15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


II-бап. МИЙНЕТ ҲӘРЕКЕТИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ



Download 0,79 Mb.
bet170/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   166   167   168   169   170   171   172   173   ...   198
Bog'liq
Miynet

II-бап. МИЙНЕТ ҲӘРЕКЕТИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ


2.1. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў принциплери ҳәм тийкарлары


Мийнет ҳәрекети дегенде инсанды қандайда бир мийнет түри менен бәнт болыўы түсиниледи. Мийнет ҳәрекети инсанның шешилетуғын ўазыйпалар ҳәм орынланатуғын жумыслар жыйындысынан ибарат.
Мийнет ҳәрекетиниң әҳмийетин улыўмаластырылған ҳәмде конкрет формада алып қаралатуғын болса, бир-бири менен байланыслы еки әҳмийетли ўазыйпаны шешиўдиң объектив зәрүрлиги менен белгиленеди.
Бул ўазыйпалардан бири – инсанлардың материаллық мийнет элементлери менен өз-ара ҳәрекетке кирисиўин анықлаўдан ибарат болса, екиншиси – биргеликте ямаса өз-ара байланысқан ҳәрекет қатнасыўшылары ортасында қатнасықлары қәлиплесиўден ибарат. Мине усы нәрсе мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў предмети есапланады. Оның әҳмийети мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў ўазыйпасына (кең мәнисте алғанда) мийнет субъектин (айырым хызметкер ямаса мийнет жәмәәти) анықлаў, оны зәрүр мийнет предметлери ҳәм қураллары менен тәмийинлеў, қолайлы мийнет шараятларын жаратып бериў, мийнет (жумысларды орынлаў) процесслерин шөлкемлестириў, мийнетке ҳақы төлеў сыяқлы мәселелерди үйрениў bilаn байланыслы.
«Шөлкемлестириў» түсиниги французша оrganizasation, латынша оrganizo-тәртипке келтиремен” сөзинен келип шыққан. Бул түсиник бир пүтинлик ишинде өз-ара қатнаслардың жүзеге келиўи ҳәмде жетилисиўине алып келетуғын процесс ямаса ҳәрекетлер жыйындысын аңлатады. Шөлкемлестириў дегенде биргеликте әмелге асырыўшы анық қағыйда ҳәм принциплер тийкарында, қандайда бир анық мақсетке қарай ҳәрекет етиўши адамлардың бирлескен ҳәрекети түсиниледи. Соған қарай, функционаллық көз-қарастан, шөлкемлестириў ишки тәртиплерди орнатыў ҳәм жетилистириў процесси болып есапланады. Соның ушын, мийнетти шөлкемлестириў атамасы адамлар ҳәрекетин тәртипке салыў ҳәм анық системаға келтириўди аңлатады. Бирақ, бундай анықлама ҳәдден тысқары улыўма болғанлығы ушын оны жетилискен деп болмайды.
«Мийнетти шөлкемлестириў» түсинигиниң пайда болыў тарийхына тоқталғанда, әлбетте, бул мәселениң тийкаршысы сыпатында Ф.Тейлордың (1856-1915) аты тилге алынады. Ф.Тейлор мийнетти «илимий басқарыў» машқаласын әмелий жақтан тийкарлап берген болып, ол экономикада әҳмийетли орын тутады. Бирақ, Ф.Тейлор көзде тутқан илим тараўын экономикада ҳәдден тысқары тарайтырып қойған. «Ақылға муўапықластырыў» атамасы бул пәнди туўры атаў машқаласын қурамаластырады, бул атама дәслеп Германияда қолланылған болып, кейин ол белгили дәрежеде басқа мәмлекетлерге де жайылды. Бул атама усыған шекем анық емес ҳәм улыўма түстеги мазмунға ийе еди, оны ҳәр қандай жақсыланыўға қарай қоллаў мүмкин. Соны да айтыў керек, раўажланған сырт еллерде ҳәзирги ўақытта «мийнетти илимий шөлкемлестириў» ямаса «мийнетти шөлкемлестириў» атамалары дерлик қолланылмай атыр.
Бул машқала жүдә көплеген ҒМА мәмлекетлери, соннан, Өзбекстанда да бар. Оннан түрли дәрежелерде орын тутатуғын ҳәр қыйлы ҳәдийселерди атаў ушын пайдаланылады. «Шөлкемлестириў» атамасы айырым кәрхана, мекеме, фирма ҳәм улыўма жәмийетке қарай қолланылады. Соның менен бирге, гәп түрли объектлер: мийнет, өндирис, басқарыў ҳаққында барыўы мүмкин.
Турмыс (жасаў) бир жерде тоқтап қалмайтуғынлығы белгили. Соның ушын дәслеп жүз бериўи мүмкин болған түрли апатшылықлар (апатшылықлар), дүнья жүзи экономикасының раўажланыўы ҳәм кризисин алдыннан көриў мүмкиншилигин беретуғын, ҳәр тәреплеме терең ойланған, анық мақсет ҳәм баслы бағдарларды өз ишине алған раўажланыў дәстүри ҳәм оны әмелге асырыў стратегиясына ийе болған мәмлекет ҳәм халық нәтийжеде жетискенликке ериседи.
Жәмийеттиң социаллық-экономикалық дүзилиси, адамларды мийнетке тартыў, мийнеттиң социаллық бөлистирилиўи, социаллық өнимди бөлистириў усылы ҳәм жумысшы күшин тиклеў өзгешеликлери көрип шығылып атырғанда «мийнетти социаллық шөлкемлестириў» түсинигинен пайдаланылады. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўшиликли тәмийинлеўде төмендеги принциплерге тийкарланады ( 2.1- сүўрет):





Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   166   167   168   169   170   171   172   173   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish