6.4. Мийнет базарын раўажландырыў концепциясы
Мийнет ресурслары менен көп тәмийинленген Өзбекстан Республикасы мийнет базары раўажланыў концепциясының тийкарғы мақсети – мийнетке жарамлы халық бәнтлигиниң кемейиўи, мийнет өнимдарлығының пәсейиўи, инфляцияның барлығы, мүлкшиликтиң түрли формаларының әсте-әсте жүзеге келиўи, экономикадағы структуралық өзгерислерди жүдә әсте әмелге асырылыўы, ҳақыйқый дәраматлардың кемейиўи сыяқлы жумысшы күши талабын асырыў ҳәм оның усынысын кемейтиў бойынша комплекс илажлар ислеп шығыўдан ибарат. Олар өтиў дәўири Өзбекстан миллий экономикасын терең, структуралық ҳәм еркинлестириўди реформалаўдың стратегиялық мақсетлерге тийкарланып ислеп шығылады.
Буны есапқа алған ҳалда бул концепцияның стратегиялық мақсетлери етип төмендегилерди белгилеў мүмкин:
социаллық бағдарланған мийнет базарын басқышпа-басқыш қәлиплестириў;
мийнетке жарамлы жумыс пенен бәнт болмаған халықты жумыс пенен тәмийинлеўши ҳәмде жумысшы күшине талап ҳәм усынысты тәртипке салыўшы беккем раўажланған жергиликли ҳәм сырт ел бәнтлик хызмети шөлкемлери системасын қәлиплестириў;
жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге, халықты жумыс пенен бәнтлик дәрежесин асырыўға ҳәм ислеп шығарыў потенциалынан өнимли пайдаланыўға тийкар болыўшы терең экономикалық-структуралық реформаларды әмелге асырыў;
халықты жумыс пенен ақылға муўапық бәнтлигин тәмийинлеў;
қайта ислеў санааты, хызмет көрсетиў ҳәм жеке мийнет тармақларында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм өспиримлер, көп балалы ҳаяллар, пенсионерлер ҳәм нәгиранлар ушын мийнетти кепилленген аймағын шөлкемлестириў;
жумысшы күшине талаптың өсиўи ҳәмде жумыссызлықтың кемейиўин тәмийинлеўши киши ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў;
мүлкшиликтиң ижара, жәмәәтлик, акционерлик, жеке формалары ҳәм жеке жәрдемши ҳәмде фермер хожалықларын раўажландырыў;
өндирис ҳәм хызмет көрсетиўди заманагөй техника ҳәм технология менен тәмийинлеў;
санаат кәрханалары ҳәм өндирислик-социаллық инфраструктура объектлерин жүзеге келтириўди раўажландырыў;
хызметкерлердиң маманлығын асырыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мақсетинде оларды тәжирийбе алмасыў ушын раўажланған мәмлекетлерге жиберилиўин әмелге асырыў;
хызметкерлерде жаңа экономикалық қараслар, руўхый ҳәм билим ой пикирин қәлиплестириў;
ҳәр бир жумыссыз ушын ықтыярлы ҳәм ғәрезсиз жумыс орнын таңлаў ҳәмде мийнет етиў мүмкиншиликлерин жаратыў;
мийнет базары, жумыссызлық ҳәм халықты жумыс пенен бәнтлигиндеги процесслерди тәртипке салыўшы экономикалық, шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый механизмлерди жетилистириў.
Бул мақсетлерге үзликсиз ерисиў ушын мийнет базары раўажланыўының тийкарғы басқышлары ҳәм ўазыйпаларын анық белгилеў зәрүр (6.6-сүўрет).
Do'stlaringiz bilan baham: |