Төлепберген қайыпбергенов қарақалпақ ДӘстаны



Download 4,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/14
Sana16.06.2023
Hajmi4,37 Mb.
#951890
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14
Bog'liq
Maman biy (толык)

18
— 
Сизиң ақыл қабыңыз орталаныпты, бий ата. Алжыпсыз.
Әкесиниң аяқ-қолы байланып, өз атына бөктериў болған 
менен, аўылға көрсетпей жаздырар деп дәмеленген. Есенгелдиниң 
2. Т. Қайыпбергенов


130
үмити пуш шықты, әкеси аўыллардың ортасы менен солайынша 
алып өтилди. Мине, сонда, Есенгелди шыдамай, Ырысқул бийге 
усылайынша сандырақлаған еди. Үлкен бийдиң жығырданы қайнап, 
оны да байлатпақшы болып турды да, астыңғы ернин бир тислеп, 
өзин тутты. Мейли, киси геўкеўисиз ойына келген болса айтсын. 
Ашыў кисиге не қылдырмайды? Еле аўзынан сарысы кетпеген 
палапан! Әкеси ушын жаны ашымаса, перзент болды ма? Адам 
сол ушын перзент ти лейди-дә! Улы өжет болса, әкеси де аямайды!
Ырысқул бий Байқошқар бийлерди «жүўенсизлер» деп атап, 
еки күн арбаға байлатып қойып, босатты. Ол усының менен, 
жаслар арасында өзине қарсы күш пайда болатуғынына кеўил 
аўдармаған еди. Бундай күш астыртын дүзилди. Байқошқар бийдиң 
тәрепдарлары дүзди. Есенгелдиниң қасына өзине теңлес онлаған 
атлы қосып «алысларға кетиңлер, тиси мүжилген қасқырдан өш 
алыў жолын мәсләҳәтлесиңлер», — деп жи берди.
Балалар аўылдан алысырақ шығып мәсләҳәт қурды.
— Қәне, не ислеймиз?
Усы сораўға бәри жуўап изледи. Ақыр соңы келген жуўмағы: 
қытай, маңғыт аўылларына барып жора табыў. Көбейип алып алды 
менен сары тисли Ырысқул бийге емес, азыўлы, күшли азыўлы 
Маманға қарсы атланысқа шығыў. Бул ақылды биринши ким 
тапты? Ол ҳеш қайсысының есинде қалған жоқ. Бәрине мақул 
түсип қыйыр далаға шабысып кетти...
* * *
Маман туўры Ырысқул бийдикине түсти. Бул ўақытта Ырысқул 
бий Жаңакент қаласына адамлар жыйнатыў ушын ҳәр аўылға 
жасаўыл атландырып атыр екен. Маманның не жумыс пенен 
келгенин сорап алып, сол жасаўыллардың биринен Есенгелдини 
мында жибериўди қосып тапсырды. Сөйтип Маманды үйине 
киргизип, арада ҳеш қандай ашыў-кек болмағандай-ақ, жүдә 
жумсақ, әлпайым сөйлести, елдиң алаўызлығына жаны төзбей 
көзлерине жас алып сөйлести.
— Сырттың ҳәр қыйлы шабыўылынан сөтилген жаралы қабыр-
ғаларды бириктириў ушын ириңлескеи бирли-ярымын ылақтырып 
таслағанның зыяны жоқ екен балам. Дурыс ислеп атырсаң. Мен 
енди түсиндим, балам. Атыңның жылаўын усы бағытыңнан 
өзгертпе. Есенгелдиден де жеркенбе, балам. Досың көп болса, исиң 
раўаж табады.


131
Маман жүдә кеўлин берип тыңлағанлықтан ба, Ырысқул 
бийдиң бул нәсияты өз атасының, Мурат шайықтың нәсиятларын 
есине салды.
Соның арасында Есенгелдиге кеткен шақыртыўшы келип, оның 
жоқлығын хабарлады. Қай бағытқа кеткенин анықлап, Маман 
атланды.
Хан тапсырмасын орынлаўға тынбай сегбир тартып, 
Есенгелдилерди келеси күни түнде, өркеш-өркеш қумлар арасын да, 
от жағып отырған жеринен тапты. Жигирмалаған жигит болыпты. 
Сырттан келген атлыдан сескенип, бәри турды. Маманды таныған-
лары әллеқандай күш сезип, бириниң сыртына бири тасаланып тур 
еди. Ири геўдели Маманның алдында кишкене бала секилли көри-
нетуғын Есенгелди айбат шегип, сәлемнен бурын, оның қалайынша 
қорықпай, жападан-жалғыз жүргениниң себебин сорады.
— 
Өз қаналасларын излеп жүрген адам қорқа ма? Қорқпайды. 
Екиншиден, ханның тапсырмасы менен жүрген адам қорқынышты 
умытады. Сәлемлесейик. Ассалаўма әлейкум!
Жигитлер мәжбүрий сәлем қабыл етти. Маман ҳәммеси менен 
бирме-бир қол алысып, Есенгелди менен қатар отырды. Бир истиң 
ушында қызарып пискен қырғаўыл етин ҳеш кимнен руқсатсыз 
алып жеп, жабыққанда ара-тура жыйналып, усындай бәзим қурып 
турыўдың жақсы болатуғынын мақтады.
Өзин еркин тутып, кем-кем ҳәммениң үстинен үстемлик етип 
баратырған жигиттиң алдында балалар қырғый көрген шымшықтай 
шоқланысып, сырласып үлгермеди. Маман келген жумысын 
хабарлады.
Хан шақыртқаны ушын қуўаныштан ба ямаса Маман кеўлинде 
дық сақламай, өзи шақыртыўшы болып келгени ушын ба, 
Есенгелдиниң жүзине қан жуўырды.
— Қашан кетемиз, Маман аға? — дегенин билмей-ақ қалды.
Жолдасларының аң-таңы шығып, Есенгелдиге исенимсиз 
көзлерин қадады.
— Ҳәр қалай асыққан жөн, — деди Маман.
Есенгелди жолдасларына атланыўға буйрық берди. Қалай өткен 
менен Есенгелдиниң қәдиги жоқ емес еди.
— Умыттыңыз ба? — деди әстен. Маман «нени?» деп сорамады.
— Хан ҳәмири менен тас көтерген адам айыплы емес, — деди. 
Есенгелди шаққан ғана қыймылдап, Маманның атын әкелип 
өзинен бурын атландырды.


132
Маман Есенгелдини қарсыласар деген ойда болған еди, бунша 
кишипейилленип, ыққа жығылғанына таңланды. Минезин сорап 
билгиси келди.
— Есенгелди, сен нени мақсет етесең?
— Қоныраттың аўызбришилигин ҳәм нәментай руўлар үстинен 
үстемлигин көргим келеди. Өзиңиз нени мақсет етесиз?
— Сен, мен, мынаў өзимиздеги жигитлер, қулласы, барлық 
қарақалпақ баласы даўыс қосып бақырғанда, таў жарылып жол 
берсе екен деймен.
— Бизиң бир аталарымыз, «шунатайдың ортаң бармақ 
дәрежесине өсип жеткенин көриўди қыял етиў — түсинде қанат 
питип ушқан менен барабар» деген екен?
— Сен түсиңде ушасаң ба?
— Ушаман. Ҳәмме мәртебели адам ушатуғын шығар деп 
ойлайман. Мынаў жигитлердиң биразы түсинде ушып жүрген 
жигитлер.
— Есенгелди, екеўимиз еки жаққа кетпедик пе? Мен даўыстың 
күшин айтсам, сен бармақты айттың. Негизинде, бармақлар ҳәр 
қыйлы болған менен ҳәр қайсысы орнында беккем қысылса, тасты 
сықпан қылады деген гәп бар. Ырас болса ке рек. Орыс князлери 
елин солай бириктирген.
— Маман аға, егер, екеўимиздиң әңгимемизди ақыллы биреў 
қапталдан тыңласа, жаңа болған еки жилли сөйлесип киятыр екен 
деўи мүмкин бе?
Маман бундай шеңгел сүйретиўди күтпеген еди, Есенгелди ге 
олыя бир қарады. Есенгелди майда тислерин көрсетип күлди.
Хан аўылына жақынлаған соң басқа жигитлердиң тарқаўына 
руқсат етилди. Маман оларға ара-тура усылай жыйналысып кеўил 
көтерисиўдиң зәрүрлигин ескертип қалды.
— Енди, уқ, — деди Маман Есенгелдиге, — Орысларға қосыл-
сақ, жаман-жәўдиклердиң тонаўынап қутыламыз. Ел боламыз.
— Адам баласы бар жерде тонаў, зорлық-зомбылық қалмайды 
деп еситкенмен, «Мурның болмаса еки көзиң бир-бирин жеп қояр 
еди» деген гәп және бар.
Бул гәплерди Маман да билер еди, бирақ оны бийкарлаў 
ушын көп ўақыт керек. Тек Есенгелдини исендириў ушын еки-
үш рет күйип-писип түсиндириў жеткиликсиз. Сонлықтан Ма ман 
Есенгелдиниң әдепки мақсетине енди тойтарыс бергенди мақул 
тапты.


133
— Ҳәзир ханға барамыз, иним. Не жумыс буйыратуғынын 
билмеймен. Бирақ ескертемен, тек өз руўыңның ғамына берилсең, 
қалпағыңды самалға ушырып алғаның. Ақыры қалпақ бас кийими, 
беккем болыў керек.
Усы тақлеттеги гәпти Абылқайыр хан Ғайып ханға айтқан- 
миш деген мыш-мыш еситкен Есенгелди түсинип те, жуўап берип 
те үлгермеди. Ғайып хан үйиниң ийнеўине сүйенип, буларды 
ай күткендей күтип тур екен. Екеўи де тең атларынан түсип, 
узақтанқол қаўсырып келди. Ғайып ханда еле ашыў топлана 
қоймапты.
— Келе бериңлер, келиңлер! — деп иштен үлкен улы Убайдулла 
султанның атын айтып шақырып, тапсырды:
— Көп еглемей тойдырыңлар!
Убайдулла султан оларды киши үйге баслап кирип, аўқат 
ҳәзирленемен дегенше, дем алыўға руқсат етти. Аўқатланып 
болғанын еситип хан оларды үстине шақыртты.
— Жүдә бәрекелла, тынығыпсыз, — деди хан олардың жүзине 
ғамхор аталар көзи менен қарап. — Енди муқыятлы бир тапсырма 
бар. Сизлерден басқалардың қолынан келмейтуғын ҳәм басқаларға 
исенбейтуғын тапсырма. Бул тапсырманы исениўим — сизлерге, 
меҳир-саямды салажақлығым, түсиниң. Өзи жеңил жумыс. Ғайры 
елден келген қонақты Түркстан қаласына шекем узатып саласызлар.
— Қуллық, ханымыз, — дести екеўи бирден.
— Мен асығыс едим, ертең Жаңакентке жетиўим керек. Бул да 
шырпынып тур. Бүгин түни менен кетебережақ. Исенимли жолдас 
қос деди... Жағдайы бар, сизлер қайтып келген соң айтаман. 
Ҳәзирлениңлер!
Маман атланайын деп атырғанда, Убайдулла султан балалық 
етип сыбырлады:
— Маман, узататуғын кисиңди билесең бе? Билип қой, Жунғар 
ханының кеңесгөйи.
— Жунғар! — деп қайта сорады Маман Есенгелдиниң қулағы 
ербеңлсп, оған жақынлады:
— Не дедиңиз?
— Т с-с-с! — деди, Убайдулла султан. — Қулағыңды тут. 
Әкемниң сырын айтайын. Ол сизлерди жақсы көреди. Үлкен 
бийлерден артық көреди. Ақыллы жигитлер дейди. Сол ушын 
сизлерге тапсырып отыр. Полат жасаўылларға да исенбеди. Бул 
Жунғар ханының кеңесгөйи.


134
Маман сырдың төркинине түсинип Есенгелдини түртти:
— Тез атлан, Султан ҳақыйқат сырды айтып атыр. Аман-есен 
апарып қайтамыз.
— Әлбетте, әлбетте, — деди және Убайдулла султан Маманға 
жақын келип. — Ақыры, жунғарларға бурыннан дықлы ата-ағала-
рыңыз өлтирип қойса, жақсы емес. Қарақалпақтың ғамы ушын 
ханы жиберипти. Жоқ, жоқ, қайтып келген соң бәрин хан әкем 
айтады.
— Сизге алла реҳими жаўсын, султан, — деп Маман атына 
ғарғып минди.
Ғайып хан жунғар кеңесгөйиниң атын жетелеп келип 
Маманларға қосты.
— Жолларыңыз болсын. Бириңиз алдында, бириңиз кейнинде 
жүриң. Өз ара сөйлеспеңлер, — деп хан жунғар кеңесгөйиниң 
тилинде бир нәрселерди айтып, қайырласты. Жунғар кеңесгөйи 
қарақалпақ тилин түсине ме, түсинбей ме, мәлимленбеди, себеби 
ол сөйлемеди. Шырайы белгисиз, қараңғыда көлеңкедей қараўытқан 
адам ат үстинен еңкейип ханның бетинен сүйип, хошласты.
Ғайып ханның тапсырмасы булжымастан: ғайры атлы ортада, 
үшеўи дизилисип кетти.
19
Сырдәрьяның Арал теңизине жақын бир алабындағы әййемги 
Жаңакент қаласы орналасқан өли тақырлыққа жан енди. Бул жерден 
идиралды имарат салыўға төменги қарақалпақ елиниң барлық 
аўылларынан сан жүз қоллар келди. Жаңа қала — Жаңакенттиң 
қурылысы басланды. Ўақыт та қолайлы. Дийқанның егинин 
жыйнаўына, шарўаның қыслаўға көшиўине еле ўақыт бар. Олай 
болмағанда да, ханның буйрығы. Тек Ғайып ханның емес, 
жоқарыдан Абылқайыр ханның, ҳәттеки, орыс патшалығының усы 
қаланы салыўға әллеқашан-ақ усынысы болған-быш. Бул қаланың 
қурылысы қыйын. Көп адамның еңсесине минген тас, жанын 
мүжиген жеги болыўына қарамастан, жыллар бойлап қонысы 
паянламаған халық ушын үлкен үмит қурылысы болды.
— Хан ылай менен тастан жай салдырса, халықтың ғамын 
ойлағаны, — деген гәп аўыллардан аўылларға, аўызлардан- 
аўызларға көшти. Имканияты бар адам усы қурылысқа бир кесек, 
бир тас әкелип бериўди маба билди. Аўыллар менен Жа ңакент 


135
қаласы араларында шаңғытып жатқан жиңишке аяқ соқпақлар, арба 
жоллар пайда болды. Қурылыстың басына қурылған хан шатыры 
мисли бир арба дегершигиниң гүпшегин, сол шатырдан ҳәр жаққа 
тараған жоллар сол гүпшекке қадалған кегейлерди еслетти. Дегер-
шик тең қозғалыс тапты. Жумыс қызды, қол жумысы қызды. Қапқа, 
шалғайына ылай салып арқалаўшылардың шынжыры Сырдәрьяның 
қәндегинен Жаңакентке шекем бир соқпақ бойлап дизилди.
Бийлер, жасаўыллар өз руўларының басында. Ылай арқалаў-
шылар шынжырының бир жери үзилип қалмаўы ушын тынбай 
атлы жағалап жүреди, отырғанларын тикейтеди, гежирлерин 
қамшылайды.
Жаздың ең соңғы хошласар айы күтә ысып, әлемди лаплатып 
турыпты. Қурылысқа ылай әкелип таслағанлар шөлден қайтып 
дәрьяға жеткенше асығыс жуўырысады. Атлылар да, пиядалар да 
моншақ-моншақ тер төгип жүрипти.
Ҳәзлик тек Ғайып ханның шатырында. Жасаўылларын жумсап, 
жатысы-жатыс. Жатыўдан шаршаған ўақта шатырдың көлеңкесинде 
шәлтийип турып адамларға қарайды. Дем алып отырғанларды 
көрсе «ананы турғызшеш» деп бир жасаўылға буйырады, тас 
арқалаған биреўди урып атырған атлыны көрсе «еле де қаттырақ, 
шырпылдысы еситилмейди» деп хошаметлеп, шиңк-шиңк күледи.
Мыс қайнап, ҳәтте, атлы жасаўыллардың жүриўине мүмкин-
шилик қалмағанлықтан түсликке руқсат етилди.
Убайдулла бий менен Дәўлетбай бийлердиң қослары бир-бирине 
жақын еди, бирге киятыр.
— Убайдулла жора, баяғыда ханның не дегенин талай сорасам 
да; айтпай-ақ қойдың. Беккем екенсең. Шамасы, үлкен сыр бар ғой.
Убайдулла бий жорасының шаршаған, күн алып түлеген сарғыш 
қаралтым жүзине қарап турып:
— Мейли, тыңла, — деди. — Маған ябы менен қоңыраттың 
арасындағы жәнжелди айтты. «Екеўи аразласса, айырамыз деп 
несине ҳәлекленесиз? Қозлампақ арасынан бай жалаўды күтиң» 
деди. «Мен сизлерликпен» деди.
Ғайып ханның Дәўлетбай бийге де усы тақлетте айтқанлары, 
ўәделери көп еди. Ойланып қалды: «Хан бизлердиң руўымызды 
аяйтуғын болғаны». Ол усы ойына исенгенликтен, хан менен өзи 
арасындағы сөйлесиклерин ортақласпады. Убайдулла бий қызғанып 
бир сумлық таўып жүре ме деп қорқты. Егер екеўи тең ашылысып, 
тең сырласқанда күтилмеген әлле қандай жуўмақ шығарылыўы 


136
мүмкин еди. Тек ғана өз руўының ғамына қул бийлердиң кеўил 
сандықлары қулыплы күйинде қала берди.
Дәўлетбай бий өзине сораў берилиўинен қорқып, Убайдул ла 
бийдиң Маманға тәнҳа көзқарасы қалай екенин сорады.
— Көкирегиниң қурты бар көремен, — деп жуўап берди 
Убайдулла бий. — Күшли қоңыратлар менен арасындағы шеңгел 
ҳәремди алып таслаў ушын Әлий бийдиң баласына қосып ябының 
бир жетимин өлтирткени маған унады. Избасар баҳадырларды 
арбаға байлатып, көзиниң отын алып, аҳиднама таярлатқан дейди. 
Сол аҳиднаманың бир ушы бизлерге де келетуғын шығар. Ақыры, 
онда Ғайып ханның пәрманы бар ғой.
— Мурат шайық қуўатлайды. Түсинбеймен, бул шайыққа.
— Мурат шайықтың Маманға қалай пәнт бергенин еситтиң бе?
— Яқ.
— Маман Айғара бийдиң қызын атқосшысы Аманлық жетимге 
әпермекши болған. Оразан батыр қылышын берип кеткен жетим- 
ше? Баяғы сынаспада сөйлеген наркелле-ше?
— Түсиндим.
— Әне, сол Аманлыққа қызды әпермекши болғанда Маманның 
тапқан бәнеси «еки халық арасындағы дослық жибин жүргиземиз» 
депти. Шайық сонда «Дослық жиби көрпениң астынан тартылмай-
ды» деген.
— Сондай дәл гәплери ушын шайықты жақсы көремен. Ондай 
әдет шәкиртлерине де өткен. Жүдә пинҳәмилеп сөйлейтуғынлары 
көп. Қайтадан бала болып оқығанда ма, ҳәссений! Ма манның 
Ғайып ханға аўыз салатуғын түри бар деп ойлайсаң ба, я жоқ деп 
ойлайсаң ба?
Жаңа ашылыса баслаған әңгиме аяқланбады. Кеселеп бир атлы 
шықты. Хан оларды қыстаў шақыртып жиберипти. Қайрылды.
Хан шатырында өзинен, ини балаларынан басқа бираз бий лер, 
жасаўыллар жәмленген екен. Ҳәммениң дыққаты Мурат шайықта. 
Ол ортада даўыслап хат оқып отырыпты. Ҳеш кимге селтең бермеў 
ушын олар бир шетте әстен ғана отырысып тыңлады. Шайық 
хатты аяқлаған еди, олардың анық еситкени мынаў болды:

Download 4,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish