М. Нызанов шығармаларында фразеологиялық синонимлердиң стильлик қолланылыў



Download 24,97 Kb.
Sana14.01.2023
Hajmi24,97 Kb.
#899467
Bog'liq
Мaqala


М. НЫЗАНОВ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ФРАЗЕОЛОГИЯЛЫҚ СИНОНИМЛЕРДИҢ СТИЛЬЛИК ҚОЛЛАНЫЛЫЎ
ӨЗГЕШIЕЛИКЛЕРИ
Хәр кандай фразеологиялық сөз дизбеклеринде жай сөзлерге ямаса сөз дизбеклерине салыстырғанда эмоциональ-экспрессивлик мәни, образлылық күшли болады. Соның менен бирге олардың биразларында ҳәр халықтың миллий калорити де сәўлеленеди. Усындай өзгешеликлерине байланыслы фразеологизмлер стилистикалық мақсетте жүдә кең пайдаланылады. Сөйлеўши белгили бир пикирди, мазмунды билдириў ушын бирдей ямаса өз-ара жақын мәниге ийе болған лексикалық тил қуралларының кереклисин таңлап қолланады. Бундай тил кураллары өз-ара семантикалық қатнаста болады.Тилди пайдаланыўда ондағы тил куралларын таңлаў мүмкиншилиги синонимлер арқалы иске асады. Ҳәр кыйлы жағдайларда пикирди дәл хәм анық баянлаў тилди раўажландырады хәм жетилистиреди. Көркем сөз шеберлери өз шығармаларында фразеологизмлерди мәнилик өзгешелигине, образлылығына карай таңлап алып колланылыўы мүмкин. Өз-ара синоним болған фразеологизмлер бири-биринен стильлик жақтан, мәнилик бояўы жағынан бир-биринен ажыралып турады.
Синоним дегенде көпшилик изертлеўшилер тил бирликлериниң бирин- бири алмастыра алыў уқыплылығын түсинсе, ал айрымлары, тек мәнилери бир-бирине жақын болған тил бирликлерин синоним деп қарайды. Өз-ара алмастыра алыў уқыплылығы дегенде, бириншиден, синонимлик қатнастағы сөзлердиң мәниси бойынша бирин-бири алмастырыўы, екиншиден, бирдей контекстлерде бир сөзди екиншисиниң орнына қолланыла алыў мүмкиншилиги түсиннледи. Усы еки фактор синонимлерди анықлаўдағы тийкарғы өлшем болып есапланады.
Фразеологиялық синонимия мәселеси көплеген изертлеўшилердиң дықкатын аўдарған. Тилши илимпазлар фразеологиялық бирликлерде синонимияны белгилеўдиң хәр түрли принциплерин усынады. А. И. Молотков фразеологиялық синонимлердиң өзине тән төрт түрли өзгешелигин ажыратып көрсетеди: мәнилердиң бирдейлиги, усаслығы; қурамында бирдей компонентлердиң болмаўы; лексика-грамматикалық жақтан усаслығы; компонентлерди өз-ара бир-бири менен алмастырыў мүмкиншилигиниң болмаўы [1]. М. М. Копыленко хәм 3. Д. Попова фразеологиялык синонимияның қурамындағы лексемаларына қарай парықланыўшы, мәниси жағынан жақын болған, бирак бир ямаса бир неше семантикалык белгилерине карай парыкланыўшы тураклы түсиниклер [2] сыпатында талқылайды.Қаракалпак тили лексикалык синонимлерге қандай бай болса, фразеологиялық синонимлерге де сондай бай. Фразеологиялық синонимия дегенде мәнилери бир-бирине жақын болған, хәр қыйлы дүзилмеге ийе болған фразеологизмлер нәзерде тутылады. Фразеологиялық синонимлердиң өзлери еки түрге бөлинеди:
1. Фразеологизмлердиң жеке сөз бенен синоним болыўы.
2.Фразеологизмлердиң өз-ара бир-бирине синоним болыўы.
Фразеологиялық сөз дизбеги менен жай сөз арасындағы синонимлер лексикалық-фразеологиялық синонимлер деп аталады [3]. Мысалы: қас пенен көздиң арасында - тез сөзи менен, үскини куйылыў-кеўилсизлик сөзи менен синоним болып келиўи бул фразеологизмлердиң жеке сөз бенен синоним болыўы. Кас пенен көздин арасында-көзди ашып жумғанша; үскини куйылыў еңсеси түсиў, булар фразеологизмлердиң өз-ара бир-бири менен синоним болыўы. Өз-ара синоним болған фразеологизм сөзер бири-биринен стильлик жактан ажыральш турады. Сонлықтанда көркем шығармаларда олар мәнилик өткирлигине, образлығына қарай таңлап алып қолланылады.Муратбай Нызановтың шығармаларында өз-ара синоним болған фразеологизмлер көплеп ушырасады. Олар бири-биринен стильлик жақтан ажыралып турады. Бундай синонимлес фразеологиялық дизбеклерди мәнилерине қарай бир неше түрлерге бөлип караўға болады.Индемеў, сөйлемеў мәнилерин билдриўши фразеологиялық синонимлер ҳәр қыйлы мәнилик бояўларды бериў ушын шеберлик пенен жумсалғанын көремиз:
Лекин, ҳеш қайсысы ләм-лим деп бир-бирине аўыз ашпады.”Ашық болмаған ким бар”романы, 17-бет)
Бул үйде неге уйқысы шала болатуғынын ҳеш кимге тис жарып айтnас еди. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 16-бет)
- Бийкеш!... - Нигардың оннан арыға тили гурмелмеди. (”Ашык болмаған ким бар” романы, 8-бет).
Есейиў, ер жетиў мәнисин беретуғын фразеологиялық синонимлер:
Енди ол да азғана болған жоқ. Мурнына шамал енди. Бир күни келин әкелип, куўантып та қояр еле. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 23-бет).
Олар қыялыма жазғы үш ай дем алыста бираз ириленип хәм бой жетип қалғандай еди. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 30-бет).
Қала берди, бизден алдын жети жылтықты питкерип кеткен оқыўшылардан үйренгенимиз - жетиншиге өткеннен кейин кызлар өзин толық бой жеткен деп есаплайды. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 30-бет)
Әсиресе, оныншы классқа өткеннен кейин өзин жүдә ер жеткен жигит санап, айырым муғалиимлерди писент етпей койды, тек физкультура муғаллиминен айбынар еди. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 32-бет)
Олай деме иним, Жақсыбай аға көпти көрген, жасы улкен адам. (“Ашык болмаған ким бар” романы, 160- бет)
Жазыўшы шығармаларында көз астынан караў, нәзер салыў, көз қырын салыў фразеологиялык синонимлери дыкқат етип қараў ямаса итибар бермеў мәнилеринде жумсалады:
Керисинше келиншектиң көз астынан урланып қараўы жаман емес. (“Танламалы шығармалары”. II том, 113-бет)
Бирақ сонда да маған итибар берип, дурыслап нәзер саладыңыз. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 23-бет)
Тағы бирде апам менен сизиң үйнңизге барғанымда анаңыз маған көз қырын да салған жоқ.. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 25-бет)
Бул мысалларда қолланылған ”көз астынан урланып қараў", нәзер салмадыңыз, көз қырын да салған жоқ»синонимлик қатардағы фразеологизмлер бир-биринен ҳәр қыйлы мәнилик бояўлары менен ажыралады. Мәселен, көз астынан караў сездирмей, жасырын түрде қараў, нәзер салмаў,, көз қырын да салмаў деген соңғы еки фразеологизм мәнилик бояўы жағынан бир-бирине жақын болып, дықкат пенен карамаў, итибар бермеў мәнилерин бериў мақсетинде жазыўшы тәрепинен таңланған. Бул фразеологиялық синонимлерде жай сөзлерге салыстырғанда көркемлилик, образлылық күшли болады.
Сондай-ақ жазыўшы шығармаларында хәр түрли өзгешеликлерге ийе болған адамнын қазаланыўын билдиретуғын эвфемизм мәнисиндеги фразеодогиялық синонимлер де ушырасады. Мысалы:
Ол қашан қайтыс болған, қалай қайmыс болған, атасының қыз апасы бул үйде не қылып жүр - ояқларын билмейди. (“Ақырет уйқысы” 7-бет)
Базар кемпир де дәрья абыржы болып атырған бәҳәрдиң дәслепки күнлеринде дүньядан өтти. (“Ақырет уйқысы” 15-бет.
Деми-куни питкен бендесине дә, од!... (“Күлме маған”) 128-бет)
Сен былай ет, сол жан тапсырған жериндеги емлеўханадан мынадай кеселден өлди) деген уйғарымын алып кел. (“Таңламалы шығармалары” 11том, 126-бет)
Ондайда мен өзимди уяттан тута алмай, жас өмиримди қазан етиўге дейин барыўым мумкин. (“Ашык болмаған ким бар” романы, 17-бет)
- Ол өмирден көз жумғаннан кейин сизиң душпанларыңыз жаўыннан кейинги замарықтай изли-изинен көгерип» шыға баслады. (“Ашық болмаған ким бар” романы, 158 - бет).
Бунда дыққатқа алынған фразеологизмлердиң барлығы өлиў деген бир мәни билдиргени менен олардын хәр қайсысында өзлерине тән семантикалық- стильлик езгешеликлери бар. Жазыўшы шығармаларында фразеологиялық синонимлер семантикалық хәм стилистикальқ жақтан айтажақ пикирди көркем образлы етип бериўде хәм бирдей фразеологизмлерди қайталай бермеў мақсетинде айрықша хызмет атқарған.
Әдебиятлар
1. Молотков А.И.Фразеологический словарь русского языка. М., 1978, 17бет.
2. КопыленкоМ.M., Попова 3.Д.Очеркипо общей фразеологии. Воронеж, 1972,34-бет
Download 24,97 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish