1-тема. Маркетинг ҳәм оның раўажланыўының тийкарғы басқышлары


Базар конъюктурасы жағдайы ҳәм оны баҳалаў усыллары



Download 190,87 Kb.
bet19/35
Sana11.11.2022
Hajmi190,87 Kb.
#863963
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   35
Bog'liq
2 5442749189337385979

6.2. Базар конъюктурасы жағдайы ҳәм оны баҳалаў усыллары.
Конъюктура анализи өз ишине ислеп шыгарыў ҳәм тутыныўдың көлеми, қурамы, бир товардың басқасының орынын ийелей алыў имканияты, товар запаслары, баханың өзгериўи, реклама хызмети базар қатнасыўшыларын үйрениўди түсиндиреди. Базар конъюктурасын барқулла үйренип барыў саўдада табыслы жуўмақлаўға имкан береди. Ҳәр дәўирде базар конъюктурасы, қайсы товарды шығарыўды көбейттириў, қайсы товарға талаптың кемейиўи ҳаққында анық мағлыўматлар береди. Бул мағлыўматлар ислеп шыгарыў ушын ҳәм саўда фирмасы ушын зәрүрли болып есапланады. Базар конъюктурасы базарда теңсалмақлылықтың бар болыўы яки бузылғанлығы менен характерленеди. Усыған қарай базар конъюктурасы унамлы ҳәм унамсыз, қолай ҳәм қолайсыз болыўы мүмкин.
Базар конъюктурасы айырым товар ислеп шығарыўшылар колемине ҳәм сатып алыўшылары сатып алыўшылық кәбилетине байланыслы, олар баҳаға, моданың өзгериўине қарап ҳәр қыйлы болады.
Узақ мүддетли өсиў имканиятларын аныклаў ҳәм конъюктура анализи бир-бири менен байланыслы ҳәм олар бир-бирин толтырып отырады.
Сапалы анализ етиў ушын топланған мағлыўматларды үш топарға бөлемиз:
-өткен дәўир конъюктура мағлыўматлары;
-изертленип атырған дәўир конъюктура мағлыўматлары;
-келешекте конъюктураға тәсир етиўши мағлыўматлары;
Конъюктураны анализлеў сораўларына өтиўден алдын конъюктурасының көрсеткишлер системасын көрип шығыў керек.
Көрсеткишлер шәртли рәўиште макро ҳәм микро көрсеткишлерге бөлинеди. Макрокөрсеткишлерге улыўма хожалық конъюктурасын түсиндиретуғын көрсеткишлер: жалпы миллий өним, жалпы миллий дәрамат, ислеп шығарыў көрсеткишлери, товар айланыс көрсеткишлери, пўл айланысы көрсеткишлери, тутыныўшылар көрсеткишлери киреди. Микрокөрсеткишлерге болса, айрықша товарлар базарын көрсетиўши көрсеткишлер киреди ислеп шығарыў көрсеткиши, өним сатылыўы ҳәм тутыныўы, баха динамикасы ҳәм тағы басқа.


6.3. Базар конъюктурасын болжаў усыллары.
Айырым товар базар конъюктурасын үйрениўден мақсет дурыс болжаў ҳәм өзгерислерди алдыннан айтып бериўден ибарат. Улыўма болжаў-бул объект жағдайының келешеги ҳаққында пикирлери ҳәм режелерин жүзеге шығарыў жоллары ҳәм мүддетлериесапланады. Болжаў инсанның үйрениў ҳәм әмелий хизметинде бағдарланған объекти болып, процесслер көринислер хадийселер болыўы мүмкин.
Болжаў бул-объект келешегин анализлеў ҳәм бул келешектиң қандай болыўы көре билиў болып есапланады. Социал-экономикалық процесслердиң болжаў имканиятлары ең дәслеп себеп ҳәм ҳадийсе байланысларының тәбият характердеги арқалы анықланады. Алдыннан айтып бериў, болжаў тек улыўма қәсийетлер ҳәм нызамлылыққа ийе болған себеп ҳәм жуўмақлар анық болған процесслерге байланыслы.
Болжаўдың мақсекти ҳәм хызмети рационал шешим қабыл қылыў ушын эконмикалық раўажланыў ҳәм социал экономикалық нәтижелерин көре билиў болып табылады.
Улыўма болжаўды аныклаў мәлим объекттиң болажақ жағдайын, илимий тийкарда жаратыў болып табылады. Товарлар базары болжаўын анықлаўда төмендеги талапларға итибар бериледи.
1. Келешекте базар конъюктурасына тәсир етиўши факторларды есапқа алған ҳалда илимий тийкарланған, исенимли ҳәм системалы жантасыў.
2. Болжаўды анықлаўда бир неше вариантлардан пайдаланыў, олардың нәтийжелерди бир түрде яки жақын болыўы.
3. Ислетилген усыллардың илимий тийкары жетерли болыўы.
4. Жумақларды анық әсиресе қарар қабыл қылыўшыларға түсинерли исленгенлиги.
5. Базар конъюктурасының келешеги өз ўақтында анықланыўы ҳәм кәрхана, ассоциация, компания ҳәм жумысын басқарыўда қолланылады.
Базар конъюктурасын болжаў 4 үлкен классқа бөлиўмиз мүмкин.
1. Фактографик усыл. Бул болжаўдың сондай усылы, онда өткен даўирде болып өткен ҳақыйқый факторлардан информация сыпатында пайдаланылады. Бул мағлыўматлар муғдар ҳәм сыпат характерине ийе. Базар конъюктурасын болжаў қылыўдың фактографик усыллары өз гезегинде үш түрге бөлинеди:
а) Экстрополяция ҳәм интерполяция усылларынан ибарат болып, бул түрдеги моделлер ушын сызықлы функцияларды дүзиўде басланғыш ахборотдан пайдаланыў характерли.
б) Статистикалық усыл болып, олар еки ҳәм оннан артық өзгериўшең болжаў объектлердиң өз-ара байланысларын изертлеўде қолланылады.
в) Усы объектлердиң келесиде раўажланыўын соған уқсас объектлердиң раўажланыў нызамлықлары бойынша изертлеўге тийкарланады.
2. Эксперт усыллары ол яки бул тараўдағы ислеўши экспертлардың пикирлерди қайта ислеўге тийкарланады. Болжаўдың эксперт баҳалаў усылы интуитив ҳәм аналитикалық усылларды өз ишине алады. Интуитив усылларға экспертлерди тартыў, әмелде болжаў объектин раўажландырыў процесин анықлаў ҳәмде жеке эрудиция ҳәм туйғы қуралынан келеси өзгеристи баҳалаўға тийкарланган усыллар киреди. Аналитик усылларға болжаў объектин изертлеў процеси моделин логикалық анализлеўге тийкарланған усыллар киреди.
Базар конъюктурасын болжаў қылыўда эксперт баҳалаў усыллары әсиресе интуитив усыллар кең қолланылады.
3. Экстрополяция усылы. Экстрополяция усыллары базар конъюктурасының түрли көрсеткишлери ҳәм қәсийетлерин болжаўда қолланылады. Экстрополяция формалар яки процеслердиң келесидеги жағдайы нызамлары, теориялары ҳәмде тәжрийбесин кең жайыўды талап етеди, яғный бул ҳалда экстрополяция болжаў әмелге асырылып атырған объекттиң алдыңғы раўажланыў тенденцияларына сүйенеди.
Экстрополяцияның базар изертлеўлеринде қолланылатуғын тийкарғы моделлеринен бири-бул тренд модели. Тренд моделлери процеслерди ўақытқа қарата өзгертиўдиң тийкарғы бағдарларын корсетеди.
4. Эконометрик моделлер. Эконометрик моделлер экономикалық процеслер параметрлериниң стахостикаларын нәзерде тутқан ҳалда базар конъюктурасының түрли көрсеткишлери ортасындағы өз-ара байланыслар ҳәм пропорцияларды муғдарлық баян ететуғын регрессион ҳәм баланс теңлемелерин дүзиў арқалы корсетиледи.
Эконометрик моделлеў базар конъюктурасын болжаўда кең қолланылады.



Download 190,87 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish