Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet21/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Ал-Балхий. Орта әсирлер Орта Азия картографиясына тийисли естеликлердиң бири балхлы географ алым Абу Зайд Ахмад ибн Сахл ал-Балхийдиң (850-жылы туўылған) «Ислам атласы» есапланады. Шығыстаныўшылардың пикиринше, «Ислам атласы» саманийлер мәмлекети ўәлаятларының сүўретлеринен дүзилген. Х әсирге келип ал­-Истахрий ҳәм Ибн Хавкал тәрепинен бираз заманагөйлестирилген.
Маҳмуд Қашғарий. Орта Азияның ең шығысында Ыссыкөл ҳәм Қашғарда жасаған. Өмириниң көп жылларында «Румнан Чинға шекем» – Жер орта теңизи бойларынан Қытайға шекем болған мәмлекетлерди гезген, қәўимлер ҳәм олардың тилин үйренген алым Маҳмуд Қашғарий болып, ол «Девону луғатит турк» шығармасына шеңберли дүнья картасын қосымша еткен.
Усы картаны шет ел алымларынан К. Миллер ҳәм А. Герман, совет дәўиринде И. Крачковский, И. Умняков, С.Умурзаков ҳәм басқалар үйренеди. Х. Хасанов изертлеўлери «Девону луғатит турк» ке қосымша етилген дүнья картасының авторы да Қашғарийдиң өзи екенлигин дәлилледи.
Маҳмуд Қашғарий картасы шеңбер көринисте болып, ҳәзирги ярым шарға туўры келеди. Картаның арабша баспа нусқасының диаметри 24 см, өзбекше нусқасыныки 18см.
Нажиб Бакрон. Хорасанлы алым Мухаммед ибн Нажиб Бакрон өз дәўириниң оқымыслы адамы болып, география, астрология ҳәм карталар дүзиў өнерин пухта ийелеген, тарийх ҳәм медицинадан хабардар алым саналған. 1209-жылы дүнья картасын дүзип, оған «Жәҳәннама» шығармасын қосымша еткен. «Жәҳәннама» шығармасын ҳәм картаны дүзиўде Нажиб Бакрон тийкарынан жазба дереклерден: Хурдадбек, Истахрий, Насриддин Тусий китапларынан, Абу Райхан Беруний, Насыр Хысраў шығармаларынан пайдаланған.
«Жәҳәннама» шығармасы текстинде 600 ге шамалас жердиң аты тилге алынған, бирақ картаның өзинде буннан да көп болса керек.
Банокатий. ХIV әсир басында дөретиўшилик еткен шайыр, тарийхшы ҳәм географ алым Фахриддин Абу Сулайман Банокатий 1317-жылы улыўма тарийх ҳәм географиядан шығарма жазып қалдырған. Шығарманың толық аты «Равзат улул ал-боб фи таворих ал-акобир ва ансоб» («Уллы адамлардың тарийхы ҳәм шығысы бабында данышпанлар бағы») деп аталып, көбинше «Тарийхы Банокатий» аты менен жүритиледи. Усы китаптың географияға тийисли 7-бабында Ҳиндстан, Арменстан, Иран, Рим, Қытай, монғол, араб ҳәм яхудий жерлериниң тәрийпи берилген. Бул шығармада ықлымлар схемасы да берилгени менен әҳмийетли.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish