Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet117/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   113   114   115   116   117   118   119   120   ...   290
Bog'liq
ОМК

Санаат имаратлары каркаслары
ушын темирбетон колонналар, кран асты 
балкалары, тӛбе балкалары, фермалары ҳәм аркалары ислетиледи. 
Санаат имаратлары колонналары тегис ҳәм панжарали, бир ҳәм еки консоллы түрлерде 
М200-М500 маркалы аўыр ҳәм жеӊиллестирилген бетонлар тийкарында ислеп шығарылады. 
Колоннаныӊ бийиклиги санаат имараты бийиклигине сәйкес түрде, кесе кесиминиӊ 
ӛлшемлери 300х300 мм ден 400х600 мм ге шекем ҳәм оннан артық ӛлшемлерде квадрат, 
туўры мүйешли ҳәм тавр формасында таярланады (16.3-сүўрет). 
Кран асты балкалары ҳәм конструкцион балкалар таянышы ушын шетки қатар 
колонналары бир консоллы, орта қатардағы колонналар еки консоллы етип ислеп 
шығарылады. Колонналар алдыннан керилген арматура ҳәм арматура каркаслары менен 
арматураланған болады. 


112 
16.3-сҥўрет. Тегис кесимли ҳәм еки тармақлы темирбетон колонналар 
а-имараттыӊ сыртқы қатары (бир консоллы); б-имараттыӊ ишки қатары (еки консоллы). 
Кран асты темирбетон балкалары М400-М500 маркалы бетоннан, арматурасы алдыннан 
керилген ҳалда ислеп шығарылады. Балка тавр кесимли болып, узынлығы колонналар 
арасындағы аралықларға байланыслы болады ҳәм әдетде 12 м етип таярланады. 
16.4-сҥўрет. Темирбетон балкалар 
а-бир қыялықлы; б-еки қыялықлы; в-сегментли. 
Кран асты балкалары үстине арнаўлы полат рельслер орнатылып кӛпир краны 
жүриўине мӛлшерленеди. Тӛбе ушын балкалар бир ҳәм еки қыялықлы, кесе кесими туўры 
мүйешли, тавр ҳәм қоставр формасында таярланады. Балкалар ислеп шығарыўда М400-М500 
маркалы аўыр ҳәм геўек толтырғышлы жеӊил бетонлар ислетиледи. Олар стерженли ямаса 
ӛрилген алдыннан керилген арматуралар менен арматураланады. Балкалар узынлығы 6, 9, 12 
ҳәм 18 м (16.4-сүўрет). 
16.5-сҥўрет. Бастырмалардыӊ сегментли (а) ҳәм қыя кергисиз (б) темирбетон фермалары 


113 
Темирбетон фермалар таянышлар арасындағы аралық 12, 18 ҳәм 24 м болғанда 
тамларды кӛтерип турыўға мӛлшерленген. М400-М600 маркалы аўыр ҳәм геўек толтырғыш 
тийкарындағы жеӊил бетоннан арматураси алдыннан керилген ҳалда ислеп шығарылады. 
Фермалардыӊ кесимлери трапеция, үшмүйеш ямаса иймек сызықлы сегмент формасында 
болыўы мүмкин (16.5-сүўрет). 
Санаат имаратларында ферма конструкцияларын ислетиў имараттыӊ жеке массасын 
кемейттиреди, бетон ҳәм металл арматураларын тежейди, сейсмикалық беккемликти 
тәмийинлейди. 
Темирбетон аркалар таянышлар арасындағы аралық 100 м ҳәм оннан артық болған 
санаат имаратлары тӛбесин жабыўда ислетиледи. Аркалар яхлит ямаса панжара тәризли 
дийўаллы етип жасалады ҳәм әдетде еки ярым аркадан жыйналады. 
Санаат имаратлары ысытылмайтуғын ҳәм ысытылатугын түрлерге бӛлинеди. 
Ысытылмайтуғын имаратлардыӊ дийўал панеллери узынлығы 6-12 м ҳәм ени 1,2-1,5 м 
ӛлшемлерде тегис ҳәм қабырғалы плиталар кӛринисинде аўыр, жеӊил ҳәм ячейкалы 
бетонлар тийкарында таярланады. Ысытылатуғын санаат имаратлары плита ҳәм панеллери 
геўек толтырғышлы бетонлар, газ ҳәм кӛбикбетонлар, ири геўекли бетонлар, еки ҳәм үш 
қатламлы конструкциялар тийкарында таярланыўы мүмкин. Плита ҳәм панел аўыр бетоннан, 
ортасына жеӊил нәтийжели ыссылық изоляциясы материаллары қуйып, үш қатламлы ҳалда 
таярланады. Оларды ысытылатуғын санаат имаратлары қурылысында ислетиў мақсетке 
муўапық болады. 
Ыссылық изоляциясы материалы сыпатында ярым бикр минерал пахта плиталары, 
кӛбикполимер плиталар, арболит ҳәм басқалар ислетилиўи мүмкин. 
Санаат имаратларында қабатлар аралық ҳәм тӛбе ушын плиталар ҳәм панеллер 
жәмийетлик 
имаратлар 
қурылысында 
ислетилетуғын 
конструкциялар 
сыяқлы 
конструкциялар қолланылады. Орта қатар колонналарын қойыў имканияты болмаған санаат 
имарат ҳәм иншаатларда, спорт комплекслери ҳәм т.б. имарат тӛбелерин жабыўда қабық 
ҳаўада қатыўшы конструкциялардан пайдаланылады. 
Қабық конструкцияларда еки бағдар бойынша қабықлар пайда етилген болып, 
күшейттириў мақсетинде узынлығы бойлап арнаўлы қабырғашалар белгили аралықларда 
пайда етиледи. Қабық конструкцияныӊ жеке массасын кемейттириў ушын тийкарғы 
бастырма бӛлеги армоцементден (толтырғышсыз) таярланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   113   114   115   116   117   118   119   120   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish