Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet106/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   290
Bog'liq
ОМК

15.1.2 Жеӊил бетон қәсийетлери
 
Жеӊил бетон теориясы оныӊ беккемлиги ҳәм бетон араласпасыныӊ чиқиш 
коэффициентиниӊ (

) суў сарпы ортасындағы байланыстан келип шығады. Бул теория 
Н.А.Попов тәрепинен белгиленген болып, 

коэффициенти тӛмендегише анықланады: 
,
V
V
V
V
й
м
ц
к
.
б




бул жерде: V
б.қ.
, V
м
, V
й
-сәйкес түрде тығызластырылған бетон араласпасы, цемент, 
майда ҳәм ири толтырғышлардыӊ кӛлемлери; 

-барқулла бирден киши сан болып, әдетде 
0,6-0,8 теӊ. 
Жеӊил бетон беккемлиги (R) цемент маркасы, цемент-суў қатнасы, геўек толтырғыш 
беккемлигине байланыслы болып, тӛмендеги формула жәрдеминде анықланыўы мүмкин: 
R

AR
ц


С-в) , 
бул жерде: А ҳәм в коэффициентлери аўыр бетонда ислетилетуғын коэффициентлерден 
парқ қылады. Геўек толтырғыштыӊ беккемлиги кем болса, А ҳәм в коэффициентлери де 
соншелли киши болады. 
Доимий ислетилип атырған цемент ҳәм жеӊил толтырғышлар ушын суў муғдары 
оптимал муғдарда болғанда, жеӊил бетон беккемлиги тийкарынан цементтиӊ маркасы ҳәм 
муғдарына байланыслы болады: 
R

KR
ц
(Ц-Ц
о
) , 
бул жерде: К ҳәм Ц
о
-бетон үлгилерин сынап анықланатуғын шамалар. Үлгилер 
таярлаўда суў муғдары оптимал болып, цемент муғдары болса ӛзгереўшеӊ болған ҳәм 
үлгилер бир қыйлы шараятда қатқан болыўы шәрт. К-ӛлшемсиз шама болып, Ц
о
-цемент 
сарпы кг болыўы мүмкин. 
Жеӊил бетон қурамы тажриба-сынаў усылында анықланады. Попов Н.А. усыныс еткен 
график бойынша толтырғышлардыӊ оптимал донадор қурамы таӊланады, соӊ цементтиӊ 3 
қыйлы сарпында жеӊил бетон араласпалары таярланады. Белгиленген бетон 
ҳәрекетшеӊлигине сәйкес келетуғын оптимал суў муғдары таӊланады. 
Бетон араласпасынан куб формасындағы үлгилер таярланып тығызлығы, 
беккемлигиниӊ цемент сарпына байланыслылығы графиклери қурылады ҳәм усы графиклер 
тийкарында жеӊил бетонныӊ оптимал қурамы анықланады. 
Жеӊил бетонлардыӊ сапасын беккемлиги бойынша класслары ҳәм орташа тығызлығы 
бойынша маркалары белгилейди. Тығызластырылған жеӊил бетон қысылыўдағы беккемлик 
шегарасына (МПа) қарай В2,5... В40 классларда, созылыўдағы беккемлик шегарасына қарай 
(МПа) В0,8... В3,2 классларда болады. 
Ыссылық изоляциясы бетонлары В0,35; В0,75 ҳәм В1 классларда болады. 
Жеӊил бетонлар классларға бӛлинбестен қысылыўдағы беккемлигине (кг

см
2
) қарай 
М35-М500 маркаларда болады. Жеӊил бетонлар қурғақ ҳалатда орташа тығызлығына (кг

м
3

қарай Д200... Д2000 маркаларға бӛлинеди. 
Жоқары маркадағы конструкцион жеӊил бетонлар орташа тығызлығы 1600-1800 кг

м
3
болып, оларды таярлаўда беккемлиги жоқары жеӊил толтырыўшылар (тӛкпе ҳалатдағы 
тығызлығы 600-800 кг

м
3
) ислетиледи. Бул ҳалда майда геўек толтырыўшылар азмаз ямаса 
пүткиллей тығыз толтырғышлар менен алмастырылады. 
Жеӊил бетонлар ислетилиў тараўына қарай тӛмендеги топарларға бӛлинеди: орташа 
тығызлығы 1400-1800 кг

м
3
болған конструкцион; орташа тығызлығы 500-1400 кг

м
3
болған 
конструктив-ыссылық изоляциясы; 500 кг

м

қа шекем орташа тығызлықдағы ыссылық 
изоляциясы. Жеӊил бетонлардыӊ орташа тығызлығын цемент тасы қурамында жабық 
микрогеўеклер пайда етиў усылы менен кемейттириў мүмкин. Буныӊ ушын жеӊил бетон 
таярлаў процессинде кӛбик ямаса газ пайда етиўши химиялық қосымшалар аз муғдарда 
киритилиўи жеткиликли. Әдетде цемент тасында пайда етилген микрогеўеклер жеӊил 


101 
бетонныӊ беккемлигин кемейттирмеген ҳалда тығызлығы ҳәм ыссылық ӛткизиўшеӊлигин 
сезилерли дәрежеде кемейттиреди. 
Жеӊил 
бетонлардыӊ 
әҳмийетли 
қәсийетлеринен 
бири 
олардыӊ 
ыссылық 
ӛткизиўшеӊлиги есапланады. Ыссылық ӛткизиўшеӊлик жеӊил бетонныӊ тығызлығына ҳәм 
ығаллығына тиккелей байланыслы болады. Жеӊил бетон салыстырмалы ығаллығыныӊ 1% 
кӛбейиўи ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициентиниӊ 0,016-0,035 Вт


.0
С) артыўына алып 
келеди. Керамзитобетон, аглопоритбетонныӊ ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициентлери 
сәйкес түрде 0,16-0,40 ҳәм 0,25-0,48 Вт


.0
С) болады. 
Турақжай имаратларыныӊ сыртқы дийўалларына ислетилетуғын конструктив-ыссылық 
изоляциясы жеӊил бетонлары қалыӊлығы ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициентине қарай 
20 дан 40 см ге шекем болыўы мүмкин. Бундай бетонлар қурамы сондай таӊланыўы керек, 
яғный атмосферадағы ығаллылық нормадан артық түрде уйсозлик панеллерине сиӊбесин. 
Әсиресе ығал тартқан уйсозлик конструкциялары қурамындағы суўдыӊ музлаўы олардыӊ 
ыссылық изоляциясы қәсийетлерин кескин жаманластырады. 
Жеӊил бетонлардыӊ суўыққа шыдамлылығы геўеклигине, геўекликтиӊ структурасына 
ҳәм беккемлигине байланыслы болады. Жабық геўекли толтырғышлар тийкарындағы жеӊил 
бетонлар ашық геўекли толтырғышлы бетонларға салыстырғанда суўыққа, температураныӊ 
кескин ӛзгериўине шыдамлы болады. Жеӊил бетонлар суўыққа шыдамлылығы бойынша 
/25... /500 маркаларда болады. Жеӊил бетонлардыӊ суўыққа шыдамлылығын тығызлығын 
кӛбейтириў, гидрофоб ямаса дифил полимер қосымшалар қосыў менен асырыў мүмкин. 
Жеӊил бетонлардыӊ суў ӛткизбеслиги толтырғышлардыӊ түрине, цементтиӊ 
муғдарына, бетонды тығызластырыў усылына тиккелей байланыслы болады. Олардыӊ суў 
ӛткизбеслиги W0,1...W1,2 болып, тығыз конструктив жеӊил бетонларда W2 болыўы мүмкин. 
Жоқары беккемликтеги суўыққа шыдамлы жеӊил бетонлар тийкарында қурамалы ҳаўа 
райы 
шараятларында 
ислетилетуғын 
кӛпир 
конструкциялары, 
гидротехникалық 
сооружениелер, жоқары басымда ислейтуғын темирбетон трубалар ҳәм басқа 
конструкциялар таярланады. 
Жеӊил бетон араласпалары аўыр бетон таярланатуғын қарығышларда таярланыўы 
мүмкин. Бирақ бетонқарығышқа жеӊил бетон компонентлери бираз басқашарақ избе-изликте 
салынады. Дәслеп цемент суў менен араластырылып, соӊ избе-из майда ҳәм ири 
толтырғышлар қосылады ҳәм жақсылап араластырылады. Аўыр бетон араласпасы сыяқлы 
дәслеп компонентлер қурғақ ҳалатда араластырылып, кейин суў менен араластырылса
жеӊил бетон қурамындағы геўек толтырғыш суўды сиӊдирип алады, нәтийжеде бетон 
араласпасын таярлаў қыйынласады. 
Жеӊил бетон араласпасын “бӛлек” (айырма) технология усылында таярлаў мақсетке 
муўапық. Бул усылға муўапық байланыстырыўшы, суў ҳәм модификаторлар тез айланыўшы 
роторлы қарығышларда (400-600 марта

мин) 40-60 сек даўамында интенсив араластырылады, 
соӊ мажбурий бетонқарығышда толтырыўшылар менен араластырылады. “Бӛлек” усылда 
жеӊил бетон араласпасы бир қыйлы структурада пайда болады ҳәм оннан таярланған буйым 
ҳәм конструкциялардыӊ сапасы жоқары болады. 
Жеӊил бетонларды қәлиплеў ҳәм тығызластырыў аўыр бетонларды қәлиплеў усылы 
сыяқлы болады. Үлкен майданлы жеӊил бетон конструкцияларды тығызластырыў 
процессинде 20-50 г

см
2
басым түсетуғын есапта жүк қойып тығызластырыў нәтийжели 
болады. Себеби титиретип тығызластырылғанда бетон бетинде жеӊил толтырғыш даналары 
бӛртип шығып нотегис бет ҳәм геўек структура пайда етиўи мүмкин. Жеӊил бетонлардыӊ 
қатыўын пуўлаў, түрли ыссылық бериўши қураллар жәрдеминде тезлестириў мақсетке 
муўапық. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish