Шөлкемлестириў илажлары



Download 0,81 Mb.
bet7/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

III-бап. Исшилерге талап.
7. Исшилерди оқытыў ҳәм олардың билимин тексериў тәртиби энергетикалық кәрханаларда ҳәм шөлкемлерде исшилер жумысларын шөлкемлестирилиўи бойынша басшылық көр-сетпелерге туўры келиўи тийис.
8. Исшилер ҳәм инженер техник хызметкерлер қәўипли ҳәм зыянлы мийнет шәраятларында жумыс ислеўши Өзбекстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте ҳәм ўақтында медициналық көриктен өтиўи тийис.
9. Электр үскенелерине хызмет көрсетиўши исшилер ҳәрекеттеги қағыйданы ийелеп турған әмели яки кәсиби көлеминде билиўи тийис ҳәм электр қәўипсизлиги топары ҳәрекеттеги қағыйданың №1 қосымшасына муўапық болыўы керек. Қағыйда бойынша билимин тексериўден өткен исшиге белгиленген формада гүўақнама берилиўи ҳәм гүўақнама жумыс бабында исшиниң жанында болыўы тийис.
10. Жумыс алып барыўға ҳуқықы бар исшилерге қәўипсизлик бойынша талап қойылады (қәнийгелестилген ис) ҳәм билимин тексериў гүўақнамасына жазылады.
Бундай жумысларға:
жоқарыға шығып ислеў;
кернеўлик астындағы ток өткериўши бөлекшелерде жумыс ислеў;
тазалаў, изолятор алмастырыў ҳәм жуўыў, сымларды оңлаў, өлшеўши штангалар жәрдеминде жалғам зажимлерин ҳәм изоляторларды тексериў, тросларды майлаў;
басым астындағы ислеўши ыдысларға хызмет көрсетиў;
жоқары кернеўликте үскенелерди сынлаў (мегаомметр менен ислеўден басқа).
Қәнийгелестирилген жумыслар дизими жергиликли плакатларды есапқа алған ҳалда кәрхана ҳәкимшилиги тәрепинен толықтырылыўы мүмкин.
11. 18 ге толмаған жас өспиримлерди қолайсыз мийнет шәраятына байланыслы жумысларға қойыў қадаған етиледи.
12. Ҳәрекеттеги қағыйда талапларын бузыўшы исшилер Өзбекстан Республикасының ҳәрекеттеги нызамшылығына байланыслы жуўапкершиликке тартылады.
IV-бап. Тез-ара хызмет көрсетиў ҳәм жумыс ислеў.
§1. Тез-ара(оператив) ҳызмет көрсетиў.
13. 1000 В жоқары электр үскенелеринде өз бетинше электр үскенелерине хызмет көрсетиўши нәўбетши яки тез-ара оңлаўшы исшилер қәўипсизлик техникасы бойынша IV-топарға, ал қалғанлары III-топарга ийе болыўы тийис.
1000 В дейинги электр үскенелерине өз бетинше хызмет көрсетиўши нәўбетши яки тез-
ара оңлаў исшилер III-топар болыўы тийис.
14. Адамлардың, механизмлердиң ҳәм жүк көтериўши машиналардың электр үскенелердиң кернеў астындағы ток өткериўши бөлекшелерине ҳәрекеттеги қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралықа дейин жақынласыўы қадаған етиледи.
15. Электр станция ҳәм жәрдемши станция электр үскенелерин көзден өткериўди III-топарға ийе нәўбетши, V-топарға ийе административ-техникалық басшылар тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.
Электр станция ҳәм жәрдемши станция үскенелерин көзден өткериў ҳәм кәрхана басшыларының рухсаты менен экскурсия өткериў өзбетинше көзден өткериў ҳуқықы бар, IV-топарға ийе исши бақлаўында өткерилиўи мүмкин.
Ҳаўа линияларын көзден өткериў хәрекеттеги қағыйданың 367 ҳәм 368 бәндлери талабына сәйкес әмелге асырылады.
16. Электр үскенелерине хызмет көрсете алмайтуғын исшилерди, нәўбетши ямаса тез-ара оң-лаўшы исшиниң яки өзбетинше көзден өткериўге ҳуқықы бар исшиниң жанында жиберилиўи мүмкин.
Жанына алып журиўши(сопровождающий) электр үскенелерине жиберилген адамлардың қәўипсизлигине қараўы ҳәм олардың ток өткериўши бөлекшелерге жақынласыўы қадаған екенлигин ескертип турыўы тийис.
17. 1000 В жоқары электр үскенелерин көзден өткергенде ток өткериўши бөлекшелерге жақынласыўға кесент беретуғын қоршаўлар ҳәм барьерлер менен үскенеленбеген жағдайларда камераларға кириў қадаған етиледи. Қоршаўлар есигин ашыў, барьер ҳәм қоршаўлар артына өтиў қадаған етиледи. Барьер яки қоршаўлар қойыў тәртиби «Электр үскенелердиң дүзилиси» қағыйдасының IV-бөлиминде келтирилген.
1000 В дейинги электр үскенелерин көзден өткериўде шит есиклерин, басқарыў пульты есигин ҳам басқада қурылмалардың есигин ашыўға руҳсат етиледи.
Көзден өткериў ўақтында қандай да бир жумысларды әмелге асырыў қадаған етиледи.
18. 6-35 кВ электр үскенелери жерге тутасканда, жерге жалғаўыш анықланған жерге жабық бөлистириў үскенесине(ЗРУ) 4 метр аралыкқа дейин, ашық бөлистириў үскенесинде(ОРУ) 8 метр аралыққа дейин жақынласыўға болмайды. Ал ҳаўа линияларда тек ғана тез-ара қосыў, өшириў ҳәм кернеў астына түскен адамларды қутқарыў ушын рухсат етиледи. Бундай ўақытлары электр қорғаў қуралларынан пайдаланыў тийис.
19. 1000 В жоқары өширгишлер (выключатель), айырыўшы (отделитель) ҳәм ажыратқышларды(разъединитель) қол приводынан өшириў ҳәм қосыў диэлектрик қолғаптан пайдаланған ҳалда әмелге асырылыўы тийис.
20. Сақлағышларды(предохранитель) қойыў ҳәм алыў кернеў алынған ҳалда ислениўи тийис. Схемада коммутацион аппараты жоқлығы себепли кернеўди алыў имканияты болмағанда жалғамларда нагрузка жоқ кернеў астындағы сақлағышларды алыў ҳәм орнатыўға рухсат етиледи.
Кернеў астындағы ҳәм нагрузка астында болған екилемши жалғам шынжырларындағы, жақтыландырыў схемаларындағы, кернеў трансформаторы сақлағышларын алмастырыўға рухсат етиледи.
21. Кернеў астындағы сақлағышларды алыў ҳәм орнатыўда қолланылыўы тийис:
1000 В жоқары электр үскенелеринде изоляциялаўшы клещтен, қорғаў көз әйнегинен ҳәм диэлектрик қолғаптан пайдаланған ҳалда орынланыўы керек;
1000 В дейинги электр үскенелеринде изоляциялаўшы клещлерден ямаса диэлектрик қолғаплардан ҳәм қорғаўшы көз әйнектен пайдаланыў керек.
22. 1000 В дейинги жыйым(сборка) ҳәм шитлерде бириниң үстинен бири жайласқан сақлағышлар, жалғамларында коммутацион аппараты жоқ жағдайларда сақлағышларды ңагрузка астында болсада алыў ҳәм орнатыўға рухсат етиледи. Бундай жағдайларда көзди қорғаў қуралы орнына бетти қорғаў қуралларынан пайдаланыў усыныс етиледи.
23. Жыйнаў (сборка), шит, камера ҳәм электр үскенеси жайы қапысы, жумыс исленип атырған камерасынан басқа қулып басылып жаўылыўы тийис.
24. 1000 В жоқары электр үскенелериниң, сыртта жайласқан 1000 В жоқары электр үскене-лериниң, сондай-ақ 1000 В дейинги бөлистириў шити ҳәм жыйынның гилтлери нәўбетши исши есабында турыўы тийис.
Жергиликли нәўбетшиси жоқ электр үскенелеринде гилтлер административ-техник
исшиси есабында турыўы тийис.
Гилтлер номерленген болыўы тийис. Гилтлердиң бир комплекти аўысық болыўы тийис.
Гилтлер тилхат астында берилиўи керек:
өзбетинше көзден өткериў ҳуқықы бар исшилерге ҳәмме жайлардики.
тез-ара оңлаў исшилеринен болған иске қосыўшы иске қосқанында жумыс басшысына, жумыс алып барыўшыға, бақлаўшыға жумыс ислеў күтилген жайлардың гилти бериледи;
25. Ҳәр күни көзден өткериў ямаса жумыс тамамланғаннан соң гилтлер тапсырылыўы тийис.
Жергиликли нәўбетшиси жоқ электр үскенелеринде жумыс ислегенде гилтлер келеси жумыс күнинен кешиктирилмеген ҳалда көзден өткерилгеннен соң ямаса жумыс толық тамамланғаннан кейин кайтарылыўы керек.
Кәрхана электр тармағы бөлистириў үскенесинде тез-ара косыўларды ислеўге ҳуқықы барларға, тутыныўшы исшисине, сондай-ақ нәўбетшиге тез-ара оңлаў ҳәм админис-тратив-техник исшилерине, өзбетинше көрик өткериўге ҳақылы, жоқарыда көрсетилген исшилерге узақ ўақытқа гилтлердиң берилиўи кәрхананың бас инженери анықлайды.
Гилтлердиң берилиўи ҳәм қайтарылыўы еркин формадағы журналға ямаса тез-ара журналда есапқа алыныўы тийис.
26. Бахытсыз ҳәдийсе болғанда тезде жарақатланыўшыны электр тогинен, кернеўликтен азат етиў ушын алдын ала рухсат алмай қутқарыў мүмкин.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish