6-тема. Инсан турмысында руўхыйлықтың орны ҳәм әҳмийети. Жәҳән илими ҳәм өтмиш ата-бабаларымыздың мийрасында руўхыйлық мәселелери теориялық жақтан үйренилиўи



Download 45,74 Kb.
bet1/4
Sana22.02.2022
Hajmi45,74 Kb.
#107740
  1   2   3   4

6-тема. Инсан турмысында руўхыйлықтың орны ҳәм әҳмийети.
Жәҳән илими ҳәм өтмиш ата-бабаларымыздың мийрасында руўхыйлық мәселелери теориялық жақтан үйренилиўи
Реже:
1. Руўхыйлықтың тараў сыпатында ғәрезсизлиги. Экономика ҳәм сиясат системасы менен қатнасы
2. Орта Азияда дөрелген әййемги жазба әдебиятларда руўхыйлық


1. Руўхыйлықтың тараў сыпатында ғәрезсизлиги. Экономика ҳәм сиясат системасы менен қатнасы
Экономика ҳәм руўхыяттың өз-ара тиккелей байланыслы екенлигин бизиң ата-бабаларымыз туўры түсинген. Сол себепли олар жетик руўхыятлы, камил инсан ҳаққында айтып бир әдеп икрамлық талапларын ислеп шыққан. Онда харамнан қашыў «Ҳарам ишкен кимсе менен дос болса болма» ( Әжинияз) адалатсызлыққа, ҳарамлыққа Жаны қарсы, инсаплы болыўды, қарыйдарға жумсақ қатнас қылып кеулин табыўға умтылыўды тапсырған.
Халқымыз руўхыятлы Адам бериўдиң ҳақына, мәмлекет ҳәм басқаның мүлкине қыянет қылмайды, қанаатшыл болады. Керисинше руўхыйлығы төмен адамлар напак, парахор, уры, өтирикши, Ўатан ҳәм миллет мәпине, тәбиятқа ҳәм Адам тәғдирине парықсыз қарайды. Ол ҳаққында Өзбекстан қа ҳарманы И.Юсупов
Руўхый дүньясы болды оның нол,
Ишип жеў пайда қуўыў оның талабы,
Ети қандай екен деп бул қустың ол,
Бүлбил сайрап турған жаққа қарады» деп характерлейди.
Келешекте Өзбекстан жоқары дәрежеде раўажланған экономикасы менен ғана емес, ал билимли руўхыяты жетик перзентлери менен де дүньяны таңландырыўы керек. Буның ушын экономика, руўхыят, өз-ара бирге раўажланыўы әҳмийетли. Руўхыйлық ҳәм марифатлы иманлы, әдеп-икрамлы кисилер өзиниң ҳадал, пидакерлик мийнети менен байлық жаратыўдың инсаплы, мийнетсүйгиш исбилермен ел-журт дәртине дәрман болыўға өзиниң халқының абройын көтериўге хызмет етеди. Сондай пуқаралар ғана мәмлекеттиң экономикасын үзликсиз жоқарыға көтерип барады.
Демек базар экономикасы раўажланған сайы руўхыятымыздың ба ҳасыда өсип ҳәм жақсыланып, толысып бара береди. Себеби бүгин дүньяның жоқары раўажланған мәмлекетлеринде илим, ахборот, сыпат көрсеткишлери (мысалы дизаин) соның ишинде, азық аўқаттың сыпаты, барған сайын жоқарылап бармақта. Инсанның экономикалық қатнаслары олардың мәдениятының ҳәм руўхыйлығының өсиўине тиккелей тәсир етпекте. Ал мәдениятқа, руўхыятқа итибар базар экономикасының бүгинги жәҳән талапларының дәрежесине көтерилиўинде жетекши көрсеткиш болып есапланады. Демек тийкарғы мәселени инсан руўхыяты шешеди. Себеби руўхыйлық әуели уйғынлықты теңликти туады. Жеке мүликтиң бирден бир үстемлиги. Базар экономикасы илим, ризашылық, ме ҳр уйғынлығын көтереди. Бүгинги жәҳән базарының әҳмийетли тәрепи оның илимий тийкары қойылғанлығы. Бурын маркетинг илими яғный базарды үйрениў тийкарынан саудагердиң парасатына байланыслы болса бүгин қатаң изертлеўлер тийкарында тайынланбақта. Ол бурын бир территорияны қамтыған болса, бүгин жәҳән майданында тиккелей пикирлеўди шөлкемлестиреди. Демек базар ҳәм руўхыйлық түрли точкаларда тутасып, ҳасыл болмақта. Олардың бири иттиқат болса екиншиси илим. Және бири парасат болса, басқасы инсанды түсиниў. «Инсанға инсанның түссе зийнети. Бул дүньяда ашылмаған сыр қалмас» деседи И.Юсупов.
Улыўма алғанда руўхыйлықсыз экономика ҳәм экономикасыз руўхыят жоқары басқышқа көтериле алмайды.
И.А.Каримов өзиниң «Юксак-маънавият – енгилас куч» атлы мийнетинде бул мәселениң терең тамырын ашып, материализм ҳәм идеализм атлы философиялық ағымлардың арасындағы гүрестиң аў ҳалсызлығын көтерип былай деди:
Бул мәселеге бундай кескин жантасыў әсиресе адамның руўхый дүньясын менсинбеслик, оны екинши орынға қойыў, ақыр ақыбетте жәмийет турмысында кризиске алып келиўи тийис екенлигин тарийх көп мәртебе көрсетип атыр». «Инсанға тийисли арзыў-умтылыўларын жарыққа шығарыў, оның санасы турмыс кешириўи ушын зрүр болған материаллық ҳәм мәнауий әлемди ҳәм теңи жоқ пәрўаз қылатуғын қустың еки қанатына қыясласақ орынлы болар деп ойлайман» деп көрсете келе «Қашанда әне усы еки күштиң әҳмийетли факторы өз-ара уйғынласса, шын мәнисинде қос қанатқа айланса, сонда ғана инсан, мәмлекет ҳәм жәмийет өмиринде өсиў, өзгериў, жақсыланыў бағдарлары тайын болады» деп үйретеди.
Алды менен экономика мәселелерин, ўазыйпаларын шешип болып, руўхыйлық пенен шуғылланыў лазым деген пикирлер ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында жүзеге келгени мәлим.
Экономиканың сиясаттан үстинлиги Президентимиз И.А.Каримов базар қатнасларына өтиўдиң тийкарғы принциплериниң бири екенлигин түсиндирип келди. Буннан айырым кисилер идеология, руўхыйлық ҳәзирше керек емес, ол туўра турады деген жуўмаққа келип жәмийетлик пәнлерге ҳәм идеялық қайта тиклениўге надурыс мүнәсибет көрсетиўшилер болды. Президентимиз бул мәселеде шешиўши ҳәрекет етип, руўхыйлықтың жәмийет раўажында алдыңғы ролин көрсетип, ҳәр қандай экономиканық мәселелерин руўхыйлық ҳәм билимлилик иске асыратуғынлығын дәлилледи. Солай етип, тек жоқары руўхыйлық ҳәм билимликке ийе болған мәмлекеттиң экономикалық күш-қуўаты болады деп тастыйықлайды.
Демек руўхыйлығы, мәрипаты жоқары инсан, мәмлекет халқы алдында өзине алған жуўапкершиликти терең түсинеди. Сол мәмлекет халық ушын ҳадал пидәкарана дөретиўшилик, бинядкарлық мийнети менен оның бийикликке пәрўазы ушын руўхыйлық ҳәм мәрипат жоқары экономикалық, ал жоқары экономика болса руўхыйлық ҳәм мәрипат пенен байланысып турады.
Айырым адамлар еркин базар экономика шараятында руўхый мәрипат ҳәм әдеп-икрамлық қәдриятлардың ба ҳасы түсип кетеди. Мәденият екинши дәрежедеги нәрсеге айланады, руўхый жарлылық ҳәўиж алады деп тастыйықладылар. Еркин базар экономикасы менен руўхыйлықты булай етип қарсы қойыўшылық орынсыз. Шынында да олар бирин бири толтырды. Себеби тек руўхый саламат жәмийет ғана базар реформасын толығы менен иске асырыўы мүмкин. Олай болмаса, базар қатнасықлары тәртипсиз «жабайы капитализм» дәрежесинде турады. Сонлықтан базар экономикасы шараятында экономиканы жөнлениў, экономикалық тиклениў, экономикалық раўажланыў, руўхый тиклениў, руўхый пәклениў, руўхый жақсыланыў менен ҳәр тәреплеме үйлескен жағдайда барыўы керек.
Сонлықтанда И.А.Каримов бул мәселени ғәрезсизликтиң биринши жылларында баслы мәселеге айландырып былай деди «Ҳәр қандай социаллық тайпа ҳәм қатламның өзине тән қәсийетлерин инабатқа алған ҳалда, улыўма гәплер менен емес әмелий ислер менен руўхыятты жақсыландырыў дыққатымыз орайында турыўы шәрт».
Демек руўхыят ҳәм экономика бир бирин бийкарламайды, ал бир бирин қуўатлап, өз-ара тәсирленип, раўажланып барады. Ҳәзир бизиң елимизде экономикалық реформалардың жаңа жоқары басқышына өткен дәўиримизде өндиристиң жаңа тараўлары иске түсип, экономика көтерилип барады. Бул болса илим, мәденият ҳәм руўхыят раўажына жағымлы тәсир қылады. Әсиресе буған елимизде кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы әмелге асырыў барысындағы уллы ислер мысал болады.
Базар экономикасы әдалатлы экономика. Онда ҳеш ким биреўге өзиниң түсиниклерин зорлық пенен өткизе алмайды. Базар адамды өз өзин қәдирлеўге үйретеди. Келисимшил әдебин ийелеўге, басқалардыңда мийриниң қәдирине жетиўге тәрбиялайды. Бизге жақынға дейин үйреткениндей, базар «таўламашылар», «шайқаўшылар», «алдаўшылар» емес, тәрбия мектеби. Базарды айланған Адам анна жер, тәбиятымыздың нәметлерин көрип, елге, журтқа меҳир туйғылары өседи. Әлбетте, буны сезиў ушын адамда руўхыйлық жетикликтиң мәлим бир белгилери болыўы да керек. Базарды айланғанда дийханның, өнер ийесиниң мийнети ҳәм уқыплылығына баҳа беремиз, бәрекелла айтамыз, сүйсинемиз. Дәмсизлик, уқыпсызлық, өз исине итибарсызлық, басқаларға менменлик базарда дәр ҳәл өзин әшкара қылады. Демек, базар ҳәм руўхыят ҳасла бир-бирине қарсы түсиниклер емес. Биз базар экономикасына тийкарланған жәмийет қурар екенбиз, енди өзимиздиң миллий үрп-әдетлеримизге қайтқан боламыз, келешекте оларға таянып ҳәрекет етемиз.
Базар руўхыяты ҳаққында гәп қылғанда, биз биринши нәўбетте инсап ҳәм диянаттың адамлар кеўлинде тиклениў, зәрүрлигин айтамыз. Базар қатнасықларына өтиў ҳәм оның раўажы (тадбиркарлық пенен тиккелей байланыслы. Себеби базар экономикасының талабы тадбиркарлық ҳәм исбилерменлик. Тадбиркар да руўхый пәк, марипатлы болыўы керек. Ол ҳадалды ҳарамнан ажыратыўы, ҳарамнан қашыўы лазым.
Илим ҳәм инсап, ақыл ҳәм парасат ҳәзирги күнги тадбикарлардың тийкарғы руўхый пәзийлети болыўы дәркар. Парасат не? Парасат әўўели өзиңди аңлаў, өз ҳалыңды туўры түсиниў. Екиншиден, басқаны да түсинип, басқалардың талабы, қәлеўи имканияты ҳаққында дурыс Тасаввуф қылыў.
Турмыста ҳақыйқый саўдагерден, оны бизге « ҳақ безген» деп атайды. Ол алп сатардан парық қылады. Саўдагер ҳадал рысқы табаман деп узақ машақатлы жолларды басып өтеди. Ал қала алып сатарлары болса оннан инсапсызлық пенен пайдаланады. Арзан алып қымбат сатады.
Тадбиркарлардың руўхыяты ҳаққында айтсақ ол`
- мәрипатлы, дүньяға көз қарасы кең, ҳәр тәреплеме түсиниги терең саўатлы болыўы керек
- тадбиркар өзи баслаған иске жүдә исенген болыўы, өз алдына қойған мақсетти ҳәм оның нәтийжелерин анық тасаўыр ете билген болыўы зәрүр
- исбилермен өз қәтелерин тән алып ҳәм оны өз ўақтында дүзете алыўға умтылыўы керек
- исбилермен тәўекеллик пенен ис апарыўы керек
- исбилермен парасатлы, инсаплы мийнетпәрўар болыўы дәркар.
Исбилерменниң исинде мәнпаатлердиң соқлығысыўы - конкуренция базар ушын тән нәрсе. Оннан қорқыўға болмайды. Онда табысқа жетиўге талпыныў, тәўекел етиў әҳмийетли. Ал енди конкуренцияны гүрестен айыра билиў зәрүр. Егер конкуренцияны гүрес деп есаплап, оны тек қарсыласты финанаслық жақтан сындырыўдың жолын излеў сыпатында түсинилсе, исбилерменлердиң конкуренциясы бир-бирине зыян етиўге қаратылса, бундай жағдайда өкпе-гийне, низа, ўайранагершилик болады. Егер конкуренция дегенде бир-биринен сыпатлырақ., өзгелердиң затынан арзанырақ, адамның талабына жарайтуғын өним шығарыў арқалы базардағы алдыңғы орынларға умтылыў, буның ушын жаңа технологиялар излеў, унамлы ис усылларын табыў жолынан барыўды түсинсе, онда жәмийет пәраўанлығына хызмет қылады. Биреў пайда көриў ушын екинши биреўдиң зыян көриўи шәрт емес. Исбилерменлер ақылы, мүмкиншилиги, мийнети менен өзине де, басқаларға да пайда келтириўи тийис.
Демек исбилермен рўхыяты парасат ҳәм қәдир сыяқлы өлшемлерден турады. Парасат не екенлиги белгили болады. Ал қәдир болса экономика майданында талап ҳәм усыныў, оның илими, қәнигелиги қандай, ол оның қәдирин, абыройын белгиледи. Сонлықтан оның малы өтимли келеди.
Базар экономикасы дәўириндеги руўхыйлықтың әҳмийетли белгилериниң бири үнемлилик, яғный экномлы болыў. «Көрпеңе қарай аяғыңды соз» деп бийкарға айтпаған.
Талап имканиятқа қарай қанатландырылады. Гейпара шаңарақларда бул қағыйда ҳәмел қылмаслық, экономикада плансызлық исрапкершиликке жолы қойыў ақыбетинде табылған байлықтың берекети болмайды. Қалған нанды келтирип қойыўдың орнына далаға таслаў, тамақты Адам санына қарай таярламаўшылық, ҳаяллар ҳәм қызлар базарда жаңа пайда болған матаны әлбетте сатып алып, кийим тиктирип кийиўге қызығыўшылық, ол кийимлерд ийинине бир илдирип таслаўшылық, мода кейнинен қуўыў, улды үйлендириўде ямаса қызды шығарыўда талаптан зыят мал-дүнья шашыў той-мерекелердеги исрапхоршылық, мийман күтиўдиң төгин-шашынлар кейин жалыланыўдың себеби болады. Даналар айтқанындай, ҳәр истиң себеби бар. Лекин жарлылықтың себеби исрап. Исрап тек малды шашыўды емес, бәлки ўқатта, минез қулықта сөйлеўде ҳәм басқа ислерде жамандур. Исрап тәнди алдайды, нәпсиге жол береди, ақылды қашырады. Қарап қойың, шыраның тирилиги май менен. Егер майды ҳәдден зыят салсаң, май пиликтиң басына келип шыраны өширеди. Ол май шыраның жаныўына себепши еди, исрап нәтийжесинде оның сөниўине себепши болды.
Бул мәселеде халқымыздың «қорқып ишип қой алдым, тартып ишип тай алдым» деген нақылды исрапқа тиккелей қарсы түсиник.
Сондай-ақ даналардың мынадай гәпи де орынлы «Ҳәрекет қылың, абадан боласыз ҳәм азға қанаат қылың, малларыңыз көп болады. Жумсақ тәбиятлы ҳәм шйирин сөзли болың, досларың көп болады».
Материаллық байлықты илим алыў, кәсип-өнер ийелеў, дүньяны билиў ме ҳир-са ҳаўат крсетиў жолында пайдаланыў керек. Түрли ңопал жоллар менен қолға киритилген байлық қандай келген болса, сондай жоқ болады. Мал-дүньяға жүдә жақын болыў, байлық тәсирине берилип оның артынан қуўыў, пул арттырыў мақсетинде урлық, жыняатшылық, сатқынлықлар инсанды руўхыйлық туйғыларынан айырады.
Пәс Адам ушын шүкир қылыў, қанаат, қайыр-сақаўат түсиниклери болмайды. Ол өз байлығы, мал дүньясының қәўетерлиги менен жасайды. Олар мүтәж, бийшараларға, майыпларға, жалғыз кекселерге, жетим-жесирлерге қайыр-сақаўатлылық ислемейди. Бул тайпадағы адамлар ҳәтте жануя ағзаларын ишпек, жемектен шеклейди. Сонлықтан оларды ҳешким ҳүрмет қылмайды.
Мусылманшылықта исрап қылыў гүнә. Жануяның экономикасын исрап қылыў оны жарлыланыўшы жоқшылыққа әкеледи. Халқымыз «Нении хор қылсаң, соған зар боласаң» деп дурыс айтқан. Соның ушын жануядағы ҳәр бир нәрсени исрап қылмай, оның әҳмийетин перзентлер аңына сиңдириў зәрүр. Бул мәселеде үй бийкелердиң орны әҳмийетли. Себеби «Жақсы қатын арпа унын пал етеди, жаман қатын бийдай ушын хор етеди» деп дурыс айтқан.
Жәҳән тәжрийбеси ҳәм өзимиздиң мәмлекетимиздиң тәжрийбеси экономика тек өзине тән болған нызамлар менен раўажланады. Ол нызамлар базарды көринбейтуғын қоллар менен жөнлейди. Сонлықтан ол сырттан араласыўды қәлемейди. Егер оларды писент етпеў, бузыў экономиканы аўыр ақыбетлерине алып келеди. Айтайық, бурынғы аўқамның ўақтындағы базар экономикасына байланыслы болмаған экономика тийкарында жасаған уллы потенциалға ийе болған ел, социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесинде дүньяда алпысыншы орынларда қалды. Бул халыққа жүдә қымбатқа түсти.
Ғәрезсизликтен кейин журтбасшымыз И.А.Каримов дүнья тәжрийбелерин терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйренип, буннан былайғы раўажланыў жолының базар экономикасы қатнаслары жолы екенлигин белгилеп берди.
Базар қатнасықларына өтиў – дәўир талабы. Дүнья мәмлекетлериниң сыналған экономикалық жолы. Ол ўақытты талап етеди. Англия бул экономиканы дүзиўди 200 жыл, басқа мәмлекетлер 100-150 жылларда ерискен. Япония ҳәм Түслик Кореяны, 20-30 жыллар даўамында әмелге асырған. Президентимиз бул мәселеде де көрегенлик көрсетти. Ол базар қатнасықларының барлық жағымлы тәжрийбелеринен үйренип, халқымыздың тарийхый раўажына руўхыятына миллий өзгешеликлерине, ықлым шәрт-шараятына, мәмлекетимиздиң географиялық жайласыўына тийкарланған өзимизге тән өзимизге сай жолды белгилеп берди.
Бул жолдың қағыйдалары, Президентимиздиң китаплары, мақалалары ҳәм шығып сөйлеўлеринде, әсиресе оның «Өзбекстанның базар қатнасықларына өтиўде өзине тән жолы» шығармасында ҳәр тәреплеме дәлийленди.
Ол өзбекстанның өз жолы дүнья мәмлекетлери тән алған елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының ес принципи еди.
Олар әлбетте сизлерге белгили ҳәм басқа пәнлерден терең түсинилген принциплер.
Раўажланған экономика ҳәм жоқары руўхыяттың өз-ара байланысын И.А.Каримов өзиниң «Юксак маънавият – енгилмас куч» деген мийнетинде кеңнен ашып` «Материаллық руўхый турмыс принциплери бир-бирин бийкарламайды, керисинше өз-ара байланысып, бирин-бири толықтырады».
Жоқары раўаж ерисиўде арзыў қылатуғын ҳәр бир инсан ҳәм жәмийет өз өмирин анық әне усындай диалектиа ҳәм үзликсиз байланыс тийкарында қурған ҳәм раўажландырған тәғдирде ғана жағымлы нәтийжелерге ерисе алады».
Әне сол ҳақыйқаттан келип шыққан ҳалда базар экономикалық ойланыў, экономикалық иклениў, экономикалық раўажланыў бағдарларынан руўхый пәклениў, руўхый жақсыланыў ҳәрекетлери менен биротала уйғын рәўиште раўажланып барыўды ҳәмме ўақыт мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң итибар орайына қойып келмектемиз.
Руўхыйлық пенен сиясат-жәмийетлик қубылыс есапланады. Булар инсан хызметин, оның турмыс тәризин қамтып алған, өз-ара байланыслы болған еки тараў болып табылады. Дүнья халықлары турмысында руўхыйлық қандай үлкен әҳмийетке ийе болған болса, сиясат та буннан шетте қалған емес. Лекин сиясат мәмлекетти басқарыў менен мудамы байланыслы болған. Ең әййемги халық аўыз еки дөретиўшилиги, жазба естеликлер «Авесто», «Ма ҳаб ҳарат», Конфуций шығармалары, Платон, Аристотель, Сократ, Әбиў Насыр Фарабий пикирлери соннан далалат береди. Әййемги дәўирлерде «сиясат» сөзин қолланып ғана қоймай, ол ҳаққында шығармалар да жазған. Солардан Аристотельдиң «Сиясат» шығармасы бизиң пикиримиздиң дәлили бола аладыә.
Сол ўақыттағы сиясат ҳаққындағы шығармалар жәмийет ҳәм мәмлекет шеңбериндеги бәрше басқарыў ҳәм әдалатлықты сүйиўши идеялар принциплерин жақлаўшы тараўларды қамтып алған. Сол себепли сиясат руўхый процесслерге мазмуны жағынан жүдә жақын турады.
Сиясат ҳәм руўхыйлық ортасындағы мүнәсибет, олардың бир-бирине тәсири, көбинесе адамлар ортасында болатуғын сәўбетлерде жарқын көринеди. Сиясий исте бәрқулла руўхый процесслерге тиккелей жантасылмаған, себеби сиясат өзиниң алдына ҳәмме ўақытта мақсет етип, ол яки бул революциялық яки эволюциялық өзгерислерди қояды. Бул процесслерде руўхый тараўлар тийкарынан екинши дәрежели болып, шетте қалдырылады. Сиясатта социаллық тараўлар көбирек қамтып алынады, яғный мәмлекет дүзимин өзгертиў, халықтың пәраўанлығын тәмийнлеў, олардың тайпалары арасындағы теңлигин сақлаў, халық билимлендириўине итибар қаратыў, экономикалық тараўларды раўажландырыў киби мәселелер көзде тутылады.
Бурынғы аўқам дәўиринде «Сиясат» дегенде экономиканың күшитүсинилер еди. Сол дәўирде сиясат экономикадан үстин қойылған болып, мәлим мәнисте көп процесслерден жоқары қойылған еди.
Ол дәўирдеги ишки сиясат миллий үрп-әдетлерге туўры келген. Жергиликли халықлар қәдириятларын есапқа алыў ҳәм олардың миллийлигин сақлаў, киби тараўларға тийкарланбаған еди. Сиясаттың руўхыйлық пенен байланыстырылыўы ҳаққында ҳәттеки сөз жүритилмеди.
Бизге мәлим, руўхыйлық жәмийеттиң, миллеттиң, айырым бир адамның ишки ҳәм сыртқы турмысы, мәденияты, руўхый кеширмелери, әдеп-икрамлық қәбилети, исенимин сыпатлайтуғын түсиник. Демек, оны сиясатта есапқа алмаўға иләж жоқ. Оларды есапқа алғанда ғана жәмийет, мәмлекет өз сиясатын дурыс белгилеўи мүмкин. Руўхыйлықты сиясат пенен байланыстырыўда ең дәслеп, улыўмаинсаный мәплерди есапқа алыў керек болса, оннан кейин ҳәр бир миллеттиң шахстың, инсанның, топардың руўхый жағдайларын есапқа алыў керек болады.
Сиясат түсинигинде ҳәр қыйлы түрли мәплерди гөзлеў, әмелге асырыў жатады. Ҳаслында, сиясат-бул жәмийет турмысының ҳәр қыйлы тараўларында пайда болатуғын жағдайларды, қыйын ўазыйпаларды орынлаўға, анық мақсетлерге ерисиўге қаратылған топар, партия, класс, мәмлекет хызмети болып есапланады.
Сиясатты алып барыў ҳәм турмысқа енгизиў оғада қыйын. Ол жоқары руўхыйлықты талап етеди. Сиясаттың мазмунында, жәмийеттиң, мәмлекеттиң мәдений, руўхый хызмети сыпатланса ғана, ол сиясат халық тәрепинен қоллап-қуўатланады. Себеби онда улыўма халық ықтыяжлары жәмленген болады. Сиясат жоқары руўхыйлықты жаратыўға тәсир етсе, ол мәңгилик түс алады. Бул ҳаққында И.А.Каримов` «Мәмлекетимиз алып баратырған сиясаттың мазмуны сол-журтымызда жасап атырған бәрше миллет ўәкиллериниң мәплери ҳәм ҳуқықларын қорғап, олардың мәденияты, тили, миллий үрип-әдетлери ҳәм дәстүрлерин сақлаў ҳәм де раўажландырыўға, олардың мәмлекет дүзилмелери жумысында ҳәм жәмәәт турмысында актив қатнасыўына кепиллик бериледи»ә деген еди.
Жәмийетлик турмысты басқарыў жүдә қыйын, лекин зәрүрият есапланады. Мәмлекет басқарыўы, ҳаслында сиясий басқарыў дегенди аңлатады. Оның ўазыйпасы халық турмысы қыйыншылықларын есапқа алып, жәмийетлик топарларды бирлестириўге ҳәрекет етиў. Бунда ол түрли қураллардан пайдаланылады, соның ишинде руўхый тараўлардан пайдаланыў да соған киреди.
Сиясатта әдалатлы болыў халық жеңиси есапланады. Әдалатты сүйиўшиликтиң қарар табыўы қабыл етилип атырған нызамларда, алып барылып атырған дурыс сиясатта өз сәўлелениўин табады. Сол себебли сиясаттың, әдалаттың күши жоқары руўхыйлықта десек қәте болмайды. Жоқары руўхыятлы адам өз билими менен бәрше процессти қамтып алады. Нызам, қағыйда, мәденият, үрп-әдет, қәдириятлардан жоқары руўхыйлықтағы адам ғана өз орнында пайдаланады.
Кайқаўыс: «қорқыў билмейин десең, жаўызлық қылма» дейди, ал Саадий болса` «Ким жаўызлықтың туқымын сепсе, пушайман жыйнайды» деп бийкарға айтпаған.
Зораўанлық сиясатында көбирек жәмийетлик мәплер жатады. Мәмлекет халқы мәплеринен өзиниң тар, шахсий мәплерин үстин қойыў-усы сиясатты жүргизиўдиң усылы. Халықты материаллық ҳәм руўхый жақтан талан-тараж етиў-зораўанлықтың негизи. Тастыйықлаў лазым, патша Россиясы ҳәмелдарлары, кейинирек Компартия сиясий бюросы ағзалары үлкелерде руўхый-мәдений раўажланыўға жол қоймаўға, жергиликли миллет ўәкиллерин қарамлықта сақлаўға умтылды. Олардың тил ҳәм үрп-әдетлери менен пүткиллей қызықпады. Нәтийжеде бул жергиликли халықлар руўхыятына унамсыз тәсир көрсетти. Руўхый мийрас барынша кемситилип. «Пролетар мәденияты», «Мәденият ҳәм руўхыйлықта партия басшылығы», «Формасы миллий, мазмуны социалистлик мәденият», «Миллий мәдениятлардың бир-бирине жақынласыўы ҳәм келешекте қосылып кетиўи» киби идеяларды мәжбүрлеп сиңдире баслады.
Әлбетте зораўанлық саясаттың буннан басқада түрли жол ҳәм усыллары бар. Сондай жол ҳәм усылларды патша Россиясының Түркистан үлкесиндеги генерал-губернаторы М.Скоблевтың сөзлеринде анық көремиз. Оның: «Миллетти жоқ қылыў ушын оны қырыў шәрт емес. Оның мәдениятын, көркем өнерин, тилин жоқ қылсаң болды, тез арада өзи жоққа шығады» деп айтыўы барып турған душпанлық сиясаты еди. Бундай жаўыз сөзлер Скоблев сыяқлы кимселер тәрепинен тек бир мәртебе емес, мыңлап айтылғанлығына исенимимиз кәмил. Буған мысал етип ХХ әсирдиң 80-90 жылларындағы «өзбеклер иси» ҳаққындағы пикирлерди айтса да болады.
Руўхыйлықтың раўажланыўында мәмлекет тәрепинен алып барылатуғын сиясаттың роли оғада үлкен. Қайсы мәмлекетте руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықты көтериў, ол ҳаққында ғамқорлық етиў мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилген болса, сол мәмлекетте тынышлық, бирлик жүзеге келеди, илим, пән, ағартыўшылық ҳәм мәденият раўажланады. Бул өз нәўбетинде мәмлекет алдында турған ең қыйын машқалаларды шешиў имканиятын береди.
Мәмлекет өз сиясатында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықты раўажландырыўды үстин ўазыйпа сыпатында қарағанда ғана оның ҳәр тәреплеме раўжланыўы ушын имканиятлар кеңейип барады. Бул жағдайды дурыс аңлаған мәмлекетимиз басшылығы, айрықша Президентимиз И.А.Каримов, ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен ақ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берип, оған басшылық етип киятыр.
Бийғәрез Өзбекстанда Президентимиз Ислам Каримовтың тиккелей басшылығында ишки ҳәм сыртқы сиясатта прогрессив, инсанды сүйиўшилик ҳәм ағартыўшылықты қоллап-қуўатлаўшылық сиясаты алып барылмақта. Усының нәтийжесинде Өзбекстанның халық аралық майданда абырой-итибары күннен күнге асып бармақта. Ол таңлаған жол жә ҳәндеги мәмлекетлер тәрепинен тән алынбақта.
Сиясаттың руўхый турмысқа реал тәсири мәмлекетте ағартыўшылықты, илим-пән, әдебият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў туўралы көрсетилген әмелий ислерден жүзеге келеди. Өз нәўбетинде пухаралардың жоқары руўхыйлық ҳәм ағартыўшылыққа ийе болыўы мәмлекеттиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди.
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылыққа таянған мәмлекетте тынышлық, бирлик болады ҳәм ол раўажланып бара береди. Руўхыйлық өзиниң әҳмийети менен халық ҳәм мәмлекет турмысында сиясатты туўры, адалатлы, инсанды сүйиўшилик бағдарында алып барыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекеттиң күш-қүдирети оның жетик дәрежесин тәмийнлеўдиң әҳмийетли усылларының бири сиясатты әне усы бағдарда алып барыў болып есапланады.

Download 45,74 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish