8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


-ТЕМА: СИЯСИЙ ФИЛОСОФИЯЛЫҚ АҒЫМЛАР ҲӘМ СИЯСИЙ ИДЕОЛОГИЯ



Download 1,04 Mb.
bet31/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

7-ТЕМА: СИЯСИЙ ФИЛОСОФИЯЛЫҚ АҒЫМЛАР ҲӘМ СИЯСИЙ ИДЕОЛОГИЯ

1. Сиясий идеология, оның функциялары ҳәм дәрежелери.


2. Сиясат ҳәм идеологияның байланысы.
3. Сиясий философиялық ағымлар ҳәм олардың идеологиялық концепцияларда сәўлелениўи;
а) либерализм ҳәм неолиберализм.
б) консерватизм ҳәм неоконсерватизм.
в) социал-демократия.
г) миллий идеологиялар.
д) экологиялық-сиясий идеологиялар.
е) диний-сиясий идеологиялар.
4. Президент Ислам Каримов шығармаларында миллий идея ҳәм миллий идеология мәселелериниң исленип шығылыўы.


Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Өзбекстанның өзиниң жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолы. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 1993.
2. Каримов И.А. Жамиятимиз мафкураси халқни-халқ, миллатни-миллат қилишга хызмат этсин. Т., “Ўзбекистон”, 1998.
3. Каримов И.А. Ўзбекистон XXI аср бўсағасида… Т., “Ўзбекистон”, 1997.
4. Каримов И.А. Миллий истиқлол мафкураси – халқ эътиқоди ва буюк келажакка ишончдир Т., “Ўзбекистон”, 2000.
5. Каримов И.А. Юксак маънавият – енгилмас куч. Т., “Маънавият”, 2008.
6. Каримов И.А. Мамлакатимизда демократик ислоҳотларни янада чуқурлаштириш ва фуқаролик жамиятини ривожлантириш концепцияси. Олий Мажлиси Қонунчилик палатаси ва Сенатининг қўшма мажлисидаги маърузаси. Т., “Ўзбекистон”, 2010.
7. Кирғизбоев М. Фуқаролик жамияти. Сиясий партиялар, мафкуралар, маданиятлар. Т., “Шарқ”, 1998
8. Миллий истиқлол ғояси: асосий тушунча ва тамойиллар. Т., 2000
9. Қодиров С. Сиясат фалсафаси. Т., Янги авлод, 2002.
10. Гаджиев К.С. Политическая философия. М., Экономика, 1999.
11. Якубов М.А., Абаев С.А. Мәнәўият ҳәм идеология – күш-қуўат дереги. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 2011.
Дүньяда кеңнен тарқалған сиясий философиялық, идеологиялық ағымлар болған либерализм, консерватизм, социал-демократизм қурамалы, көпбағдарлы қубылыслар болып, олар түрли көринислерде жүзеге шығады. Бул сиясий философиялық, идеологиялық қубылыслардың ҳәрқайсысы идеялар, принциплер, қағыйдалар комплексинен турады, олар түрли сиясий партиялардың ҳәм социаль-сиясий күшлердиң программаларының негизинде турады. Оларға еле де терең баҳа беретуғын болсақ, онда оларды социаллық-сиясий дүньяны түсиниўдиң ҳәм қабыл етиўдиң типии ҳәм формасы болып табылады. Сол бир ўақыттың өзинде олар ҳәкимшилик етиўши парадигмалар тийкарында қәлиплестирилген який баян етилген теориялар, доктриналар, сиясий идеологиялар, сиясий программалар болып табылады.
Биз сөзди сиясий идеология түсинигин анализлеўден баслаймыз. Сиясий идеология түсиниги ҳаққындағы мәселе сиясий пәнниң ең әҳмийетли мәселелеринен есапланады. Бул мәселе адамлар ортасында қызғын, қарама-қарсы пикирлерге, тартысларға себеп болып келген ҳәм бүгинги күнде де усындай болып қалмақта. Биз усы мәселениң мазмуны, мәниси ҳәм тийкарғы көринислери ҳаққында тоқталып өтемиз.
Ҳәзирги заман сиясий дүньясын идеологиясыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Әзелден ҳәкимиятқа келген күшлер өзлериниң сиясий курсын тийкарлайтуғын, ақлайтуғын, ҳәкимиятты легитимлестиретуғын идеологияға мүтәж болған. Соның ушында, сиясий илимде, әсиресе сиясий философияда сиясат ҳәм идеология ара қатнасығы мәселеси айрықша әҳмийете ийе болып келген, ҳәзирде солай. XX әсирди идеология әсири деп айтыў, буның жарқын дәлили. Бул әсирде идеологиялар әйтеўир гүресип қоймастан, керисинше өз-ара урыс жүргизеди.
Сиясий идеология дегенимиз не? Ол қандай ўазыйпаларды орынлайды?
Сиясий идеология – сиясий пәнниң ең қурамалы мәселелеринен бири есапланады. Бул ҳаққында әдебиятларда ҳәр қыйлы көзқараслар бар. «Идеология» атамасы грекше «идея» ҳәм «логос» сөзлериниң бирикпесинен алынған болып, идеялар ҳаққындағы тәлиймат деген мәнини аңлатады. Бул атама, ең биринши рет 1797-жылларда француз революциясы дәўиринде француз философы, экономисти Антуан Дестют де Трасси (1754-1836) тәрепинен илимий айланысқа киргизилген. Сол ўақыттан баслап бул қурамалы руўхый қубылыс ҳаққында ҳәр қыйлы көзқараслар пайда бола баслады. Экономикалық детерменизм тәлийматы идеологиялық ағымлардың жәмийетлик топарлардың, материаллық топарлардың шәрт-шараятлары менен байланыслы екенлигинен келип шығады. Ол бул ағымларды улыўма жәмәәт мәплерин қорғаўшы теориялық көзқараслар сыпатында тәрийиплейди. Жәмийетлик топарлардың жәмийетте тутқан орнына қарай (егер класс жәмийетлик раўажланыўының жетекши тенденцияларына сәйкес келетуғын мәплерге ийе болса) экономикалық детерменизм идеологияның бир тәреплеме екенлигин итибарға алған ҳалда оның теориялық билим ўазыйпасын атқарыў мүмкиншилигин илгери сүреди.
Бүгинги күнде де батыс политологиясында идеологиялық ағымлардың дереклери ҳәм дәрежеси ҳаққындағы пикир таласлар еле тоқтағаны жоқ.
Неоанархизм тәрепдарлары ушын идеология ғалабалық сананың жемиси болып көринеди. Либерал позитивистлик дәстүрлерге көре, идеология - жәмийетлик ҳәм сиясий шараятларға байланыслы болмаған, тарийхтан жоқары турыўшы қубылыс сыпатында тәрийипленеди.
Неомакиавиализм (Р.Моска, Р.Михельс, В.Парето) сананың эстетик ямаса диний формаларын да сиясий идеологияның өзине тән көринислерден анализ етеди. Батыста идеологияны сиясатта айрықша әҳмийетке ийе болмаған «Ҳәкимияттың хызметкери» сыпатында тәрийиплеўшы көзқараслар да кең тарқалған. Усының менен бирге, Батыс политологиясында идеологияны унамсыз тәрийиплеў орын алды. Мәселен, идеология менен пәнди бир-биринен кескин айырып қойыў, идеологияның билиў ўазыйпаларына гүман менен қараў да оларды бийкарлаў болып табылады. XX әсир басларынан-ақ М.Вебер идеологияны ҳәм басқа идеялық, диний дүзилмелерди соқырларша исениў тараўына кириткен еди. Буның менен ол идеологияның илимийлиги мәселесин қойыўды да бийкарлайды. Усы тараўдың белгили қәнигеси К.Мангейм М.Веберден кейин ҳәр қандай идеологияны ўақыялықтың неадекват (туўры емес), бир тәреплеме сәўлелениўи сыпатында, ўақыялардың ҳақыйқый аўҳалын саналы рәўиште жасыратуғын идеялар жыйындысы сыпатында алып қарайды. Идеологияның жәмийетлик-тарийхый дереклерин шетке сүрип қойып, оны жәмийетти бирлестириўши қурал сыпатында (О.Лемберг, Т.Парсонс) ҳәдден зыят функционал анализ етиўлер де кең тарқалған.
Идеологияны айырым топарлар ҳәм индивидлердиң психологиясынан (Р.Пайс, Д.Браун) ибарат деп көрсетиў жағдайлары да аз емес. Усының менен бирге, илимий әдебиятларда идеологияны халықтың, миллеттиң дүньядағы орнын, мәплерин, арзыў умтылыўларын сәўлелендиретуғын идея, өтмиш ҳәм келешекти байланыстыратуғын көпир сыпатында тәрийиплеўлер де бар. (Каримов И.А. Жәмийетимиз идеологиясы халықты – халық, миллетти миллет қылыўға хызмет етсин. Т., “Ўзбекистон”, 1998)

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish