Шөлкемлестириў илажлары


§2. Электространция ҳәм жәрдемши станция



Download 0,81 Mb.
bet57/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§2. Электространция ҳәм жәрдемши станция
электр үскенелеринде ислеўге рухсат бериў.
538. Қурылыс монтаж шөлкемлери ислеўи ушын ажыратылған майдан хызметкерлерди ислеп турған электр үскенелери бөлимине кириўге узыны бойлап ямаса тор қоршаў-лары менен оралған болыўлары керек.
539. Қурылыс монтаж шөлкемелериниң хызметкерлери машина ҳәм механизмлердиң өтиўи ушын ажыратылған жол ҳәм өткиллер, ислеп турған электр үскенелери аймағы ямаса ҳаналарын кесип өтпеслиги зәрүр.
Қурылыс монтаж шөлкемелери ушын ажыратылған майданға қатнайтуғын жол ислеп турған бөлистириўши электр үскенелери ямаса ханалары арқалы өтсе, усы майданнан адамлар, машина ҳәм механизмлерди алып өтиўди бөлистириўши электр үскенелерин жеке өзи қадағалаўға ҳуқықы бар болған эксплуатация ислеўши кәрхананың ўәкили қурылыс монтаж шөлкеми хызметкерлерин жумыс майданына шекем гүзетип келиўи ямаса жумыс майданынан гүзетип шығыўы шәрт.
540. Егер қурылыс монтаж шөлкеми ушын ажыратылған майдан қоршаланбаған болса ол жердеги жумыслар III-топарға ийе болған эксплуатация кәрханасы ўәкили бақлаўшы-сының бақлаўы астында ислениўи ҳәм бул ҳаккында жазылыўы зәрүр. Бундай жағдай-да эксплуатация ислеўши кәрхана ўәкили қурылыс монтаж шөлкеми бригадасының ис-леўине руҳсатты ҳәр күни бнериўи шәрт.
Сазлаў жумысларын алып барыўда бақлаўшы таярланбайды, қурылыс монтаж шөлке-ми хызметкерлери бул жумысларды хызмет сапарындағы хызметкер есабында орын-лаўлары мүмкин.
541. Бақлаўшы қурылыс монтаж шөлкеминиң жуўапкер жумыс орынлаўшысы менен бир қатарда ўақтыншалық қоршаўлардың ескертиўши плакатлардың толықлығына ҳәм бригада ағзалары тәрепинен кернеў астында болған ток өткериўши бөлимлергеше бол-ған қәўипсизлик аралықтың сақланып турыўына жуўап береди.
542. Эксплуатация ислеўши кәрхана қурылыс монтаж шөлкеми хызметкерлериниң ислеўи-нен рухсат берген жерге кернеў берилиўине жол қоймаслыққа жуўап береди.
§3. Электр узатыў линияларының қорғаў майданларында
ислеўге рухсат бериў.
543. Кабель линияларының қорғаў майданларында жумыс ислеў ушын рухсатнамада (акт-рухсатта) кабель линиясының жайласыўы ҳәм жатқан шуқырлығы көрсетилиўи зәрүр.
544. Эксплуатация кәрханасының хызметкерлеринен таярланған ислеўге рухсат бериўши кернеў астында болған электр линиясының қорғаў майданындағы ҳәмде ислеп турған электр линиясы бағаналары аралығындағы жумысларға қурылыс монтаж шөлкеминиң ҳәр бир бригадасындағы жуўапкер жумыс ислеўшиниң ислеўине бөлек-бөлек рухсат берилиўи шәрт. Өширип қойылған элект линиясының қорғаў майданындағы басқа жумысларға қурылыс монтаж шөлкеминиң жуўапкер жумыс басшысы ислеўине рухсат бериўи зәрүр. Қалған хызметкерлердиң ислеўлерине жуўапкер жумыс басшысының өзи рухсат бериўи керек.
545. Ҳаўа линияларында жуўапкер жумыс илеўшилерди ислеўге рухсат бериўде ислеўге рухсат бериўши ҳәр бир бригада ислеп атырған бөлимге биреўден жерге жалғағыш қо-йыўы зәрүр, жуўапкер жумыс басшысын ислеўине рухсат бериўде жумыс орынланыўы керек болған жерге илажы барынша жақын етип бир жерге жалғағыш қойылыўы керек.
546. Қурылыс монтаж шөлкеми ислеп атырған ҳаўа линиясы бөлиминде жерге жалғағышты орнатыўды ҳәм алыўды эксплуатация кәрханасы тәрепинен таярланған ислеўге рухсат бериўши наряд пенен орынлаўы шәрт. Жерге жалғағышты алып таслаўға оны қойыў ҳаққындағы тапсырманы көрсетпестен бөлек наряд берилиўи мүмкин. Бунда бригада ағзасы есабында қурылыс монтаж шөлкеминиң III-топарлы хызметкери қатнасыўы мүмкин.
547. Көп шынжырлы ҳаўа линияларында эксплуатация ислеўши кәрхана тәрепинен таяр-ланған ислеўге рухсат бериўши жумыс орнын таярлаў ушын усы қағыйданың 354-бән-дине тийкар жерге жалғағыш орнатқан бағаналарға байрақшалар да қойыўлары шәрт. Байрақшалар жерге жалғағыш пенен бирге алыныўы зәрүр.
548. Кабель тармақларының қорғаў майданларында қазыў жумысларын баслаўдан алдын ка-бель линияларын эксплуатация ислеўши хызметкер бақлаўы астында кабеллердиң жай-ласыўларын ҳәм шукырлығын анықлаў ушын тексерип көриў мақсетинде жер бетин ашыў ҳәмде жер қазыў машиналарының ислеў майданын белгилеп қойыў ушын ўақ-тыншалық қоршаўлар орнатылыўы зәрүр.
549. Кабель трассаларынан 5 метрден кем аралыкта турып ислейтуғын машина ҳәм меха-низмлерден пайдаланыў жер қазыў машиналарын болса кабель трассасының қорғаў майданы шегарасында ислеўине рухсат берилмейди. Отбойка балғасы менен кабель трассасы үстинен топырақты 0,3 метр шуқырлыққаша босатыўға рухсат етиледи.
550. Кабеллерди тесиў керек болғанда бул жумыс наряд пенен эксплуатация ислеўши кәр-хана хызметкерлеринен таярланған ислеўшиге рухсат бериўши тәрепинен орынланады. Бригада ағзасы есабында қурылыс монтаж шөлкеминиң IV-топарлы хызметкери қатнаыўы мүмкин.
551. Жер қазыў жумыслары ўақтында усы жумысты орынлаўға берилген ҳүжжетлерде көрсетилмеген кабель көринип қалса жумыс сол ўақытта тоқтатылыўы ҳәм оны сақлап қалыў илажлары көрилип, бул ҳаққында жер қазыўға рухсат берген кәрханаға хабар берилиўи зәрүр.
552. Авария жағдайында кабель тармақларының қорғаў майданларында жер қазыў жумыс-ларын ислеўге рухсатты эксплуатация ислеўши кәрхананың жумыс орынлаў ҳәм ис-леўге рухсат бериў ҳуқықына ийе болған нәўбетши хызметкер бериўи мүмкин. Бул жағ-дайда жер қазыў жумысларын эксплуатация ислеўши кәрхана ўәкили бақлаўы астында алып барылады.
553. Эксплуатация ислеўши кәрхана қурылыс монтаж шөлкеминиң ислеўлерине рухсат берген бөлимге кернеў берип жибермеслигине жуўап береди.



Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish