Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


-сҥўрет. Гипс писириў қазанында қурылыс гипсин ислеп шығарыў технологиялық



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet60/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   290
Bog'liq
ОМК

8.1-сҥўрет. Гипс писириў қазанында қурылыс гипсин ислеп шығарыў технологиялық 
сызылмасы 
1-грейферли кӛпир краны; 2-гипс тасы бункери; 3-лотоклы тәмийинлегиш (питател);
4-жақлы майдалағыш; 5-ленталы конвейерлер; 6-гипс бӛлеклери сақланатуғын бункер;
7-тарелкалы тәмийинлегиш; 8-шахталы дигирман; 9-екиленген циклон; 10-циклонлар 
батареясы; 11-самаллатқыш; 12-рукавали филтрлер; 13-шаӊ жутыўшы камера; 14-шнеклер;
15-писпеген майдаланған гипс бункери; 16-томление камерасы; 17-гипс писириў қазаны; 18-
элеватор; 19-гипс байланыстырыўшысы сақланатуғын бункер; 20-узатыў конвейери. 
8.2 Гипс ислеп шығарыў 
Гипс байланыстырыўшысы ислеп шығарыў гипс тасынан химиялық байланысқан 75% 
суўды пуўлатып жибериў менен изоҳланади. Пайда болған майда тас ҳалатындағы гипсти 
майдалап порошокқа айландырылып жүдә тез қатыўшы гипс байланыстырыўшысы 
таярланады. Усы тәреплерди есапқа алып гипс байланыстырыўшысы таярлаўды шәртли 
түрде 3 усылға бӛлиў мүмкин: 
Гипс тасы майдаланады, түйиледи ҳәм писириледи; 
Гипс тасы майдаланады, писириледи ҳәм түйиледи; 
Гипс тасы майдаланады, жоқары басым астында пуўланады, соӊ кептирилип түйиледи. 
Гипс тасы гипс писириў қазаны, айланба хумдон, кептириў барабаны, шахталы 
дигирман ҳәм басқа аппаратларда ыссылық пенен қайта исленип байланыстырыўшыға 
айландырылыўы мүмкин. Гипс писириў үскенелери дәўирли ҳәм үзликсиз ислейтуғын 


57 
түрлерге бӛлинеди. Дәўирли усылда ислейтуғын гипс писириў қазаны кӛлеми 3-15 м
3
болады. Қазан тӛменги бӛлегинде жанған оттан қызған ҳаўа қазанныӊ тӛменги, орта ҳәм 
жоқары бӛлеклеринде трубалар ишинен ӛтип гипс шийки затын қыздырады. 
Майдалап, кептирилип дигирманда түйилген гипс тасы қазанныӊ жүклеў масламасы 
(люки) арқалы салынады ҳәм 1-3 саат даўамында гүрекли тик вал жәрдеминде тоқтаўсыз 
араластырылып турылады. Писирилген гипс байланыстырыўшысы қазанныӊ тӛменги 
бӛлегиндеги арнаўлы тесик арқалы етилтириш бункерине узатылады ҳәм 20-40 минут 
сақланады. Бул жерде ӛнимниӊ ыссылығы себепли азмаз шала пискен гипс тасы 
бӛлекшелери суўсызланады. 
Гипс тасы айланба хумдонларда писирилгенде қызған жанылғы газлер қарсы 
ҳәрекетленип атырған шийки затты тиккелей қисман суўсызландырады ҳәм ярым молекула 
суўлы гипс пайда болады. Писирилген гипс шарлы дигирманда түйиледи. 
Гипс тасы бир йўла писирилиўи ҳәм түйилиўи де мүмкин. Буныӊ ушын шарлы 
дигирманлардан пайдаланылады. Бул усыл үзликсиз болып, дигирманда порошокланған гипс 
тасы бӛлекшелери қыздырылған түтин газлари ағымы жәрдеминде суўсызландырылады ҳәм 
арнаўлы циклон масламаларында гипс бӛлекшелери шӛктириледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish