Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet20/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Беруний. Белгили энциклопедист алым Беруний картография илимине үлкен үлес қосқан болып, оның 10 беттен ибарат «Тастих ас-сувар ва табтих ал-қувар» (қысқаша «Картография») шығармасы хорезмшах Абул Аббас Мамунға арналған. Трактатта аспан глобусын жасаў ҳаққында айтылған. Сондай-ақ, географиялық карта ҳаққында былай делинген: «Жер шеңбери өткериўде қала ҳәм аўыллардың узынлық ҳәм кеңликлерин, теңизлер, булақлар, дәрьялар, қумлықлар, таўлар, кәнлер, төбеликлер, сайларды баян ететуғын «География» китабына мүтәжлик пайда болады ҳәм бул китапқа қарап оның белгилери исленеди».
Берунийдиң бизге шекем жетип келген және бир географиялық–картографиялық «Қонуни Маъсудий» («Ал-Қонун ал-Маъсудий фил хайъа ван нужум» – «Астрономия пәнинде Маъсуд атына жазылған нызам») атлы ири шығармасы болып, оны автор өмириниң соңғы жылларында жазған. Изертлеўшилердиң пикиринше шығарманың қолжазба нусқасы 10 ға жақын болған. Шығарма жәми 12 мақаладан ибарат болып, ҳәр бир мақала бир неше бапқа бөлинген.
5-мақаланың 9-10-баплары география ушын жүдә әҳмийетли. Бул бапларда теңиз ҳәм қурғақлыклар шегараланып, 7 ықлым бөлистирилиўи ҳәм дүньядағы 603 жердиң географиялық координаталары берилген. Соларға тийкарланып дүньяның географиялық картасы дүзилсе, Берунийдиң жер жүзин қалай сәўлелендиргени мәлим болар еди, бирақ узынлық белгилери ҳәм басланғыш меридиан мәлим болмағанлығы себепли бундай карта дүзиў бир қанша қыйын.
Оныншы бап «Қалалардың узынлық ҳәм кеңликлерин кестелерде көрсетиў ҳаққында» деп аталып, Беруний онда қалалардың бир-бирине салыстырмалы шәраятларына ҳәм аралықларына қарап дузетиўге урынады.
Бирақ, кестени дүзиўде Беруний көп мийнет еткен болса да, берунийтаныўшы алымлардың пикиринше, қолжазбаны көширген хаттотлар санлар ҳәм атларда базы қәтеге жол қойған, буның үстине «Қонуни Маъсудий» ди орысша ҳәм өзбекше аўдарма еткенде де қолжазбаларда жол қойған қәтелерге итибар берилмеген.
Берунийдиң және бир географиялық-картографиялық шығармасы «Ат-тафхим» («Ат-тафхим ли авоили синоат ат-танжим» – «Нужум өнериниң дәслебин түсиндириў») китабы 1030-жылы еки тилде: араб ҳәм парсыша жазылған ири шығармалардан бири. Усы китапқа дүнья картасы да қосымша етилген. Беруний пикиринше, жер шар көринисинде болып, оның ярымы белгили (Шығыс ярымшар) ҳәм ярымы белгисиз (Батыс ярымшар) болған. Жердиң арқа шерегинен бири қурғақлық болғанлығы себепли оның диаметриал қарама-қарсысындағы шереги де қурғақлық болыўын шамалаған Беруний жердиң жаңа материк (Америка) екенлигин XI әсир басында-ақ Ҳиндстан шығармасында жазып қалдырған.
Алым өз шығармасында жер жүзиниң дүзилиси, теңиз ҳәм қурғақлық ҳаққында айтып: «Жердиң шерегин батыс ҳәм шығыс тәрептен Мухит океаны, жердиң абат бөлимин теңизлердиң арғы тәрепинен Мухит океаны (Атлантика ҳәм Тыныш океаны) орап турады. Бул Мухит океаны, жердиң абат бөлимин теңизлердиң арғы тәрепинде болыўы мүмкин болған қурғақлық ямаса адам жасайтуғын атаўлардан еки тәрептен (батыс ҳәм шығыстан) ажыратып турады», - деп жазады.
Әййемги грек алымларының шығармаларында, белгили географ Эратосфенниң китабында дүнья 7 бөлимге бөлинген ҳәм ҳәр бири климат деп аталған. Грек алымларының китаплары араб тилине аўдарылғанда «климат» сөзи орнына ықлым сөзи қолланылған.
Соны умытпаў керек, дүньяның 7 бөлимге бөлиниўи әййемги грек илиминиң хызмети емес, бул Орта Азия ҳәм Хорасаннан шықкан түсиник. Буның қысқаша тарийхы Берунийдиң «Ат-Тафхим», «Қонуни Маъсудий» ҳәм «Геодезия» китапларында баян етилген.
Берунийдиң әлемниң геоцентризм ҳәм гелиоцентризм теорияларын бир қатарға қойыўы сол дәўирде араб алымлары ортасында ҳүким сүрген Птолемей системасына қарата алға қойылған үлкен қәдем болды.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish