2. Ханлықлардың ҳәкимшилик-аймақлық шегаралары
XIX әсирге келип Бухара әмирлигиниң аймағы дерлик 200 мың квадрат километрди қурайды. Оның шегаралары қублада Әмиўдәрьяның шеп жағалаўынан басланып, Сырдәрьяға шекем созылып, қазақ жүзлери менен шегаралас еди. Әмирлик шығыста Памир таўларынан, батыста Хийўа ханлығы шегараларына дейин болған аймақты ийелеп туратуғын еди. Бухара ҳәм Самарқанд сыяқлы ири қалалар жайласқан Зарафшан алабы әмирликтиң орайлық бөлими есапланған. Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья үлкелери, ҳәзирги Тажикстан аймағындағы Вахш, Кофирнихан, Панж дәрьялары алабында жайласқан қала ҳәм аўыллар, сондай-ақ, Түркменстан аймағына кирген Мурғаб дәрьясы үлкелериндеги жерлер де Бухара әмирлигине қараслы еди.
Бухара әмирлигиниң пайтахты шығыста ең атақлы қала болған Бухараи шарип еди. Ири қалалардан Самарқанд, Қаршы, Шахрисабз, Китоб, Гузар, Термиз, Шерабад, Хисар, Душанбе ҳәм басқа қалалар әмирлик қарамағында еди. Мерв ҳәм Чаржоу қалалары ушын Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлығы ортасында, Жиззах, Оратөбе ҳәм Хожент қалалары ушын Бухара әмирлиги менен Қоқан ханлығы ортасында тез-тез урыслар болып, бул қалалар қолдан-қолға өтип турған.
Бухара әмирлиги 27 беклик: Кармана, Хатиршы, Зияўиддин, Нурата, Қаршы, Китоб, Шахрисабз, Шырақшы, Яккабағ, Гузар, Байсун, Шерабад, Деноу, Карки, Чаржоу, Хисар, Кулоб, Қаратегин, Дарўаз, Балжувон, Шагнон- Рушон, Қорғантөбе, Кобадиян, Калиф, Бордалик, Қабағлы ҳәм Хорезм бекликлеринен ибарат еди. Бекликлер жергиликли қәўим баслықлары, үлкен мүлк ийелери тәрепинен басқарылған.
Ҳәр бир бекликти әмир тәрепинен тайынлатуғын ҳәкимлер – беклер басқарған. Ҳәким қарамағында жүзлеп жергиликли ҳәкимият адамлары хызмет еткен. Дереклерде әмирликте жергиликли ҳәкимият адамларының саны 30 мың адамды қурағанлығы көрсетиледи. Ҳәким ҳәм оның хызметкерлерине айлық мәмлекет ғәзийнесинен берилмейтуғын еди, олар жергиликли халықтан алынатуғын ҳәр түрли салық ҳәм төлемлер есабынан күн көрген.
Хийўа ханлығы қублада Иран, шығыста Бухара әмирлиги, батыста Каспий теңизи, арқада қазақ жүзлери менен шегаралас еди. Суўсыз ҳәм шексиз Қарақум, Қызылқум шөлистанлықлары Хийўа ханлығын географиялық жақтан басқа мәмлекетлерден ажыратып қойған еди. Әмиўдәрья жағалаўларында жайласқан Хийўа, Үргенч, Кат, Гөне Үргенч, Хазарасп, Қоңырат, Хожели, Курдер (ҳәзирги Шымбай) қалалары ханлықтың ири қалалары есапланған. Орта Азияның ең бай саўда орайларынан бири болған Хийўа қаласы 1598-жылдан баслап ханлықтың пайтахты болған. Қала еки бөлим – Ишан қала (қаланың ишки бөлими) ҳәм Дишан қала (қаланың сыртқы бөлими) дан ибарат. Ишан қалада хан резиденциясы ҳәм сарайы, 17 мешит, 22 медресе, кәрўансарай ҳәм базар жайласқан. 1842-жылы Дишан қала қурылып, дийўал менен орап алынған. Дишан қалада өнерментлер, саўдагерлер, жалланба жумысшылар, дийқанлар жасаған.
Ҳәкимшилик-аймақлық жақтан Хийўа ханлығы Хазарасп, Гурлен, Ханқа, Гөне Үргенч, Қоскөпир, Питнек, Газават, Кат, Шахаббас, Шоват, Ташаўыз, Амбар-манок, Үргенч, Хожели, Шоманай, Қоңырат сыяқлы беклик ҳәм ўәлаятларға бөлинген. Ханлық қурамында Бесарық ҳәм Қыятқоңырат найыплықлары да болған. Бекликлерди хан тәрепинен тайынланған беклер, найыплықларды найыплар басқарған. Бек ҳәм найыплар қарамағында оларға хызмет ететуғын көптен-көп әмелдарлар болған.
ХIХ әсирдиң биринши ярымында Қоқан ханлығы аймақлық жақтан Орта Азиядағы ири мәмлекет еди. Ханлық шығыста Шығыс Түркстан, батыста Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлығы менен шегаралас болған. Қоқан ханлығы менен Россия ортасында Мырзашөл ҳәм Миянкөл шөллери жайылып жатқан. Ханлықтың қубла шегаралары Қаратегин, Кулоб, Дәрўаз, Шагнон сыяқлы таўлы үлкелерди өз ишине алып, бул аймақлар ушын Бухара әмирлиги менен тез-тез соқлығысыўлар болып турған.
Қоқан ханлығының аймағы Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлығынан парқлы түрде, суўлы дәрьялар, ҳасылдар жерлерге бай болған. Ханлықтың орайлық қалалары Қоқан, Марғулан, Өзген, Андижан, Наманган, Ферғана алабында жайласқан еди. Ташкент, Шымкент, Түркстан, Әўлийе ата, Пишпек, Сузак, Ақмешит сыяқлы ири қалалар да Қоқан ханлығы қурамында еди.
Қоқан ханлығы 15 беклик, яғный әскерий округке бөлинген болып, олардың ярымынан көбине ханның балалары ямаса жақынлары ҳәкимлик еткен. Ҳәкимлер өз аймағындағы әскерий күшлер басшысы ҳәм де пуқаралық басқарыўының баслығы да еди. Олар өз қол астындағы армияны өзлери материаллық жақтан тәмийнлеген. Ҳәкимлер әскерий жүрислер алдынан ханның биринши шақырығы менен өз армиясы менен белгиленген жерге жетип келиўлери шәрт еди. Қоқан ханы зәрүр жағдайда азық-аўқат артылған 12 мың арбаға ийе болған 60 мыңға жақын әскерди жыйнай алған.
Do'stlaringiz bilan baham: |