96
Бетон тәбийий ҳалатда монолит қуйылғанда қатады. Заводда темирбетон
конструкциялар маркадағы беккемликтиӊ 70% ке 7 сутка даўамында ерисиўин есапқа алсақ,
бул фактор бетон қуйыў цехларыныӊ жүдә үлкен аймақларды ийелеўин түсинемиз.
Жыйналмалы темирбетон ислеп шығарыўда бетонға ыссылық пенен қайта ислеў берип
қатыўын тезлестириў кеӊ тарқалған. Бетонға ыссылық түрли усыллар менен тәсир
еттирилиўи мүмкин, себеби 80-85
0
С температуралы суў-пуў араласпасы ямаса 100
0
С
температуралы тойындырылған пуў туўрыдан-туўры буйымға жиберилиўи, пуў, электр токи,
жүдә жоқары жийиликли ток ҳәм басқа ысытыў дереклери жәрдеминде бетонды контакт
(билвосита) усылында қыздырыў мүмкин. Суў-пуў араласпасы менен бетон қыздырылғанда
қатыў ўақтында салыстырмалы ығаллылық сақланады ҳәм
цемент гидратациясы ушын
қулайлы шараят жаратылады.
Бетонныӊ қатыўын тезлетиў усылларынан айрымларын атап ӛтемиз.
Бетонды пуўлаў дәўирли ҳәм үзликсиз ислейтуғын камераларда әмелге асырылады.
Дәўирли ислейтуғын камераларда бетон қәлип ямаса поддонларда жайласады, қақпағы
жабылғаннан кейин, әтирапына суў қуйылып пуўдыӊ камерадан шығып кетиўи бартараф
етиледи. Камераға пуў жибериледи ҳәм әсте-ақырынлық пенен температура 80-100
0
С ға
шекем жеткизиледи. Бетон жеткерилген температурада 4-12 саат даўамында услап
турылады, соӊ әсте-ақырын температура пәсейттириледи. Ҳәр бир түрдеги бетон буйым ҳәм
конструкция ушын пуўлаў режими тәжирийбе нәтийжелери менен анықланады.
Пуўлаў режиминде температураны әсте-ақырынлық пенен кӛтериў ҳәм тӛменлетиў
бетоннан пайда болатуғын деформацияланыў нәтийжесинде жарықлар пайда болыўын
огоҳлантиради. Бетонныӊ пуўлаў режими цементтиӊ химиялық-минералогиялық қурамы ҳәм
бетонныӊ түрине ҳәм қурамына байланыслы болады. Пуўланған бетонныӊ беккемлиги
маркадағыға салыстырғанда 65-75% қурайды.
Бетонды ыссылық пенен үзликсиз қайта ислейтуғын камералар горизонтал (туннелли)
ҳәм вертикал болыўы мүмкин. Туннелли камерада қәлипленген бетон арнаўлы
вагонеткаларда ҳәрекетке келтириледи.
Ҳәрекетленип атырған вагонеткаларға қарама-қарсы бағытда пуў жибериледи ҳәм
бетон әсте-ақырын қызады, номинал температурада услап турылады ҳәм суўытылады. Бетон
буйымлар вертикал ысытыў камерасында арнаўлы үскенелер жәрдеминде бир тәрептен
кӛтерилип, екинши тәрептен түсирип турылады.
Камераныӊ жоқары бӛлегине пуў жиберилип температура номинал дәрежеде услап
турылады.
Бетон қатыўын пуўлаў усылында 7-8 мәртебе тезлестириў мүмкин.
Бетонды электротермикалық усылда 50 Гц ӛзгермели, 380 В кернеўли токда 80-90
0
С
температураға шекем қыздырыў жақсы нәтийже береди. Бетонға
электр токи юзаки ямаса
ишки электродлар жәрдеминде жибериледи. Ток жәрдеминде бетон араласпасын 5-10 минут
даўамында номинал температураға шекем қыздырып, соӊ қәлиплеў де жоқары нәтийже
береди. Алдыннан қыздырылған бетонда цементтиӊ гидратация процесси тезлеседи ҳәм
бетон интенсив қата баслайды.
Бетонды нурлы энергия дереги болған жүдә жоқары жийиликли ток, инфрақызыл
нурлар менен қыздырып қатыўын тезлестириў мүмкин. Нурлы энергия усылында жуқа, кеӊ
юзали бетон ҳәм темирбетон конструкциялар қатыўын тезлестириў мақсетке муўапық.
Бетон қатыўын аз муғдарда химиялық қосымшалар қосып тезлестириў мүмкин.
Химиялық қосымша сыпатында хлорли натрий ҳәм хлорли калций, натрий нитрати, калций
нитрит-нитрати, калцийлестирилген сода, суйық шийша, карбамид ҳәм басқалар ислетиледи.
Хлорлы дузлар бетон қурамына цемент массасына салыстырғанда 1-2% қосылады, олар
муғдарыныӊ артыўы конструкцияныӊ металл арматурасы жемирилиўине алып келеди.
Химиялық қосымшалар бетонныӊ басланғыш дәўириндеги (3 сут) беккемлигин асырыўы
мүмкин, кейинирек 28 сутка беккемлиги қосымшасыз бетон сыяқлы болады.
97
Бетон араласпасына химиялық қосымшаларды киритиў қурамындағы суўдыӊ музлаў
температурасын пәсейттиреди ҳәм минус температурада да бетон қатыўына имканият
жаратады.
Қуяш нуры энергиясынан пайдаланып (гелиотермоислеў) бетонныӊ қатыўын
тезлестириў усылы қурғақ ыссы ықлым шараятында кеӊ тарқалған. Бул усылда монолит ҳәм
жыйналмалы темирбетон конструкциялар қатыўын тезлестириў мүмкин. Қуяш нуры
энергиясын бетон буйымлар үстинде топлаў ушын оныӊ үстинги бӛлеги полиэтилен,
полипропилен ҳәм басқа полимер пленкалар менен орап қойылады; буйым ҳәм
пленка
арасындағы аралық 10-15 см болыўы керек. Қуяш нуры энергиясынан ӛнимли пайдаланыў
мақсетинде буйымлар нур тик түсетуғын ҳалатда орнатылыўы ямаса нурға қарап бурыў
имканияты болған қәлиплерге қойылыўы мүмкин.
Гелиотермоислеўде бир күндиз даўамында, бетонныӊ температурасы жылдыӊ
дәўирине қарап, 45-85
0
С әтирапында болады, бетон болса маркадағы беккемликтиӊ 50-70%
ерисиўи мүмкин.
Жыл даўамында бултлы күнлер де болыўын есапқа алып қуяш нуры энергиясы менен
бирге басқа усылларды да биргеликте қолланыў мақсетке муўапық.
Монолит қуйылған бетон биринши күнлерде арнаўлы парваришга мүтәж болады.
Себеби температура ҳәм салыстырмалы ығаллылықтыӊ нормадан ӛзгериўи бетондағы ишки
зўриқишлар нәтийжесинде пайда болған жарықларды келтирип шығарады. Қурғақ ыссы
ықлым шараятында бетон юзаси рулонлы материаллар (полиэтилен ҳәм полипропилен
пленкалар, бризент, чипта ҳәм басқ.), шашылыўшы материаллар (қум, кепек, гилтопырық
ҳәм басқалар) ҳәм жуқа пленка пайда етиўши полимерлер (лак-этинол, госсипол смоласы
еритпелери, суўда ерийтуғын полимерлер, гелполимерлер) суўдыӊ пуўланыўыныӊ
алдын
алыў мақсетинде пайдаланылады.
Бетон қурамында ығаллылықты сақлаўдыӊ заманагӛй нәтийжели усылы араласпаға
цемент массасына салыстырғанда 0,1-0,5% гелполимерлерди қосыў усылы есапланады.
Гелполимерлер бетонда суўды микроструктура дәрежесинде услап турыў қәбилетине ийе.
Монолит бетон суўық шараятда қуйылғанда бети ыссылық изоляциясы материаллары
менен ўақытша жаўып қойылыўы шәрт. Арнаўлы материаллар тийкарында монолит бетон
конструкцияларды дәслепки күнлерде орап қойыў бетонныӊ нормал қатыўын тәмийинлейди.
Суўық күнлерде бетонды “термос” типиндеги қәлиплерге қуйыў мақсетке муўапық болып,
термостыӊ аралық бослығына ыссы ҳаўа, пуў жибериў имканияты болады.
Қатқан бетонныӊ сапасын бузып ҳәм бузбастан сынаў усылларында анықлаў мүмкин.
Бетонныӊ беккемлигин бетон араласпасынан мунтазам равишда үлги алып арнаўлы кублар
таярланады ҳәм оларды 7 ҳәм 28 сутка сынап анықланады. Куб үлгилери жыйналмалы ҳәм
монолит бетон қатыўы шараятларында қатыўы керек.
Бетонныӊ беккемлигин бузбастан механикалық ҳәм физикалық сынаў усыллары бар.
Механикалық усылға И.А.Фидзелдиӊ “Шар балғасы” ҳәм К.П.Кашкаровтыӊ “Эталон
балғасы” (Кашкаров балғасы) мысал болады. Механикалық усыл соққы берилгенде бетон
бетинде пайда етилген чуқурча үлкенлиги менен анықланады, себеби бетонныӊ беккемлиги
жоқары болса чуқурча киши ӛлшемде пайда болады. Физикалық усыллар бетонға берилген
соққы толқынлары ҳәм ултрадаўыс импулсларыныӊ тарқалыўына тийкарланған. Ултрадаўыс
портатив әсбаплары жәрдеминде бетонда бойлама ҳәм кесе ултрадаўыс толқынлары
тарқалыўын анықлаў мүмкин. Бетон тығыз ҳәм
беккем болса, ултрадаўыс толқынлары
тарқалыў тезлиги жоқары болады. Бетонныӊ беккемлиги “ултрадаўыс тезлиги-беккемлик”
номограммасы жәрдеминде орташа 10% қәтелик пенен анықланыўы мүмкин. Ултрадаўыс
дефектоскопы жәрдеминде бетондағы сызықлар, геўеклер, бослықлар анықланады.
Ҳәзирги күнде лазер нуры тарқатыўшы әсбаплар жәрдеминде бетонныӊ тығызлығы,
дефектлери, ығаллығы ҳәм басқа қәсийетлерин жүдә тезлик пенен анықлаў мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: