Пикирлеў, аңлаў дәрежеси. Бунда шахс тәрепинен сиясат дүньясында өз орнын анықлап алыў, ол яки бул бағдардағы сиясий бағдарларды ҳәм сиясий минез-қулық нормаларын анықлап алыў жағдайы жүз береди. Усы дәреже өзинен кейингилери ушын тийкар болып хызмет етеди.
Пуқаралық дәрежеси. Бул дәрежеде сиясий мәденияттың тийкарғы өзеги қәлиплеседи. Усы дәреже адамлардың сиясий ҳәкимиятқа мүнәсибетин белгилеп береди. Инсан сиясат дүньясы менен дус келип, турақлы рәўиште оған жәмийеттиң сиясий системасына, сиясий ҳәкимият имканиятлары ҳәм ўәкилханаларына салыстырмалы түрде өз қатнасықларын қәлиплестиреди.
Сиясий дәреже. Бул дәрежеде инсанның сиясат дүньясына болған қатнасықлары қәлиплескен қәдирият дәрежесине көтериле баслайды. Инсан өзин сиясаттың субъекти сыпатында қабыл ете баслайды. Бул дәрежеде инсан ҳәм сиясат ортасындағы өз-ара қатнаслардың барлық тәреплери айдынласады. Инсан турмысында сиясат өз орнына ийе болады. Адамлардың сиясий қәдириятлардан келип шығыўшы нормалары олардың сиясий психологиясында тиккелей сәўлеленеди.
Сиясий мәденияттың дәрежелериниң өзине тәнлилиги оның модельлери ҳәм түрлерине қарай отырып бир-биринен мәлим дәрежеде парық қылады. Бүгинги күнге келип топланған билимлер эмпирикалық дереклерге сүйенген ҳалда, сиясий мәденияттың тоталитар-авторитар, либерал-демократиялық, шығысқа тән сиясий мәденият модельлеринен мысал келтириў мүмкин.
Сиясий мәденияттың тоталитар-авторитар модели – ең дәслеп онда шахстың индивидуал тәреплери жасалмаласқан жағдайда бузылады.
Екиншиден, жәмийеттиң сиясий қәдириятлары да сиясий сана орайласқан тәризде мәмлекет тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм оның тийкарында мәмлекет мәплери инсан социаллық топар мәплеринен үстин қойылады.
Үшиншиден, жәмийетте хабар менен тәмийинлеў жумысы ҳәкимият тәрепинен белгилеп берилген тек ғана бир бағдарда алып барылады ҳәм мәмлекет тәрепинен монополияластырылады ҳәм де жеделлестирилген рәўиште сиясий цензура әмелге асырылады.
Төртиншиден, сиясий турмыс бир қәлипте кешеди. Жәмийеттиң сиясий мәденияты ҳеш қандай бәсекилессиз жоқарыдан турып қәлиплестириледи.
Бесиншиден, халықтың көпшилик бөлегиниң сиясий мәденияты пәс болады.
Алтыншыдан, сиясий мәденияттың тоталитар-авторитар модели сыртқы дүньядан жасалма жол менен ажыратылып қойылған болады ҳәм «сиясий мәдений мәкан» ваккумлестирилген жағдайда болады.
Сиясий мәденияттың либерал-демократиялық модели – пуқаралардың сиясий ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўға қарай бағдарланыўы менен ажыралады. Бул модель төмендеги тәреплери менен характерленеди.
Бириншиден, жәмийеттиң сиясий мәденияты ҳәм қәдириятлары демократиялық тийкарда қәлиплестириледи. Мәмлекет мәплери жәмийет, жеке адам, социаллық топарлар мәплери менен тиккелей сәйкес ҳалда болады.
Екиншиден, жәмийет кең көлемли хабар системасынан пайдаланыў имканиятына ийе болады.
Үшиншиден, жәмийеттиң сиясий системасы демократиялық характерге ийе болып, оны раўажландырыў ушын тийисли жағдайлар жаратылған болады.
Төртиншиден, сиясий мәденияттың бул модели сыртқы сиясий мәдениятлар ушын өзиниң «ашықлылығы» менен характерленеди. Айырым жағдайларда, мәселен сыртқы қәўиплер яки социал-экономикалық кризис жағдайларында, басқа да қәўипли жағдайларда либерал-демократиялық сиясий мәденият модели шеңберинде авторитар модель элементлери де жаңаланыўы мүмкин. Бул жағдайды, биз, мәселен жәмийет турмысындағы мәмлекеттиң араласыўының кеңейиўи нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң мәлим дәрежеде шеклениўи жағдайында да көриўимиз мүмкин.
Шығысқа тән мәденият модели. Бул модель Өзбекстан халықларының өзине тән сиясий мәденияты көп әсирлик раўажланыў жолын басып өткен оғада бай мәдений-руўхый мәканда қәлиплескен. Бизиң уллы ата-бабаларымыз сиясий ақыл-ой, диний көзқарас пенен билимлиликти, шығысқа тән данышпанлықты өз қәлбине сиңирген. Олар сиясий мәденият, оның нормалары, факторларына байланыслы болған әмелий турмыста қолланылып келинген бир пүтин илимий философиялық сиясий ой-пикирлер жыйнағын жаратып берген. Мәселен, уллы данышпан бабамыз Абу Наср Фарабий өзиниң «Пазыл адамлар қаласы» мийнетинде мәмлекеттиң ҳақыйқаттан да «пазыл» болыўы ушын оның халқының улыўмалық мәдений дәрежеси, сондай-ақ сиясий мәденияты жоқары болыўы кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, Фарабий мәмлекет басшысы болатуғын шахслар ушын сиясий мәденият дәрежесиниң жоқары болыўы кереклигин, сондай-ақ бул дәрежениң өзине тән нормаларын тийкарлап берген.
Уллы алым Юсуп Ҳас Ҳажибтиң «Қутадғу билиг» мийнетинде, Амир Тимурдың «Тузук»леринде А.Наўайының, Бердақтың көпшилик мийнетлеринде «сиясий мәденият» деп аталатуғын түсиниклердиң өзине тән элементлери ҳаққында, оның адам минез-қулқындағы, өз-ара қатнасларындағы көринислерин сүўретлеген идеялары берилген. Бул идеялардың пайда болыўында, әлбетте халқымыздың, ата-бабаларымыздың өзине тән турмыс тәризи, этно-психологиялық өзгешеликлери, ой-пикир тәризи ҳәм жәмийетлик сиясий санасы шешиўши рол ойнаған. Халқымыздың өзлигин белгилеўши шығысқа тән дүньяға көзқараслары нәтийжесинде қәлиплескен сиясий мәденият тийкарларын төмендеги тәреплерден көриўимиз мүмкин. Онда сиясаттың жоқары тәрбиялық тийкарда қурылыўы лазымлылығы ҳаққындағы идеяға тийкарланады. Бунда:
Бириншиден, ата-бабаларымыздың сиясий ой-пикириндеги мәмлекет басшысы сиясатындағы әдалат ҳәм инсап мәселеси шешиўши орайлық орынды ийелеген. Мәмлекетимиз басшысы И.А.Каримов атап өткениндей: «Әдалат ҳәм ҳақыйқатқа умтылыў болса халқымыз тәбиятының ең әҳмийтли пазыйлетлеринен бири. Өтмиште жоқары әдалат идеясы ҳәмелдар адамларға қойылатуғын талап ҳәм баҳаның тийкары болған. Ол мәмлекетшилик тийкарларын белгилеп, ислам қағыйдаларының ҳәм шараят нормаларының негизин қураған».
Екиншиден, сиясий даў-жәнжеллерге тақатсызлық сиясий тең салмақлылықты сақлаў, сиясий тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиўдиң жолларын излеп табыў, сиясий процесслерге терең ойлап қатнас жасаў, онда көпшилик мәплерине ҳүрмет сезимин қәлиплестириў.
Үшиншиден, өзиниң жоқары мақсетлеринде күнделик турмысында сиясий басшыға сүйениў, оннан бәрқулла әдалат күтип жасаў ҳәм оған деген терең ҳүрмет-иззет көрсетиў ҳәм сиясий психологияда күшли адамгершилик сезимлерин пайда етиў.
Төртиншиден, сиясий еркинликти тәрбиялық нормаларда қабыл етиў.
Бесиншиден, кеңпейиллик, халық аралық татыўлық ҳәм исенимге ерисиўдеги күшли ийкемлесиўшилик.
Жоқарыда келтирилген өлшемлерден шығысқа тән сиясий мәденият тийкарлары инсан жаратқан ақыл-ойдың ең жоқары тәреплерин өз ишине қамтығанлығы көринип турады.
Сиясий мәденияттың модельлери менен бир қатарда оның түрлери де бар.
1. Сиясий мәденияттың «жабық» түри - өзиниң сиясий тәрептен ваккумленгенлиги менен характерленеди. Сиясий мәденияттың басқа түрлерине қарағанда келисимсиз болады, оларды пүткиллей қабыл ете алмайды. Өзиниң тар миллий қабығынан шыға алмайды.
2. Сиясий мәденияттың «ашық» түри. Сиясий мәденияттың басқа түрлерин дөретиўшилик жақтан қабыл ете алады. Бул мәденияттың түри бәрқулла өзин-өзи мазмуны жағынан байытып барыў өзгешелигине ийе. Сондай-ақ, сиясий ўақыялардың өзгерген жаңа реаллықларын қабыл ете алады ҳәм социаллық сиясий тәрептен ҳәрекетшеңлиги менен ажыралып турады.
3. Сиясий мәденияттың патриархал түри – оншелли раўажланбаған, руўхый мәденияты, қәдириятларын ийе болмаған халықларға тән болып, онда сиясий активлик жағдайы пүткиллей болмайды. Сиясий қәдириятларға, сиясий норма ҳәм институтларға қызығыў билдирмейди.
4. Актив сиясий мәденият түри – пуқаралар жәмийетиниң сиясий турмысында актив рәўиште жеке араласыўға умтылыўы күшли болады. Сол арқалы жәмийеттиң сиясий системасында мәлим бир сиясий статусқа ийе болыўды мақсет етеди. Жоқарыда көрсетилген мәденияттың түрлери турмыста сап ҳалында бир түрдеги көриниси жүдә кем ушырайды. Пуқаралық мәденияты эффектив жағдайда сиясий мәденияттың басқа түрдеги әҳмийетли элементлерин өзлестирип алады ҳәм сиясий тәртиптиң конструктив рәўиште хызмет көрсетиўине жәрдем береди.
Сиясат, әдеп-икрамлылық (мораль), қәдириятлардың байланысы оғада актуал мәселелерден болып табылады.
Мораль (латынша «mores» - «әдеплер») - жәмийетлик сананың формасы болып, онда социаллық турмыстың этикалық сапасы (әдиўлилик, жақсылық, әдиллик ҳ.т.б.) сәўлеленеди. Мораль (яки әдеп-икрамлылық) дегенимиз адамлардың бир-биреўине ҳәм жәмийетлик қатнасындағы миннетлерин белгилейтуғын жасаў қағыйдалары, нормаларының жыйнағы болады. Мораль адамлардың ис-ҳәрекетине баҳа (оценка) береди, вето қояды.
Do'stlaringiz bilan baham: |