15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы



Download 0,79 Mb.
bet165/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   161   162   163   164   165   166   167   168   ...   198
Bog'liq
Miynet

b) жумысшы күшлерине болған усынысты кемейтиў усылы.
Жумысшы күшлерине болған усынысты кемейтиў, сондай-ақ, оларды мийнет базарына ағып келиўин қысқартыў ҳәм басқа орынға кетиўин хошаметлеў ҳәмде жумыс ўақты ҳәм бар жумыс орынларын социаллық ислеп шығарыўда бәнт болғанлар ортасында қайта бөлистириў арқалы нәтийжели шөлкемлестириў мүмкин. Республикамызда «Кадрлар таярлаў миллий дәстүри» тийкарында улыўма тәлим дәстүрлерин кеңейтиў ҳәм оқыў мүддетин узайтыў менен кәсиплик таярлықты жақсылаў, окыў орынларында күндизги тәлим алатуғын студент орынларын көбейтиў ҳәм кешки ҳәмде сыртқы оқыўдағы студент орынларын қысқартыў, өндиристен ажыралған ҳалда оқып атырғанларға стипендияларды асырыў, ҳаялларға баласын тәрбиясы ушын төленетуғын напақалар ҳәм берилетуғын тәлим мүддетин көбейтиў. Мийнет стажын есаплаўда оларға жеңилликлер бериў; пенсионерлер, нәгиранлар ҳәмде оларға қарайтуғын шахслардың пенсияларын асырыў – мийнет базарында жумысшы күшлериниң ағып келиўин кемейтиў илажлары есапланады.
Жумыс пенен бәнтлер ортасында жумыс ўақты ҳәм жумыс орынлары жумысшы күшлерине болған усынысты кемейтиў мақсетлерине қайта бөлистириледи. Халық жумыс пенен бәнтлигиниң жеке ҳәм ўақтыншалық формаларына өтиўин хошаметлеўге жумыс пенен толық бәнт етилген шахсларға арналған социаллық тәмийнаттың түрлерин, демалыслар ҳәм социаллық кепиллердиң муғдарларын орнатыў, кепилленген ең аз муғдардағы мийнет ҳақы менен тәмийинлеў, ҳәр жылы берилетуғын дем алысларды өз ўақтында бериў, жумыс күни ҳәм жумыс ҳәптеси даўамлылығын қысқартыў арқалы ерисиў мүмкин.
Мәмлекетимиздиң жумысшы күши жетиспей атырған регионлары (Жиззақ, Сырдәрья областлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы)нда жумысшы күшлерине талапты кемейтиў ҳәмде олар усынысын көбейтиў мийнет базарын тәртипке салыўдың мақсетке муўапық усыллары болып табылады.
Бул усыллардың әҳмийети төмендегилерден ибарат:
а) жумысшы күшлерине талапты кемейтиў усыллары
Усыллардың бул топарына аймақлық ҳәкимиятларының бул регионларында ҳәм тармақларда ислеп шығарыўшы күшлерди жайластырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жүзеге келтириўди төменлеўге тийисли төмендеги илажлар: артықша жумысшы күшлерден пайдаланғанлық ушын қосымша салықлар белгилеў; қатаң кредит сиясатын өткериў; кәрханаға хызметкерди жумысқа алғанлық ушын бир мәртелик төлем енгизиў; артықша жумысшы ҳәм хызметкерлерди қысқартыўды хошаметлеў ҳәм басқалар киреди. Буннан тысқары, жумысшы күшлерине талапты кемейтиўде мийнет өнимдарлығын асырыў ҳәм тежеўге ерисиўи әҳмийетке ийе.
Раўажланған базар қатнасықлары шараятларында мийнет ресурсларынан өнимли пайдаланыў – бәсеки, пайданы бөлистириў механизми, салық сиясаты сыяқлы улыўма хожалық механизмлери жәрдеминде тәмийинлениўи лазым. Ҳәзирги пайытта санаат өндириси нәтийжелилигин асырыўды хошаметлеўдиң улыўма хожалық механизмлери жақсы жетилистирилмегенлигин есапқа алып, мийнет ресурслары ушын алдын енгизилген төлемлерди қайта тиклеў мақсетке муўапық. Олар мийнет ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў ҳәм штаттан тысқары хызметкерлер санын кемейтиўге жәрдемлеседи. Бундай төлемлер кәрхана ҳәм шөлкем тәрепинен штаттан тысқары сақлаў ушын қатаң ставка формасында орнатылады. Соның менен бирге, жумысшы күшлерди қайта ислеп шығарыўға қәрежетлер орнын қаплаў ушын социаллық қамсызландырыў салынатуғын арнаўлы салықтан (екеўи де – мийнетке ҳақы төлеў фондынан процентлерде) пайдаланыў мүмкин. Жумысшы күшлерин қайта ислеп шығарыўға қәрежеттиң көпшилик раўажланған мәмлекетлерде қабыл етилген бундай система жанлы мийнеттен пайдаланыўдың интенсив формаларын анықлайды ҳәмде мийнет базарындағы хызметкердиң социаллық жақтан қорғалыўы ушын зәрүр кепиллерди жаратады;
b) жумысшы күшлери усынысын көбейтиў усылы.
Ҳәзирги шараятларда мийнет бюросына жумысшы күшлери усынысын абсолют көбейтиўге қайта ислеў санааты ҳәм хызмет көрсетиў тармақлары ҳәм шақапшалары ҳәмде жеке мийнет ҳәрекети тараўларының раўажы қатаң тосық болыўы мүмкин.
Буннан тысқары, ҳәзирги пайытта жумысшы күши усынысы я кәсип, я маманлық структурасы бойынша аймақ экономикасының аўыллық емес өндирис тармақларындағы жанлы мийнетке талаптың өсиў темпине жуўап бермейди. Соның ушын жумысшы күши усынысының сапа көрсеткишлерин өзгертиў ҳәмде оның мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлылығын асырыў лазым. Соның ушын да, бәнтлик мәмлекет хызмети системасындағы ҳәм басқа окыў орынларындағы хызметкерлердиң маманлығын асырыўды шөлкемлестириў, кәрханалардың өзиндеги арнаўлы курсларда кәсибине үйретиўди жақсылаў ҳәм оларға салық төлеминде жеңилликлер бериў, жергиликли кадрлар бәсекиге шыдамлылығын асырыўды мақсетли арнаўлы дәстүрин ислеп шығыў керек.
Жумысшы күшлери усынысын хошаметлеў хызметкерлерди жумысқа жаллаў ҳәм жайластырыўға жәрдемлесиў усылларын қоллаў арқалы да әмелге асырылады. Бул усыллар шөлкемлестириўшилик түсте болып, бос жумыс орынлары ҳәм жумысқа жайласыў ҳәмде қайта оқытыўға мүтәж пуқаралардың саны ҳаққындағы мағлыўматлар базасын шөлкемлестириўди, халықты жумысқа жайласыў мүмкиншиликлери ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеўди, жумыссызларды дизимге ҳәм есапқа алыўды, кәсипке бағдарлаўға тийисли илажларды ислеп шығыў ҳәм өткериў сыяқлы бағдарларды қамрап алады. Мийнет ресурсларын қайта бөлистириўдиң бир қанша нәтийжели усыллары арасында турмыс дәрежесин тәртипке салыўды айрықша ажыратып көрсетиў мүмкин. Бул усыллар регионлардың финанслық ресурслары есабынан хызметкерлердиң мийнет ҳәм үй-жай шәрт-шараятларын ҳәмде мәдений-пуллы хызмет көрсетиў дәрежелерин жақсылаў сыяқлы илажларды өткерип, оларды тәртипке салыў тийкарында енгизиледи.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   161   162   163   164   165   166   167   168   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish