Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet64/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   290
Bog'liq
ОМК

 
Қадағалаў сораўлары 
1.
Клинкер минерал қурамына қайсы химиялық бирикпелер киреди? 
2.
Клинкерди күйдириў процессинде қандай ҳәдийсе жүз береди? 
3.
Портландцемент қурамы нелерден ибарат? 
4.
Портландцемент рәсмий түрде кимлер тәрепинен жаратылған? 
10-тема. ГИДРАВЛИКАЛЫҚ БАЙЛАНЫСТЫРЫЎШЫ ЗАТЛАР. ЦЕМЕНТ 
 
Таяныш сөзлер:
клинкерди күйдириў, ығал усыл, айланба хумдон, курғақ усыл, 
эттрингит минералы, вика әсбабы, магнезиал коррозия, минерал төгинлер,
комбинацияласқан усыл,
шламбассейн. 
 
Жоба: 
10.1 Цементтиң қурамы. Клинкер ислеп шығарыў 
10.2 Цементтиң қатыў процесси 
10.3 Портландцементтиӊ қәсийетлери 
10.4 Цемент тасы коррозиясы 
 


61 
10.1 Цементтиң қурамы. Клинкер ислеп шығарыў 
Клинкер ислеп шығарыўда шийки зат қурамын 75-78% ҳәктаслар ҳәм 22-25% 
гилтопырықлар қурайды. Шийки зат қурамын байытыў ушын қураўшы оксидлердиӊ бирин 
қураўшы компонентлер киритиледи. Кремний оксидтиӊ муғдарын асырыў ушын колчедан 
огаркалары ямаса рудасы қосылады. Буннан тысқары цемент ислеп шығарыўда санаат 
шығындыларынан шлаклар, тас кӛмир күли, нефелин шламы ислетиледи. Олардыӊ 
қурамында 50-60% СаО; 25-30% SiO
2
; 2-5% Al
2
O
3
; 3-8% басқа оксидлер болыўы мүмкин. Бул 
ярымтаяр компонентлердиӊ цемент қурамына киритилиўи жанылғы сарпын 20-25% 
кемейттиреди. 
Клинкерди күйдириў тийкарынан жанылғы сыпатында табийий газ, жеке ҳалларда 
болса тас кӛмир порошогы ямаса мазут ислетиледи. Газ жағылғанда клинкер таза 
күйдириледи, кӛмир ҳәм мазут жағылганда болса клинкерди 10-20% га керексиз 
компонентлер менен байытады. 
Цемент ислеп шығарыў тӛмендеги процесслерди ӛз ишине алады: ҳәктас ҳәм 
гилтопырықты қазып шығарыў ҳәм заводқа келтириў; шийки затты таярлаў; шийки затты 
күйдирип клинкер алыў; гипс алып клинкерди түйиў (15% ке шекем гидравликалық 
қосымшалар қосыў мүмкин); цементти складларға жайластырыў. 
Шийки зат писириў хумдонларына 3 қыйлы усылда таярланады: қурғақ, ығал ҳәм 
комбинацияласқан усыллар. 
Ығал усылда шийки зат компонентлери түрли усылларда майдаланып араластырылади 
ҳәм суў қатнасында түйиледи. Пайда болған масса-шлам насослар жәрдеминде 
шламбассейнлерге жибериледи. Шлам қурамындағы суў муғдары 35-45% ти қурайды. Оныӊ 
қурамындағы аӊсат ериўши ҳәктас, гилтопырық дисперс комплексти пайда етеди. Ығал 
усылда клинкер писирилгенде жанылғы сарпы қурғақ усылға салыстырганда 1,5-2 мәрте кӛп 
сарыпланады. Ығал усылда шийки зат таярланғанда суў қатнасында майин шлам массасы 
пайда болады. Бул усылда шийки зат материаллар - ҳәктаслар карерден келтириледи ҳәм 
жақлы ҳәм тоқпақлы майдалағышларда 5 мм үлкенликке шекем майдаланады. Гилтопырық 
ҳәм бўр жумсақ болғанлығы ушын глинаболтушкаларда езиледи. Майдаланған ҳәктас ҳәм 
гилтопырық биргеликте шарлы дигирманларда суспензия ҳалатына шекем түйиледи. Шарлы 
дигирман узынлығы 15 м, диаметри 3,2 м болған, полатдан исленген цилиндр болып, иши 3 
бӛлекке бӛлинген. Шийки зат иши бос валлар (цапфа) арқалы басым астында бир тәрептен 
бериледи, екинши тәрептен болса алынады. Дигирман ишинде биринши ҳәм екинши 
бӛлмелер полат ямаса шойын шарлар менен, үшинши бӛлме болса киши ӛлшемдеги 
цилиндрлер менен толтырылады. Труба тәризли дигирманлар тоқтаўсыз түрде ислейтуғын 
үскене болып, саатына 30-50 тонна шийки затты шлам массасына айландырып береди. 
Пайда болған шлам насослар жәрдеминде темирбетон ямаса полатдан жасалған 
шламбассейнлерге жибериледи. Шламбассейнлерде шлам қурамы етилади ҳәм 5-7 кунлик 
заҳира муғдарында сақланады. Бассейннен шлам ӛлшеўли тәмийинлеўши арқалы айланба 
хумдонларға күйдириў ушын узатылады. 
Қурғақ усылда клинкер циклонлы ыссы алмасыўшы реактор-декарбонизаторларда 
писириледи. Бул усылда бир технологиялық системада 3000 тоннаға шекем клинкерди 
писириў мүмкин. Бул усылда жанылғы сарпы ығал усылға салыстырғанда 30-40% кем 
сарыпланады. Хумдонларға металл сарпы 2,5-3 мәрте кемейеди. Қурғақ усылға муўапық 
ҳәктас ҳәм гилтопырық дигирманда 1-2% қалдық ығаллылыққа шекем майдаланады. 
Комбинацияласқан усылда ығал усылда сыяқлы бӛлекшелер таярланып соӊ 
кептириледи ҳәм қурғақ усылға муўапық күйдириледи. Бунда жанылғы сарпы 20-30% ке 
шекем ығал усылға салыстырғанда кем сарыпланады. 
Атап ӛтиў керек, клинкер алыўда ҳәр бир усылдыӊ артықмашылық ҳәм кемшиликлери 
бар болып, ығал усылда суўлы шароитда шийки зат тез майдаланады, бирақ қурғақ усылға 
салыстырғанда жанылғы 1,5-2 мәрте кӛп сарыпланады. Кейинирек, шийки затты майдалаў 
технологиясын жетилистириў, циклонлы ыссы алмастырыўшы ҳәм декарбонизациялаўшы 
реакторлар менен күйдириў хумдонларын тәмийинлеў клинкер ислеп шығарыўда қурғақ 


62 
усылға ӛтиўди тәмийинлейди. Цемент ислеп шығарыўда күйдириў хумдоны тийкарғы 
ўазыйпаны ӛтейди ҳәм еӊ қурамалы процесс орынланады. 
Күйдириў хумдоны (10.1-сүўрет) бӛлек-бӛлек полатдан жасалған, ишки тәрептен отқа 
шыдамлы материаллар менен қапланған узын цилиндр кӛринисинде болады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish