айырықшалықлары
Жоба:
Ортақ стильлик фразеологиялық сӛз дизбеклери
Аўызеки сӛйлеў тилине тән фразеологиялық сӛз дизбеклери
Жазба стильге тән фразеологиялық сӛз дизбеклери
Таяныш сӛзлер: фразеологизмге тән стильлик айырықшалықлар, мәнилик бояўлар, ортақ стильлик фразеологизмлер, аўызеки сӛйлеў тилине тән фразеологизмлер, жазба стильге тән фразелогизмлер, ортақ стильлик қатламның элементлери, жәмийетлик-публицистикалық фразеологизмлер, илимий-фразеологиялық лексика, арнаўлы ислер ҳәм ис қағазлары стилине тән фразеологизмлер, кӛркем-беллетристикалық фразеологиялық лексика.
Сораўлар
Фразеологизмлер қандай стильлик айырықшалықларға ийе
Фразеологиялық экспрессивлик-стильлик жақтан қандай топарларға бӛлинеди
Фразеологиялық сӛз дизбеклериниң экспрессивлик-услублық айрықшалықлары
ҳаққында
Фразеологиялық сӛз дизбеклери ӛзгеше мәнили лексикалық бирлик сыпатында экспрессивлик жақтан тәсирлилик пенен сыпатланады. Бул ӛзгешелик кӛпшилик фразеологиялық сӛз дизбеклерине тән қәсийет. Бул оларды сәйкес синонимлик жубайлары менен салыстырғанда айырықша сезиледи. Айтайық, жағының етин жеген сӛз дизбеги менен арық деген сӛз мәнилик жақтан бир-бирине жақын, сонлықтан олар бир синонимлик қатарға ене алады. Ал мәнилик жақтан бириншиси екиншисине қарағанда анағурлым ӛткирликке, тәсирлиликке, күшли экспрессияға ийе: Сӛйлеўши де, жазыўшы да мине усы жағдайды есапқа ала отырып, күнделикли турмыста фразеологиялық сӛз дизбеклеринен пайдаланыўға умтылады. Фразеологизмлерге тән услублық айырықшалықлар, мәни бояўлары оларды таңлап қолланыўға, тил арқалы пикир алысыўдың, қатнастың дәл жағдайларына сәйкес орынлы қолланыў зәрүрлигин туўдырады.
Биз жеке сӛз түринде қолланып жүрген анаў я мынаў лексикалық бирликлерге услублық баҳа бериўде, оларды услублық жақтан классификациялағанда пикир алысыўдың еки түрли - аўызеки сӛйлеў ҳәм жазба формаларын, соған сәйкес сӛйлеў ҳәм логиялық сӛз дизбеклери мине усыған байланыслы да услублық қолланылыўы, бейимлилиги жағынан бир-биринен парық қылады. Олардың бир топары аўызеки сӛйлеў тән болса, екинши биреўлери жазба услубқа тән, ал үшинши бир топары аўызеки сӛйлеў услубына да, жазба услублар тараўында да ӛрис таңламастан қолланыла береди. Усыған қарай фразеологиялық сӛз дизбеклерин тийкарынан үш топарға бӛлиўге болады:
ортақ услублық фразеологиялық сӛз дизбеклери,
сӛйлеў тилине тән фразеологиялық сӛз дизбеклери,
жазба услубқа тән фразеологиялық сӛз дизбеклери.
Do'stlaringiz bilan baham: |