|
ислеп турған электр үскенелери ҳәм электр узатыў линияларының
|
bet | 56/69 | Sana | 18.07.2022 | Hajmi | 0,81 Mb. | | #821367 |
| Bog'liq 2 5402436682131707811
ислеп турған электр үскенелери ҳәм электр узатыў линияларының
қорғаў майданындағы (зонасындағы) ислеўлерине рухсат бериў.
§1. Улыўма талаплар.
527. Қурылыс монтаж шөлкемлери ислеп турған электр үскенелери ҳәм электр узатыў ли-нияларын қорғаў майданларында қурылыс монтаж жумысларын алып барыў ушын эксплуатация ислеўши кәрханадан жазба рухсатнама алыўлары шәрт.
528. Жумыс алып барыў ушын берилген рухсатнамада төмендегилер көрсетилген болыўы керек: ислеў ушын ажыратылған жердеги электр үскенелериниң ислеп турған бөлими (бөлистириўши электр үскенелери, электр узатыў тармағы, шынжыры, бағаналар); жумыстың орынланыў мүддети (басланыўы ҳәм тамамланыўы); жумыс тамам болған-лығы ҳаққындағы хабарды жеткизиў ушын эксплуатация ислеўши кәрханалардан ажы-ратылған жуўапкер адам; егер қәўипли ҳәм зәрерли факторлардың барлығы болса (ислеп турған электр тармағының жақынлығы, электр майданы, ислеп турған электр линиясы тәсиринен пайда болған кернеўлик).
Қурылыс монтаж шөлкемлери ушын арнаўлы қоршаўлар менен қоршалған жумыс майданы ажыратылған болса рухсатнама орнына КМК «Қурылыстағы қәўипсизлик техникасы»на тийкар ислеўге рухсатнама-акты рәсмийлестириледи.
529. Ислеўге рухсатнама-актте төмендегилер көрсетилиўи керек: жумыс майданы қоршал-ған қоршаўдың түри, усы майданшаға кириў ҳәм шығыў жерлери (сол себептен транс-порт ҳәм механизмлер менен де), егер қәўипли ҳәм зәрерли факторлардың барлығы болса (ислеп турған электр тармағының жақынлығы, электр майданы, ислеп турған электр линиясы тәсиринен пайда болған кернеўлик).
530. Қурылыс монтаж шөлкемлери жумыс баслаўдан алдын эксплуатация кәрханасына наряд бериўши, жуўапкер жумыс басшысы ҳәм жуўапкер жумыс орынлаўшы ҳуқықы берилген хызметкерлердиң ҳәмде олар арасынан тиккелей эксплуатация кәрханасының ўәкили (ислеўге рухсат бериўши) кимге ислеўге рухсат бериўи кереклиги көрсетилген хызметкерлер дизимин бериўи керек. Дизимде хызметкерлердиң лаўазымы, аты, фами-лиясы ҳәм электр қәўипсизлиги бойынша топары көрсетилген болыўы керек.
531. Қурылыс монтаж шөлкемлери хызметкерлери эксплуатация кәрханаларына келиўи ме-нен жумыс ислеўлери керек болған электр үскенесин есапқа алған ҳалда электр қәўип-сизлиги бойынша көрсетпе алыўлары, наряд бериўши, жуўапкер жумыс басшысы ҳәм жуўапкер жумыс орынлаўшы ҳуқықы берилген хызметкерлер болса буннан тысқары схемалар бойыншада көрсетпе алыўлары шәрт.
Хызметкерлер менен өткерилген көрсетпе эксплуатация ислеўши кәрханадағы көрсет-пелрди есапқа алыў журналына белгиленеди.
532. Қурылыс монтаж шөлкемлериниң хызметкерлери ислеп атырған электр үскенелери ҳәм электр линияларының қорғаў майданларындағы қурылыс жумысларын усы шөлкем хызметкерлери тәрепинен белгиленген КМК «Қурылыстағы қәўипсизлик техникасы»да белгиленген формадағы наряд-рухсатнама менен ислеўлери шәрт.
533. Электр үскенелерин өширип бериўши талап ететуғын ҳәмде кернеў астындағы электр линиясының қорғаў майданларындағы жумысларға биринши мәрте ислеўге рухсат бе-риўди эксплуатация кәрханасы тәрепинен таярланған ислеўге рухсат бериўши әмелге асырады. Ол усы қағыйданың 80 ҳәм 544-бәндлери талапларына тийкар қурылыс мон-таж шөлкемлериниң жуўапкер жумыс басшысы ямаса жуўапкер ислеўши ислеўине рух-сат береди.
534. Қурылыс монтаж шөлкеминиң жуўапкер жумыс басшысы ямаса жуўапкер жумыс орынлаўшы исшилерине биринши мәрте ислеўге рухсат бериўде оған берилген наряд-тың еки нусқасыда болыўы зәрүр. Ислеўге рухсат етиў нарядтың еки нусқасынада рәс-мийлестирилгеннен соң оның биреўи ислеўге руҳсат бериўшиде, электр тармақлары-ның жуўапкер хызметкерлерине жумыс тамам болғаннан соң ислеўге рухсат алған қу-рылыс монтаж шөлкеминиң хызметкери бул ҳаққында хабар бериўи ушын қалдыры-лады.
535. Қурылыс монтаж шөлкеми жумысты тамам еткенлиги ҳаққында хабарды жазба түрде өзи ямаса шабарман арқалы бериўи ҳәмде телефон ямаса радио арқалы бериўи мүмкин.
Хабарда нарядта көрсетилген жумыслар толық тамам болғанлығы, бригада жумыс ор-нынан шығарылғанлығы, жумыс орны тексерилгенлиги (материаллар, әсбап үскенелер ҳәм басқалар жыйналып алынғанлығы, қурылыс монтаж шөлкеми хызметкери қойған жерге жалғағышлар, қоршаўлар, қорғаў плакатлары ҳәм белгилери) көрсетилиўи шәрт.
536. Эксплуатация ислеўши кәрхана жумыстың толық тамам болғанлығы туўрысындағы хабарды алғаннан соң ислеўге рухсат бериўши тәрепинен қойылған жерге жалғағыш-лар, қоршаўлар, қәўипсизлик белгилерин (плакатларын) алып электр үскенесин тар-маққа жалғаў ҳуқықына ийе.
537. Қурылыс монтаж шөлкеми өз хызметкерине ҳукықларға ҳәм электр қәўипсизлиги бойынша маманлық топарына туўры келгенлигине, жумыс жағдайы ҳәм мүддетинде орынланыўына жумыс ўақтында қурылыс монтаж шөлкеми хызметкерлериниң қәўип-сизлик илажларын орынлаўларына ҳәм ислеўге рухсат етиўшиниң жол-жорық бериўи ўақтындағы көрсетпелериниң орынланыўларына жуўап береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|