Төлепберген қайыпбергенов қарақалпақ ДӘстаны


* * * ...Матьяқуб шарбақшы қәдимгисинше дәрўазасы алдынан  табылды. —



Download 4,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/14
Sana16.06.2023
Hajmi4,37 Mb.
#951890
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
Maman biy (толык)

* * *
...Матьяқуб шарбақшы қәдимгисинше дәрўазасы алдынан 
табылды.
— 
Кел, Аманлық, кел. Усы әтирапта бар ма едиң? Көк ғарғадай 
болып кеттиң, — деп есик-төрли жерден сөйленип, күлип алдынан 
шықты.
Демниң арасында бир-бирине жаңалықлар баян етилди. 
Аманлықтың қуўырдақшыдан еситип жүргенлери, жаршының 
жары, бәри де ырас екен.
— Ҳәзир Хийўада қарақалпақлар ҳаққында дуў-дуў гәп, — деп 
қойды шарбақшы. — Сизиң Есенгелди бий жаңа ханнан мәҳрем 
атағын алды, — деп шадлы мәҳрем оның шарбағындағы аўыллас-
ларын жыйнап зыяпат бергенин мақтаныш етип айтты, ҳәр 
гәпиниң бәнтинде «Есенгелди мәҳрем сақый екен» деп тәкирарлап 
отырды. — Хан қарақалпақ моллабәшшелеринен Айдос деген бала 
менен де қупыя сөйлескен, пүткил Хийўа таңланып отыр... —
Шарбақшының бул хабары Аманлықты қуўанған үстине қуўантты.
— Айтыңыз, Матьяқуб аға, Айдосларды қалай көрер екенмен?


465
— Айтпақшы, олар қарақалпақтан адам келди ме деп сорап 
туратуғын еди. Сен туўралы айтпаға ҳәр сапары умытаман. Енди 
келсе, айтайын. Қайердесең? Қашан хабар аласаң? — Шарбақшы 
қуяшқа қарап турып моллабәшшелердиң түсленетуғын ўақтының 
өтип баратырғанын, егер, тез асықса көриўиниң де мүмкинлигин 
айтып, медресеге барыўдың жолын силтеди.
Аманлық Айдосты танымайтуғын еди.
Қараңғы көшеден шыққан жерде бир баланы көрди. Жүзи 
ысық. Дуўқат шапанлы, аяғында геўиш-мәси, сәллесин жиптиктей 
қылып орағаны соншелли, бир қабығы қыршылған пияздай, суп-
сулыў. Жүрис-турысы қарақалпақ жигитлерине тән, сәл олпы-
солпылаў, уяңлаў. Ири сүйекли, ат жақлыдан келген, қызыл 
домбай жүзли, көзлери сүзилген бир жигит. Қойнында китап-
қағазы. Ашық көшениң бир шети менен мой нын бир жағына сәл 
қыйсайтып баратыр. Аманлық, ҳәтте, оны бир жерде көргенге де 
мегзетти. Еслей алмады, ойлайды, ҳеш мүмкин емес. Алысырақтан 
изине ерип жүре берди. «Ҳәй, инишек, аз ғана иркил» дейин десе, 
тартынады. Бәлким, ол шазада шығар, бәлким, бир ўәзирдиң улы 
шығар. Пешанасы соған кейип берген. Ҳәзир баратырғанда да 
китабының бир сүўрелерин ойлап баратырған секилли, Көшелер, 
адамлар, гүмбезлер, минәрлар оны қызықтырмайды. Ирккенде не 
қылады? Басқа бала болса «Айдосты қалай көремен» деў керек! 
Ал усының өзи Айдос болып қалса?...
Ол жүрген көше менен изде киятырған бир топар баланың 
даўысы еситилди. Артына бурылды. Олар асығыс, адымларын 
қайра-қайра басып киятыр. Балалардың Аманлық пенен иси 
болмады. Алдағы жигитке жетип биреўи:
— Айдос, не ойлап баратырсаң? — деди.
Аманлық алжаспапты.
— Айдос! — деди. Оның даўысы сондай толқын менен елжиреди, 
Айдосты шақырған өз әкеси, жоқ, өз анасы, сағынған анасы деп 
түсиниў мүмкин еди. Айдос пенен бирге ҳәмме тоқтады, балалар 
жүдә мүләйимликте сәлемлести. Аманлықтың қуўаныштан жүреги 
тарса айрылажақ болып, көзлеринен жас та шығып кеткен еди.
— Қабыл, сизлер иркилмеңлер, дамла өкпелеп жүрер, — деп 
Айдос балалардың кете бериўине руқсат етип, Аманлық пе нен 
қалды.
30. Т. Қайыпбергенов


466
Сорасты.
— Сиз жөнинде еситкенмен. Бухарадан қашан келдиңиз?
Аманлық Бухараға сапары жөнинде қысқа ғана сөйлеп, 
қарындасының өлген хабарын Хийўаға келип еситкенин, ҳәзир 
қәйерде не талап қылып атырғанын айтып берди. Айдостың қызыл 
жүзи сәл түнерип, Аманлықтың қайғысына ашынған түр билдирди.
— Аўа дағы, — деди үлкен адамларға тән салдамлық пенен.
— Тәғдирге илаж жоқ. Әттең, қам сүт емген бенде жасасам, 
көрсем, билсем дейди.
— Сени көп еглемедим бе, қарағым?
— Жоқ, жоқ, олар айтып барады. Бүгин дамламыздың егис 
жерин тегислейтуғын күн еди.
— Қарағым, және айтшы, хан қалай, ишки сарайы дүзиў ме?
— Жүдә ғана мақул, Есенгелди бийди мәҳрем етип жиберди. 
Соған пүткил Хийўаның бир қанаты шақырылып зияпат берил- 
ди.
— Еситтим, қарағым, еситтим. Хийўаны аўызға қаратқаны-
ңыздың алды болғай.
— Сизиң кәсибиңиз насаз екен, — деп салды Айдос. — Қуўырдақ 
қуўырыў ҳаялдың иси емес пе? Жуўазшы болсаңыз да ҳеш 
гәп. — Ол жаслық етип, жас үлкенниң зейнине тийип алдым 
ба дегендей гәпиниң бағытын жылдам өзгертти. — Айтпақшы, 
бүгин Матьяқуб шарбақшыникине Бектемир деген жасы үлкен 
келиўи тийис. Арба соғатуғын устаға шәкирт болған. Үйшиге 
шәкирт Бекмурат деген жас үлкен кешеги яўмытлар менен урыста 
қазаланыпты. Егер соның орнына шәкиртликке барғаныңызда ма, 
жақсы болар еди. Па, ҳәзир Бектемирге жолыққаныңда ма, ол сол 
үйшиниң аўылын биледи. Жүриң, Матьяқуб шарбақшыникинен 
хабар алайық.

Download 4,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish