Туребеков М


§ 2. Әййемги Герман қәўимлериниң жәмийетлик дүзими



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 2. Әййемги Герман қәўимлериниң жәмийетлик дүзими 
 
Юлий Цезардың «Галлия ҳаққында жазыўлар» ҳәм басқа да антик 
авторларының мийнетлериндеги мағлыўмат бойынша олар б.э.ш. I әсир 
орталарында герман қәўимлери руўлық дүзимде жасаған. Ҳәр қыйлы герман 
қәўимлериниң жәмийетиниң раўажланыўы бир қыйлы болмаған. Айырымлары 
бул ўақытлары отырықшы турмыс кеширген (арқа Германия, Ютландия) 
болып, хожалықта дийханшылық баслы орын тутқан. Б.э.ш.II әсирде олар 
дөңгелекли жеңил пулгдан пайдаланған. Басқа қәўимлер бул ўақытлары 
отырықшы емес болып, шарўашылық басым болған. Дийханшылықта алмаслап 
егиў қәлиплескен. Теңизде жүзиў, аңшылық ҳәм балықшылықта таралған. 
Қазылмалардан азлап темир рудасы өндирилген мыс, гүмис, дуз ҳ.т.б. алынған. 
Қалалар еле қәлиплеспеген болып, олар туўысқанлық жәмийетинде жасаған. 
Аўылларда топырақтан үйилген жайлар болып, қамыслар менен қоршалған. 
Жәмийетте үш түрли формада аўқам болып жасаған. 1.Туўысқанлар аўқамы. 
2.Дийханшылық бойынша аўқам. 3.Қоныслық аўқам (марка). 
Биринши форма ушын жәмәәт болып өндириў ҳәм жерге улыўмалық 
меншик характерли. Цезардың мағлыўматы бойынша ҳеш қайсысында меншик 
жери болмаған. Қәўим ҳәм руў ақсақаллары жерлерден пайдаланыўды 
ретлестирип басшылық еткен. Олар еле классларға да бөлинбеген, 
мәмлекетлери де болмаған. Жоқарғы басқарыўда меншик қурал-жарақ алып 
жүриўге ҳуқықлы ҳәмме ер адамлар қатнасқан халық жыйналысы турады. Руў 
ямаса қәўим ақсақаллары суд хызметин де атқарды. Урыс болған жағдайда 
әскерий көсем сайланған. Айырым герман қәўимлери сол ўақытлары ақ басқа 
қәўимлерди бағынышлы услап салық алып турған. Урыс ўақтында әскерлер 
жыйналып олар келешектеги әскерий дружинаның негизин қураған. 
Герман қәўимлериниң I әсирлериндеги жәмийетлик дүзими туўралы Рим 
тарийхшысы Тациттиң «Германия», «Анналлар», Страбонның «География», 
«Естественная история» деген мийнетлери ҳәм археологиялық материаллар 
негизинде билсек болады. I-II әсирлерде темир пулг пайдаланылған.Олар арпа, 


10 
бийдай, горох, сулы, техникалық егинлерден лен, кендир ҳ.т.б. еккен. Төгин 
бериўге ҳәкли топырақтан пайдаланған. Хожалықта мал шарўашылығында 
үлкен роль ойнайды. Тоқымашылық, гүлалшылық ҳәм басқа да 
өнерментшилик тараўлары белгили. Олар По, Рейн ҳәм басқа дарьялар арқалы 
қоңсы халықлар менен саўда жүргизген. Ишки зат алмасыўда дуз, тери, металл 
ҳ.т.б. пайдаланылған. Сырттан металл буйымлар (Рим империясынан), безениў 
затлары әкелинген. Сыртқа балық, тери, мал, жүн, янтарь ҳ.т.б. шығарылған. 
Бирақ сыртқы саўда хожалыққа айтарлықтай тәсир жасаған. Туўысқанлық 
жәмәәттиң орнына дийханшылық жәмәәти қәлиплеседи. Сүрилип егилетуғын 
жерлерди пайдаланыўда жекке айырып еки - үш ҳәм көбирек әўладтан ибарат 
үй хожалығының қолына өтеди. Алмаслап егиў кең таралған, тоғайлықлар, 
жайлаўлар ҳ.т.б. улыўмалық түрде пайдаланылған. Үй ҳәм оның қапталындағы 
жерлер семья меншигине айланды. 
Италия ҳәм арқа Германияда сүрилип егилетуғын жерлер айырым жеке үй 
хожалықларының қолына өтеди. Оның ағзалары тең ҳуқықлы болады. 
Олардың қараўында қуллары да болған. Қуллар урыс нәтийжесинде қолға 
түскенлер еди. Хожайын жазасыз ақ қулды өлтириў мүмкиншилигине ийе. 
Қулларда өз үйине, хожалығына ийе болған, бирақ өз хожайнине затлай салық 
төлеген. Олар хожалықта айтарлықтай роль ойнамады. Бул қулшылықтың 
басланғыш дәўирине – «патриархалық қулшылық» характерли еди. Қулларды 
өз еркине жүдә аз жиберди. Бундай жағдайда еркин адамлар да қуллардың 
жағдайынан аз өзгешеликке ийе болған. Еркин адамлардың ишинен руў- қәўим 
ақсақаллары шыға баслаған. Олардың семья ағзалары меншик затлары 
бойынша ҳәм сиясий тәсири менен айырылып турды. Археологиялық қазыў 
ўақтында ҳәр қыйлы үйлер ҳәм ҳәўлилер табылған. Қәбирлерден де ҳәр қыйлы 
қурал-жарақлар табылған. Әсиресе қәўимлер ортасында теңсизлик күшейди. 
Олардан Рим империясы менен шегаралас районлардағы халық саўдаға 
байланыслы байырақ еди. Тациттиң дәўиринде Герман қәўимлери мәмлекетлик 
дүзимге шекемги жағдайда жасады. Улыўма халық жыйналысы баслы 
мәселелерди шешти (келисимди, урысты ҳ.т.б.), руў-қәўим ақсақалларын, 
әскерий көсем ҳ.т.б. лаўазымларды сайлады. Буннан басқа ақсақаллар кеңеси 


11 
қәлиплести. Олар тийкарынан улыўма халықлық жыйналысқа сораўлар 
таярлады. Лаўазымлар атадан-балаға өткен. Айырым қәўимлерде ҳәкимлик 
роли қәлиплеседи. Король халықты басқарыў менен қатар әскерий көсем 
хызметинде атқарған. Король ҳәкимияты халық жыйналысы ҳәм ақсақаллар 
кеңеси менен есапласқан. Король барлық еркин халық тәрепинен сайланды. 
Айырым қәўимлерде король лаўазымы нәсилликке айланған. Қәўимлердиң
жәмийетлик дүзиминде жергиликли динлердиң таралғаны белгили. Бул 
дәўирде бир неше көсемлердиң ҳәм белгили ақсақаллардың турақлы армиясы 
қәлиплесип, әскерий дружинниклер басшыларының жеринде жасады. 
Хожайинлеринен қурал-жарақ, ат, хызмет ҳақы ҳ.т.б. алды. Ақ сүйеклердиң, 
корольлердиң басқарыўының күшейиўи «аристократиялық дүзимниң» пайда 
болғанын аңлатпайды, ал кең халық массасын қуралған еркин жәмәәт ағзалары 
да жәмийетте белгили орын тутып турған. Семья қурыў қәўим ҳәм руўлар 
арасында моногамия түринде еди. Тек ақсүйеклер бир неше ҳаял алыўға 
ҳуқықлы болды. 
Улыўма усы дәўирдеги герман қәўимлериниң жәмийетлик дүзими 
«әскерий демократия» формасында болды. Улыўма халық жыйналысы 
мәмлекеттеги ең жоқарғы ҳәкимият болып, мәмлекеттиң тийкарғы әскерий 
күши еркин халықтан қуралған әскерлер есапланады. Герман қәўимлеринде 
руўлық дүзим жүдә күшли болып парахатшылық, урыс дәўиринде де 
басқарыўшы ҳәм белгилеўши әҳмийетли орын тутты. Туўысқанлар 
мийрасхорлыққа қатнасты. Егерде өлген туўысқанларының балалары болмаған 
жағдайда, урыс жағдайында, әскерий тәртип руўлық ҳәм туўысқанлық 
қатнасларда есапқа алынған. Әййемги герман қәўимлеринде Цезардың 
мағлыўматы бойынша күнге, айға, отқа ҳ.т.б. тәбият күшлерине сыйынған. 
Тийкарғы қудайларына: Водан-жоқарғы қудай; Донар- гүлдирмама қудайы; 
Циу- урыс қудайы. 
Жуўмақлап айтқанда Тациттиң мағлыўматы бойынша, сол дәўирдеги 
герман қәўимлери руўлық дүзимниң ең жоқарғы басқышларында яғный 
алғашқы жәмийетлик дүзимниң ыдыраў дәўиринде жасаған. Бул ўақыялар 
туўралы олардың арасындағы меншикликтиң пайда болыўы, туўысқанлық 


12 
аўқамнан дийханшылыққа байланыслы жәмийеттиң дүзилиўи, ақсақаллық ҳәм 
король лаўазымларының нәтийжеликке өтиўи гүўалық береди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish