Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер


Лекцич №6. Монғоллардың басқыншылығына ҳәм зулымына қарсы гүрес. Жалаладдин Мангуберди



Download 0,6 Mb.
bet9/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36
Bog'liq
Лекция

Лекцич №6. Монғоллардың басқыншылығына ҳәм зулымына қарсы гүрес. Жалаладдин Мангуберди.
ЖОБАСЫ:
1. Монғол мәмлекетиниң дүзилиўи. Шынғысхан әскерлериниң Орта Азияға топылысы ҳәм басып алыўы.
2. Жалаладдин Мангубердиниң ерлиги.
3. Шағатай улысының дүзилиўи ҳәм оның социал-экономикалық раўажланыўы. Монғоллардың зулымына қарсы гүрес.
ӘДЕБИЯТЛАР:
1. Бартольд В.В. Туркистан в эпоху монғольского нашествия. Соч. т.1 М., 1963
2. Греков Б. Якубовский А. Золотая Орда и ее падение М-Л 1950
3. Хабибулла Зийниддин. Жалаладдин Мангуберди Т. 1993
4. Иванин М. Икки буюк саркарда Чингизхан ва Амир Темур Т. 1994
5. Ўзбекистон тарихи Т.1999,2003,2006.

XII әсирдиң ақыры - XIII әсирдиң басында Монголияда татар, найман, кереит, меркит ҳ.б. (улыўма 12 ден аслам) қәўимлердиң бирлеспеси болған феодаллық мәмлекет дүзилди. Қәўимлерди бирлестирип, монғол мәмлекетин дүзген Темучин 1206 жылдан соң Шынғысхан атаған алды. Монғол қәўимлериниң қурылтайында мәмлекеттиң, диний ҳәм жәмийетлик турмыстың хуқуқый қатнасықларын анықлап берген нызамлар жыйнағы «Яса» қабыл етилди. Шыңғысхан көп санлы ҳәм жақсы қуралланған армия дүзиўге айрықша дыққат аўдарды. Армия онлық, жүзилик, мыңлық ҳәм туман (он мыңлық) системаға бирлестирилди. Тийкарғы армиядан тысқары Шыңғысханның «кешик» деп аталған жеке ләшкерлери болды. Бирақ олар анда-санда урысқа қосылған менен, көпшилик пайытларда жүдә қәўипли жағдайлар ушын сақлап турылған.


Монғол қәўимлерин бирлестирип болғаннан кейин 1209 ж. Шыңғысхан Қытайдың арқа-шығысындағы Таңғыт мәмлекетине жүрис етти. Ол жерден байлық топлады ҳәм Арқа Қытайды жақсы билетуғын адамларды алып қайтады.
1211 жылы Шыңғысхан Арқа Қытайға жүрисин баслады. Шыңғысханның қасында балалары Жошы, Шағатай, Октай ҳәм Тули, сондай-ақ еки атақлы сәркардасы Жебе менен Субэдей баҳадыр болды. Шыңғысхан Цинь династиясының әскерлерин қыйратып, 1214 жылы көп байлық топлап кейинге қайтады. Ол 1215 ж. Қытайға екинши мәртебе атланыс шөлкемлестирди. Бул атланыс барысында Пекинди ийелеп Цинь династиясын қулатты ҳәм Арқа Қытайды монғол мәмлекетине қосып алды. Бул атланыслар пайытында көплеген байлық арттырыў менен бирге қытайлардың жоқары әскерий техникасы менен танысты.
Усы пайытта Хорезмшах Мавереннахрды толық ийелеп алып, енди Қытайға жүрис етиў әрманында еди. Тез арада Шыңғысхан 1215 жылы Пекинди алыпты деген хабар жетип келеди. Мухаммед Хорезмшах буны анықлаў ушын Шыңғысханға елшилер жибереди. Шыңғысхан елшилерди Пекин қаласында жақсы күтип алады ҳәм өзин Шығыстың толық ҳүкимдары Мухаммадшах батыстың ҳүкимдары деп есаплаўын Хорезмшахқа жеткизиўди өтиниш етеди.
Буннан соң Хорезмнен Ахмед Хужнакий ҳәм Ахмад Балчич басшылығында саўдагерлер кәрўаны жиберилди. Саўдагерлер өз товарларын арзан баҳада сатқан. Буған жуўап ретинде Шыңғысхан Махмуд Ялаваш басшылығында саўдагерлер кәрўанын Хорезмге жибереди. Мухаммадшах елшилерди Бухарада қабыл еткен. Бунда Шыңғысхан қүдиретли Мухаммадшах ҳаққында еситкени, оның менен шәртнама дүзиў нийетинде екенин ҳәм оны ең жақсы перзентлеринен бири сыпатында ҳүрмет қылатуғынын айтқан еди. Бул сиясат тилинде Шыңғысхан Хорезмшахты өзине ғәрезли деп билетуғынын аңлатты. Өзин екинши Искендер Зулқарнаи, екинши Султан Санжар деп есаплаўшы Мухаммадшахқа бул унамады. Мухаммадшах түнде жасырын түрде Махмуд Ялавашты өзине шақырып, өзине хызмет етиўди усыныс етеди. Махмуд Ялаваш оның усынысына келисим береди ҳәм елшилер қайтыўға рухсат алады. Бирақ ҳақыйқатында ол Мухаммадшахқа емес, ал Шыңғысханға хызмет етеди. Хорезмшахлар мәмлекетиниң әскерий күшлери, мәмлекет ишиндеги сиясий гүреслер, экономикалық жағдайы ҳаққында мағлыўматлар топлайды ҳәм оны Шыңғысханға жеткереди.
Шыңғысхан Мавереннахр жүрисине Хорезмшахқа қарсы урысларға пухта таярлық көрди. Ол Орта Азия географиясын, ол жерде жасаўшы халықлардың экономикалық ҳәм сиясий турмысын үйрениў ушын саўда кәрўанларынан пайдаланды. Бул кәрўанларға мусылман саўдагерлери басшылық етип барғанлықтан олар жергиликли халық пенен тез тил табысып, монғол ҳүкимдары ушын зәрүр хабарларды жеткерип берип отырған. Шынғысхан Жалаладдинниң анасы Айчечек пенен Турканхатун тәрепдарлары арасында узақ ўақыттан берли даўам етип киятырған душпанлықтан да хабардар еди.
Шынғысхан 1218 ж. 450 адам ҳәм 500 түйеден ибарат үлкен саўда ҳәм елшилик қәрўанын жиберди. Көплеп байлық ҳәм саўға алып киятырған бул кәрўанға мусылман саўдагерлер басшылық ететуғын еди. Кәрўан Хорезм пайтахты Ургенишке, Хорезмшах пайтахтына жол алған еди. Бирақ жолда Отрар қаласында Хорезм әскерлери тәрепинен тоқтатылды. Отрар қаласының баслығы Иналчик 1218 ж. қәрўанды талап, адамларды қырып таслайды.
Шыңғысхан Мухаммедшахқа Кифраж Буғраны, өзине исенимли 2 адам менен жибереди. Ол айыпкерлерди жазалаў ҳәм Иналчикты оның ықтыярына бериўди талап етеди. Хорезмшах буған жуўап ретинде елшини өлтириўди ҳәм еки жолдасының сақалын алып кейинге қайтарыўға буйрық береди. Буннан соң Шыңғысхан менен Хорезмшахлар арасында саўда ҳәм дипломатиялық қатнасықлар толық үзилди.
Шыңғысхан әскерлери 1219 ж. Шығыс Түркистан ҳәм Жетисуўды ийелегеннен соң Сырдарья бойлары, Мавереннахр ҳәм Хорезмге жол ашылған еди.
Мухаммедшах әскерлерди қалаларды өз алдына қорғаў тактикасын қабыл етти. Ол, қыпшақ әскер баслықларына исенбейтуғын еди.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish