§2. Көппартиялылық, оның унамлы ҳәм унамсыз тәреплери
Көппартиялылық – демократияның элементи. Көппартиялылық дегенде - ҳәкимият ушын болатуғын сиясий гүрес процессинде партиялар тең конституциялық ҳуқыққа ийе болған ҳалат түсиниледи. Ол жәмийетке унамлы тәсир етеди, жеке сиясий ҳәкимшиликке жалғыз идеологияның пайда болыўына жол қаймайды.
Демократиялық раўажланыў жолына өткен мәмлекетлерде көппартиялылыққа кең имканиялар берилген болып, сайлаў компанияларыда сол тийкарда өткериледи. Бирақ ҳәкимият ушын болған сайлаўларға барлық партиялар емес, бәлки 2 який 3 партия тийкарғы даўагер болып қатнасады. Мыс: АҚШта Республикашылар ҳәм демократлар партиясы үлкен абыройға ийе. Олар арасында конструктив оппозиция мүнәсибетлери бар болып, екеўи де сайлаўларда имканы барынша көп даўыс алыўға умтылады. Еки партия да АҚШ қүдиретин асырыўға умтылады. Бул ҳалат сиясий турмысқа унамлы тәсир етеди. Партиялар арасындағы конкуренция сиясий турмысқа унамлы тәсир етеди. Өз-ара критика ҳәм өзин-өзи критика ең кең қәтеге жол қойыўға умтылады. Сиясий философия көз қарасынан қарағанда, бундай сиясий процесслерде диалектиканың тийкарғы принциплеринен бири – қарсылықтың раўажланыў дереги екенлиги және бир рет дәлилленеди.
Көппартиялылыққа тийкарланған сиясий турмысты ҳәм демократиялық сайлаўларды мәмлекетимизде әмелге асырыўда сиясий философияның табысларын бийкарлаў мүмкин емес. Себебеи сиясатта көппартиялылыққа өтиўдиң өзи философияның тийкарғы приннциплеринен бири – қарсылық принципиниң тән алыныўы, қарсылықлардың раўажланыў, жетилисиўдиң дереги ҳәм тийкары екенлигиниң аңланыўы болады. Диалектиканың нызам ҳәм принциплериниң ойлаў, соның ишинде сиясий пикир жүритиў ушын да универсал әҳмийетин тән алмаўдың илажы жоқ. Сиясат философиясы сиясий процесслер, атап айтқанда сайлаў процесслериниң де жәмийеттиң объектив нызамлары тийкарында жүзеге шығыўын ҳәм инсан ой-пикириниң бул нызамлылықлар тийкарында болыўын анализлейди.
Көппартиялылық өз мәниси бойынша тоталитаризмге қарсы, оның менен сыйыспайтуғын қубылыс. Көппартиялылық сиясий пикирлердиң көп түрлилигине, яғный сиясий плюрализмге тийкарланған болады. Сиясий плюрализм дегенде түрли партиялардың мәмлекетлик ҳәкимият ушын болатуғын конкурентлик гүреси түсиниледи. Сиясий плюрализм төмендеги сиясий талапларға тийкарланады:
а) адамлардың түрли партия ҳәм жәмийетлик шөлкемлерге бирлесиў еркинлиги;
б) алтернатив сиясий партиялардың еркин искерлик жүритиў ҳуқықы болыўы;
в) ҳәкимиятта сиясий күшлер ролиниң өзгериўи ушын шараятлардың бар болыўы.
Сиясий плюрализм түрли мәмлекетлерде түрли дәрежеде раўажланады. Сиясий плюрализмниң жумсақ, нрмал формалары менен бир қатарда, оғада қатаң жумсақ емес формаларыда бар. Сиясий плюрализмниң оғада фрагментар, яғный бир бөлеги жүзеге шығатуғын көриниси Россия, Малайзия усаған мәмлекетлерде бар. Сондай-ақ, атына ғана көппартиялық, ҳаслында бир партияның жеке ҳәкимлиги Қытай, Корея халық демократиялық республикасы, Кубада орын алмақта.
Көппартиялық мәселесинде философияның өлшем категориясының методологиялық әҳмийетин умытыў лазым. Сиясий плюрализм жоқары сиясий мәдениятқа тийкарланған конкуренция, жәмийетти алға илгерилетиўши қубылыс деп түсиниў лазым. Егер көппартиялылық сиясий анархияға, ҳәкимиятқа қыянет етиўге, кризиске алып барса, онда ол жаўызлық болады. Егер көппартиялылық түрли партиялардың жәмийет ушын қайғырыўына, халық турмысын жақсылаўға умтылыўына бағындырылса, онда ол сөзсиз, әдиўлилик болады.
Көппартиялылықтың әдиўли белгилери тек ғана белгили бир сиясий ҳәм мәдений шараятларда жүзеге шығады. Бундай шараяттың тийкарында жоқары сиясий мәденият ҳәм мәнәўият, ҳуқықый демократия, инсан ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине кепиллик бериў усаған принциплер жатады.
Do'stlaringiz bilan baham: |