлери өткерген сайлаўларды демократиялық лейди. Мәселен, совет мәмлекети де бизде дүньяда демократиялық сайлаўлар, дер еди. Бирақ, ҳаслында сайлаўлар әйтеўир сиясий ойын екени ҳәммеге мәлим еди. “Сайланатуғын” депутатлар жоқарыдан белгилеп қойылар, сайлаў ҳәм сайланыў системаның рәсмий ҳәм рамзий нәрсеге айланған еди. Себеби сиясий системаның бас буўыны - мәмлекет өз мәниси бойынша унитар ҳәм тоталитар формада еди. Совет дәўринде сиясатта тоталитаризм, бир партиялылық болып, алтернативалық сайлаўларға жол қойылмады.
Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин тарийхта биринши рет демократиялық сайлаўларға жол ашылды, оның ҳуқықый негизи дөретилди. Ҳуқықый негиз дегенде бәринен бурын Өзбекстан Республикасы Конституциясын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққындағы (1993 ж 28-декабрь), Халық депутатлары ўәлаят, туман ҳәм қала Кеңеслерине сайлаў ҳаққындағы (1994 ж 5-май), Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққындағы (1991 ж 18-ноябрь) нызамларды түсинемиз.
Биз бул лекцияда, ҳәзир бар болған сайлаў системалары туўралы сөз етемиз. Көпшилик авторлар сайлаў еки түрде – мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системалары бар деп есаплайды. Мәселен, А.Сайдов “Избирательное право в Республике Узбекистан: вопросы реформы законодательства и зарубежный опыт” (Т., 1993) атлы шығармасында усындай дейди ҳәм олардың араласпасы болған модельде болыўы мүмкин дейди.
Сиясат философиясы көз-қарасынан, бул мәселеге тереңирек қараў керек. Әне усындай қарағанда, қәлбеки сайлаў компаниялары, сайлаў дизимлериниң арқасында жасырынған сиясий ойынлар ҳийлекерликлери, алдаўшылықлар хожакөрсинлик бар екени раўшанласады. Сайлаў иси халық тәғдирин, инсанлардың турмыс дәрежесин белгилейтуғын мәселе. Оған итибарсызлық, өзи боларлылық, бийпарықлылық пенен қараў халық басына көп апатшылықлар алып келеди.
Сайлаў арқалы ғәрезли мақсетлерге, жеке мәп ҳәм итияжларды қандырыў советлик әмелдарлардың нийети еди. Бирақ бул нийетлер “халықлық”, “демократиялық”, “әдалатлы” деген нықап астында өтетуғын өтирик сайлаўлар арқалы әмелге асатуғын еди.
Авар Кадировтың пикиринше, (А.Кадиров. Сиёсат фалсафаси. Т., 2005) сайлаў системасының 2 емес, 3 тийкарғы формасы бар. Булар – мажоритар, пропорционал ҳәм унитар сайлаў системалары. Олар белгили бир конкрет сиясаттың типии менен байланыслы.
1) Мажоритар сөзи англичан тилинен алынған - көпшиликтиң қәлеўи, ерки дегенди билдиреди. Ол демократиялық типтеги мәмлекетлерге тән.
Мажоритар сайлаў системасы жағдайында ўәкалатлар тең бөлистириледи ҳәм бир який көп мандатлы округлер арқалы жасырын даўыс бериў жолы менен әмелге асырылады. Бунда көпшиликтиң ерки тийкарғы деп алынады. Мажоритар сайлаў системасы әмел қылған сайлаўларда азшылық көпшиликтиң еркине мойсынады.
Мажоритар сайлаў системасында бир емес, бир неше партия өз идеологиясы менен қатнасыўы мүмкин. Бул сайлаў системасының абзаллықларынан бир соннан ибарат, онда сайлаўда қатнасып атырған партия имкани барынша көпшилик сайлаўшылардың мәплерин сәўлелендириўге ҳәрекет қылады. Мажоритар сайлаў системасы жәмийеттиң экономикалық, сиясий мәнәўий ҳалатына унамлы тәсир көрсетеди. Буның себеби сонда, мажоритар сайлаў системасы арқалы миллий ҳәм сиясий бирликке ерисиледи, мәмлекетте демократия принциплериниң орнаўына тийкар жаратылады. Мажоритар сайлаў системасының кемшилиги: сайлаў нәтийжеси “50% плюс 1 сайлаўшы даўысы” қағыйдасы менен шығарылғанлықтан, азшылықты қураўшы сайлаўшылардың сайлаўда утылып қалыўын алдыннан ақ билиўге болады.
Мажоритар сайлаў системасы жәҳәнде кең тарқалған сайлаў формасы болып, өз тәбияты, әмелге асыў механизми бойынша демократияласқан, әдалатлы сайлаў дизими есапланады. Ҳәзир жәҳәнде көпшилик оны мақул көреди.
2) Пропорционал сайлаў системасында ўәкиллик органындағы (парламент, Кеңес) депутатлық орынлар ҳәр бир партияның ўәкиллериниң сайлаўда алған даўысларының санына қарай бөлистириледи. Бул ушын сайлаў квотасы (өлшем) белгиленеди. Мыс: Италия, Бельгия, Финляндия ҳ.т.б.
3) Унитар мәмлекетте барлық мәмлекетлик административлик органлар иси оғада орайласқан болады.
Унитар сайлаў системасы унитар мәмлекеттиң жолдасы. Кадировтың бул сайлаў системасын унамсыз түрде тәрийплейди ҳәм оны ҳәр қандай унитар мәмлекетке қолланыўы менен келисиў қыйын. Дүньяда унитар мәмлекетлер баршылық, олардың барлығында сайлаўлар демократиялық емес деўге болмайды. Дурыс, тоталитар унитар мәмлекетте унитар сайлаў дизиминде кандидатларды халық емес, бәлки ҳүкмран мәмлекетлик ҳәкимият яки ҳүкимран партия усынады.
Унитар мәмлекет ҳәм унитар жәҳәнде мажоритар сайлаў системасына усап кеңнен тарқалған. Унитар сайлаў системасының ҳәм унамлы, ҳәм унамсыз тәреплери бар. Оның унамсыз тәреплери: ол яки бул мәмлекет органына кандидат Орайдан көрсетиледи, жергиликли регион қәлеўи есапқа алынбайды. Унитар сайлаў системасының унамлы тәрепи: сиясий тәртипсизлик анархияға жол қойылмайды. Орайдан басқарылып ҳәм қадағаланып турған жәмийетлик тәртип турақлылық, тынышлық, татыўлықты тәмийинлейди. Унитар мәмлекет сайлаў системасы да рәсмий жақтан көпшилик сайлаўшылардың еркине ҳәм қәлеўине тийкарланады. Бирақ унитаризмниң айрым жағдайларда тоталитаризмге айланып кетиўи қыйын емес. Биз буны советлик дүзимнен айқын көре аламыз. Совет мәмлекети унитар мәмлекет типинен тоталитар мәмлекет типине өсип өтти. Союзлық республикалар ҳуқықы қағазда қалды. Сайлаўлар әйтеўир атына ғана өткерилди. Халық пикири ҳәм қәлеўи есапқа алынбады. Кимниң сайланыўы алдын ала белгиленди. Сайлаўға қызығыў жоғалып барды. Ҳүкимет ҳәм партияның ең жоқары лаўазымынан баслап район дәрежесиндеги барлық кандидатлар Орайда белгиленер ҳәм тастыйықланар еди.
Унитар сайлаў системасы өз өлшеминде болса, анархия болмайды. Мәселен, Япония ҳәм Францияны алсақ, оларда жергиликли басқарыў органлары менен бир қатарда Орайдан белгиленген ўәкиллер де искерлик жасайды. Буның нәтийжесинде Орай ҳәм жергиликли регион арасында теңсалмақлылық ҳәм уйғынлық ҳалаты пайда болады. Орай ўәкилиниң жергиликли орган менен бирге ислесиўи нәтийжесинде жергиликли мәмлекетлик орган ўәкиллериниң қрағылығы артады. Коррупцияға жол қойылмайды.
Әлбетте, буннан унитар мәмлекет, унитар сайлаў системасы абсолют абзал, деген жуўмақ шықпайды. Олар белгили бир мәнәўий ҳәм мәдений шәрт-шараятлар шегарасында унамлы нәтийже бериўи мүмкин. Белгили жағдайларды унитаризм тоталитаризмге, ҳәкимиятты, нызамларды биле тура надурыс пайдаланыўға, коррупцияға алып келиўи мүмкин.
Сайлаў дизиминде, ҳүкимет қурамын қәлиплестириўде орайластырыў, ўәкалатларды мәмлекет баслығы қолында абсолютлестириў қанша күшейсе, лаўазымлы шахслар арасында ҳәкимиятқа қыянет ислеўлер, коррупция соншелли раўажланады.
Демократиялық, ҳуқықый мәмлекетте сайлаў системасы да демократиялық, ашық, әдалатлы болыўы лазым. Сайлааўлар демократиялық тийкарда болыўы ушын инсанға сиясий ҳуқық ҳәм еркинликлер берилиўи, еркин ойлаўшылық көппартиялылық, сиясий турмыста плюрализм орнаўы лазым.
Сиясат философиясы көз-қарасынан қарағанда мажоритар, унитар, пропорционал ҳәм басқа сайлаўлар системасының ҳәммеси ушын бирдей болған бир сиясий дәстүр болыўы талап етиледи.
Сайлаўда бир неше партия қатнасыўы, сайлаў комиссиясы ағзалары барлық кандидатларға битәреплик қәлис мүнәсибетте болыўы керек. Олар ҳеш бир партия ўәкили болмаўы шәрт. Сонда сайлаўлар әдил өтиўи мүмкин.
Сайлаў системасы ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет дүзиўдиң сиясий ҳәм ҳуқықый қуралы. Демократиялық басқарыў демократиялық сайлаўлар арқалы ғана қәлиплеседи. Сайлаўлардың әдалатлы, нызамлар тийкарында өткерилиўи пуқараларды мәмлекет органларына ҳәм юридик шахсларға унамлы көз-қарасын пайда етеди. Демократиялық сайлаўлар – демократиялық мәмлекеттиң әҳмийетли белгиси.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish