Ири толтырғыш
. Әпиўайы аўыр бетон таярлаўда ири толтырғыш сыпатында шағал
ҳәм чақиқ таслар ислетиледи. Ири толтырғыш 5-70 мм фракцияда болады. Массив монолит
конструкциялар ҳәм иншаатлар қурылысында бетон араласпасына 150 мм ириликке шекем
толтырғыш киритиў мүмкин. Шағал қурамы тас ҳәм азғана қумнан ибарат болып, шаӊ,
топырық, слюда ҳәм органикалық шириндилер араласқан болады. Шағал даналары овал,
жалпақ формада болып, бети тегис болады. Таў (жар) шағалыныӊ бети гедир-будыр болыўы
мүмкин. Дәрья, теӊиз шағалы таў шағалына салыстырғанда тазарақ болады.
Чақиқ тас атылып шыққан, метаморфик ҳәм суў орталығына шыдамлы тығыз шӛгинди
таў жынысларды майдалап таярланады. Чақиқ тас серқирра ҳәм бети ғадир-будыр болыўы
цемент тасы менен жақсы тислесиўин тәмийинлейди. Соныӊ ушын жоқары маркадағы
бетонлар таярлаўда чақиқ тас ислетиледи. Чақиқ тас қурамында топырық, шаӊ ҳәм
органикалық араласпалар кем болады.
Ири толтырғыш сапасы минерал қурамы, таў жынысларыныӊ беккемлиги ҳәм суўыққа
шыдамлылығы, донадор қурамы, даналардыӊ формасы, минерал ҳәм органикалық зыянлы
араласпалардыӊ муғдары менен белгиленеди.
Ири толтырғыш жынысыныӊ суў сиӊгендеги беккемлиги бетон беккемлигине
салыстырғанда 1,5-2 мәрте үлкен болыўы керек.
Бетонныӊ тығызлығы, беккемлиги, суўыққа шыдамлылығы ири толтырғыштыӊ
донадор қурамына тиккелей байланыслы болады. Ири толтырғыш даналарыныӊ үзликсиз
фракцияларда болыўы цементтиӊ тежелиўин тәмийинлейди. Ири толтырғыш 5-10, 10-20, 20-
40 ҳәм 40-70 мм фракцияларда болады.
Бетон таярлаўда белгили фракциядағы ири толтырғышты ислетиў конструкцияныӊ
ӛлшемлери, арматуралар арасындағы аралықлар менен белгиленеди.
Темирбетон балкалар, колонналар, рамалар ҳәм басқа конструкциялар таярлаўда ири
толтырғыш данасыныӊ үлкен тәрепи ӛлшеми арматура стерженлери арасыдағы аралықтыӊ
3
4 бӛлегинен киши болыўы шәрт, қабатлар аралық ҳәм тӛбе бастырма плиталары ушын
болса плита қалыӊлығыныӊ 1
2 бӛлегинен кем болыўы керек.
Имарат ҳәм иншаатлар қурылысында ислетилетуғын темирбетон конструкциялар ҳәм
бетон буйымлар таярлаўда әдетде 5-10 ҳәм 10-20 мм фракциялы толтырғышлар 2:3 қатнаста
араластырып қолланылады. Конструкциялардыӊ кӛлемли ӛлшемлери ирилескен сайын ири
толтырғыш фракциялары да артып барыўы мүмкин. Бетон ушын белгиленген ири даналар
5% ке шекем болыўы рухсат етиледи.
Зәрүрлик болғанда 3-10, 10-15, 5-15 ҳәм 15-20 мм фракциядағы чақиқ тас арнаўлы
темирбетон конструкциялар таярлаўда ислетилиўи мүмкин. Ири толтырғыш донадор қурамы
даналардыӊ еӊ үлкен D ҳәм еӊ киши d ӛлшемлери менен белгиленеди. Ҳәр бир фракция
ямаса олардыӊ араласпалары донадор қурамы тӛмендеги аралықда болыўы керек:
Do'stlaringiz bilan baham: |