Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


 Бетон араласпасын таярлаў, тасыў ҳәм ислетиў



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet100/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   96   97   98   99   100   101   102   103   ...   290
Bog'liq
ОМК

 
14.5 Бетон араласпасын таярлаў, тасыў ҳәм ислетиў 
14.5.1 Бетон араласпасын таярлаў 
Қурылыс 
индустриясында 
бетон 
араласпасы 
механизацияластырылған 
ҳәм 
автоматластырылған бетон заводларында, темирбетон заводларыныӊ бетон араласпасы 
узеллеринде ямаса тиккелей қурылыс майданларында үскенеленген кӛшпели бетон қарығыш 
орайларында таярланады. 
Бетонныӊ сапасы компонентлерди анық тартыў, бир жыныслы ҳалатқа шекем 
араластырыўға байланыслы. Бетон заводларда бетон араласпасы автоматикалық ҳәм ярым 
автоматикалық дозаторлар жәрдеминде муғдарланады. Дозалаў анықлығы цемент ҳәм суў 
ушын ±1% (массасы бойынша) ҳәм толтырғышлар ушын ±2% ден артық болмаслығы керек. 
Ҳәзирги күнде бетон компонентлерин дозалаў компьютер орайларынан турып басқарылады 
ҳәм бетон қарыў процессинде толтырғышлардыӊ ығаллығы есапқа алынып, қурамға 
анықлықлар киритиледи. 
Бетон қарығышлар ислеў принципи бойынша үзликли ҳәм үзликсиз ислейтуғын 
түрлерге бӛлинеди. Олар бетон араласпасыныӊ еркин түсиўине ҳәм мәжбүрий 
араластырыўға тийкарланған болады. 
Әдетде тоқтап ислейтуғын бетон қарығышлар ислетиледи. Ҳәрекетшеӊ ҳәм қуйма 
бетон араласпалары материал еркин түсетуғын қарығышларда таярланады. Материаллардыӊ 
еркин түсиўине тийкарланып ислейтуғын қарығышлар жумысшы органы барабан ишине 
орнатылған гүрекшелерден ибарат болады. 
Барабан айландырылғанда гүрекшелер компонентлерди илиндирип бираз бийикликке 
кӛтереди, соӊ материаллар тӛменге түсип араласады. Бул принципте ислейтуғын бетон 


93 
қарығышлардыӊ жумысшы сыйымлығы 100-1500 л болады. Арнаўлы механизмлер 
жәрдеминде барабанныӊ қыялығы ӛзгертирип турылады. Жумысшы сыйымлығы 120 л ге 
шекем болған бетонқарығыш кӛшпели, оннан үлкен кӛлемлери болса қозғалмайтуғын 
болады. 
Еркин түсетуғын бетонқарығышларда ҳәрекетшеӊ бетон араласпалары кӛлеми 500 л 
болса 1-1,5 мин; кӛлеми 1200 л болса 2 мин ҳәм кӛлеми 2400 л болса 2,5-3 мин даўамында 
таярланады. 
Мажбүрий араластыратуғын бетонқарығышларда бикр бетон араласпалары таярланады. 
Бундай қарығышлар цилиндр тәризли формада болып, орайлық ротор бӛлегине гүрекшелер 
орнатылған болады. Ротор айландырылғанда гүрекшелер бетон араласпасын мәжбүрий 
араластырып бир жыныслы массаға айландырады. Пайда болған бетон араласпасы цилиндр 
түбиндеги люк арқалы түсириледи. 
Ҳәрекетшеӊ
бетон араласпаларын горизонтал валға орнатылған гүрекшели ҳәм шнекли 
үзликсиз қарығышларда таярлаў мүмкин. Бикр бетон араласпаларын болса қосымша 
титратиш усылында араластырыў мақсетке муўапық. Үзликсиз бетонқарығышлар 
ӛнимдарлығы (30, 60, 120 м
3

саат) тоқтап ислейтуғын қарығышларға салыстырғанда жоқары 
болып, электроэнергия ҳәм мийнет ресурсларын тежейди. 
Бетон араласпасы таярлайтуғын завод ҳәм узеллар толық механизацияластырылған ҳәм 
автоматластырылған компонентлерди қабыл етип алыўшы, узатыўшы, зәрүрлик болғанда 
ысытыўшы толтырғышлар сақлаў ханасына, цемент сақлаў ханасына ийе болыўы керек. 
Цемент ҳәм толтырғышлар транспортлар жәрдеминде бункерлерге салынады ҳәм дозаторлар 
жәрдеминде ӛлшенип бетонқарығышларға узатылады, суў ҳәм түрли сиртактив қўшилмалар 
ӛз алдына бӛлек таярланып, соӊ бетонқарығышқа насос жәрдеминде узатылады. Бетон 
араласпасы маромига жеткизип таярланғаннан кейин арнаўлы транспортлар жәрдеминде 
тутыныўшыға жибериледи. 
Ҳәзирги күнде бетон араласпасын қурғақ ҳалда таярлап тутыныўшыға жибериў ҳәм 
қурылыс объектиниӊ ӛзинде суў менен араластырыў кеӊ тарқалмақта. Бул усылда қурғақ 
бетон араласпасы арнаўлы автобетонқарығышларда тутыныўшыларға жеткизиледи. 
Заманагӛй автобетонқарығышлар арнаўлы процессор ямаса компьютерлер жәрдеминде 
басқарылады ҳәм қәлеген қурамдағы ҳәм муғдардағы бетон араласпасын таярлаў имканияты 
пайда болады. 
Бетон заводларында бетонныӊ сапасын қадағалаўшы лаборатория, ремонт-механика 
устаханасы ҳәм басқа инфраструктура жаратылыўы керек. Бетон заводы тутыныўшыға 
жиберип атырған бетон араласпасына ямаса қурғақ араласпа ҳәр бир партиясына бетон 
маркасы, қулай жайласыўшаӊлығы кӛрсетилген паспортты қосымша етиўи шәрт. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   96   97   98   99   100   101   102   103   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish