8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология



Download 1,04 Mb.
bet32/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Сиясий идеология ол яки бул социаллық топарлардың мәплерин сүўретлеўши, қорғаўшы ҳәм көпшилик адамлардың индивидуал ой-пикирлери ҳәм ис ҳәрекетлерин ҳәкимияттан пайдаланыўдың белгили бир мақсет ҳәм ўазыйпаларына бойсындырыўды талап етиўши системаласқан идеялар ҳәм көз-қараслардың жыйнағынан ибарат.
Қысқаша етип айтқанда, сиясий идеология – бул белгили бир социаллық топардың ҳәкимиятқа умтылыўын яки оннан пайдаланыўын тийкарлаўшы ҳәм сиясий ҳәрекеттиң ол яки бул стратегиясын нәзерде тутыўшы идеялық система болып табылады. Сиясий идеологиялар жәмийетлик турмыста белгили бир функцияларды орынлайды. Олардан төмендегилерди ажыратыў мүмкин:
1. Аны3ла7. Бул функцияның мәниси идеология, жәмийет, жәмийетлик раўажланыў, инсан, ҳәкимият ҳаққындағы фундаментал тәсирлерди өз ишине алады, ол инсан хызметиниң мәнис-мазмун ҳәм нормаларын көрсетип береди.
2. Мобилизациялаў. Жақсы жәмийет идеялын усыныс ете турып, сиясий идеология сиясий хызметтиң тиккелей мотиви сыпатында шығады ҳәм оны әмелге асырыў ушын жәмийетти, жәмийетлик топарларды бағдарлап отырады.
3. Бирлестириў. Усынылып атырған дүньяның тийкарғы көриниси шегарасында сиясий ҳәрекетке мәнис берип, сиясий идеология өз көлеминде ҳәр қандай жеке яки топарлық мәптен үстин турады. Сиясий идеология жеке мәплерге қарсы турады, усының менен бирлестириўши фактор болып жүзеге шығады.
4. Амортизациялаў. Сиясий идеология жәмийет, топарлар, индивид талапларын ҳәм оларды қанаатландырыўдың анық имканиятлары ортасында келиспеўшиликлер пайда болған жағдайдағы жәмийетлик кескинликти жумсатыўға хызмет етеди.
5. Белгили бир жәмийетлик топар мәплерин сәўлелендириў ҳәм қорғаў. Буның мәниси, сиясий идеология ол яки бул жәмийетлик топар мәплери тийкарынан пайда болады ҳәм оларды басқа топарлар мәплерине қарама-қарсы қойыўға шақырылған.
Идеология өзиниң функцияларына қарай пәннен парық қылады. Егер пәнниң функциясы – ҳақыйқатты излеў болса, идеологияның функциясы – халықтың сиясий санасын ийелеў, оған жәмийеттиң бүгинлиги ҳәм келешектеги раўажланыўын баҳалаў, өзиниң өлшемлерин жәрия етиў, сиясий мәканда адамлардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын белгилеў болып табылады. Топарлық характерге ийе бола турып идеология әмелге асырмақшы болған жолдың туўры ҳәм анық образын жаратыўға, оның ол яки бул класс, миллет, мәмлекет мәпине сай келиўине умтылады. Бул бойынша идеология ол яки бул идеялар ҳәм қәдириятларды таратыў менен шегараланып қалмай, бәлким пуқаралар, партиялар ҳәм басқа сиясий дүзилмелердиң мақсетке муўапық хызмети менен шуғылланады. Идеология өзиниң сиясий функцияларын орынлаўы менен жәмийетти я қандай да бир жәмийетлик, миллий топарлардың мәплери тийкарында яки халықтың белгили бир жәмийетлик-экономикалық топарларына сүйенбейтуғын саналы рәўиште ислеп шығылған мақсетлери негизинде бирлестириўге умтылады. Халықты реал бирлестириў қәбилети идеологияның идеясы ҳәм қағыйдалары адамлардың жақсы турмыс тәризи ҳаққындағы күнделикли көзқараслары ҳәм сезимлерине қаншелли сәйкес келиўине байланыслы.
Ҳәр бир идеология туўры теориялық тийкарланған қағыйдалардан тысқары, халыққа тек исениў ушын усыныс етилетуғын мақсет ҳәм идеяларды да өз ишине алады.
Сиясий идеологияның әмелге асырыў дәрежелери бир қыйлы емес. Ол теориялық-концептуал, дәстүрли-директивалық ҳәм минез-қулық дәрежелерине сүйенеди. Теориялық-концептуал дәрежеде ол яки бул класс, жәмийетлик қатлам, миллет, мәмлекеттиң мәплери хәм идеяларын ашып бериўши тийкарғы қағыйдалар әмелге асады. Дәстүрли-директивалық дәрежеде жәмийетлик-философиялық принциплер ҳәм идеялар сиясий элитаның анық дәстүрлери ҳәм талапларына айландырылады ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиў, бәршениң сиясий минез-қулықларына бағдарлаў ушын идеялық тийкар болып хызмет етеди. Идеологияның әмелге асырылыўының усы дәрежеси «Сиясаттың жаратыўшы элементи» деп анализ етиледи. Минез-қулық дәрежеде бул идеология мақсетлери ҳәм принциплери пуқаралар тәрепинен өзлестирилди, сондай-ақ олардың жәмийеттиң сиясий турмысында қатнасының ол яки бул формалары өз көринисин табады.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish