Шийше өндириў технологиясы



Download 1,66 Mb.
bet1/3
Sana02.03.2022
Hajmi1,66 Mb.
#478251
  1   2   3
Bog'liq
Шийше

ШИЙШЕ ӨНДИРИЎ ТЕХНОЛОГИЯСЫ

  • Дүзиўши: доц. М.Айымбетов

Жобасы:

  • 1. Шийше өндириси тарийхы.
  • 2. Шийшелердиң улыўма қәсийетлери.
  • 3. Шийше өндирисиниң шийки заты.
  • 4. Шийшелердиң алыныў технологиясы.
  • 5. Шийшелердиң түрлери ҳәм қолланылыўы.
  • 1- Сүўрет. Лечебный көлиндеги вулкан атылыўынан пайда болған шийше таўы (англ. Medicine Lake Volcano). Калифорния.

Шийшетәризли ҳалат тәрийпи

  • Шийше деп химиялық қурамы ҳәм қатыў температурасына байланыссыз түрде еритпени жүдә тез суўытыў арқалы алынатуғын ҳәм жабысқақлықтың әсте-ақырын асыўы нәтийжесинде қатты денелердиң қәсийетлерин қабыл ететуғын барлық аморф денелерге айтылады; бунда суйық ҳалаттың шийше тәбиятына өтиў процесси артқа қайтатуғын болыўы шәрт
  • а б
  • 3 - Сүўрет. Тәртиплескен структураның аморф тәртипсиз ҳалатқа өтиўи.
  • (а) – Кварц кристаллы түриндеги SiO2 – дүзилиси, (б) – Кварцли шийше түриндеги SiO2 – дүзилиси.

Шийшелердиң қәсийетлери

  • Шийше – органикалық емес изотроп зат. Структуралық жақтан аморф, агрегатлық ҳалаты бойынша қатты затларға жатады. Химиялық қурамынан ҳәм қатыў температурасынан ғәрезсиз түрде, шийше суйық ҳалаттан шийшетәризли ҳалатқа қайтымлы өтиў қәбилиетин сақлаған ҳалда, қатты затлардың физика–механикалық қәсийетлерин ийелейди.
  • Қатты ҳалатта шийше қәдимги реагентлердиң (плавик кислотадан тысқары) ҳәм атмосфералық факторлардың тәсирине оғада шыдамлы.
  • Шийшениң тығызлығы оның химиялық қурамына байланыслы. Кварцли шийшениң тығызлығы кем болып 2200 кг/м3. Борсиликатлы шийшелер тығызлығы кем шийшелерге киреди. Қурамында қорғасын, висмут, тантал оксидлери бар шийше-лердиң тығызлығы 7500 кг/м3 ке жетеди.
  • Шийшениң жыллылық өткизгишлиги оғада аз ҳәм 0,0017 – 0,032 кал/(см•с•град) ямаса 0,711 ден 13,39 Вт/м•К тең. Әйнек шийшесинде бул цифра 0,0023 (0,96) тең.
  • Қәдимги шийшелердиң қысылыўға беккемлик шеги 500 ден 2000 ға шекем МПа қурайды (әйнек шийшесинде бул шама 1000 МПа шамасында).
  • Шийшениң қаттылығы, басқа көплеген қәсийетлери сыяқлы, араласпалардан ғәрезли болады. Моос шкаласы бойынша ол 6–7 бирл. қурайды, бул апатит пенен кварцтиң арасында жатады. Кварцли ҳәм кемсилтили борсиликатлы шийше ең қатты шийше болып есапланады. Силтилик оксидлердиң муғдары артып барыўы менен шийшениң қаттылығы кемейеди. Ең бос шийше – қорғасынлы шийше.
  • Мортлық (нәзиклик). Салыстырмалы түрде төмен температураларда (балқыў температурасынан төмен) шийше механикалық тәсирлер ақыбетинде ҳеш қандай пластикалық деформацияға ушырамастан сынады ҳәм, солай етип, артықмаш дәрежедеги морт материаларға (алмаз ҳәм кварц пенен бир қатарда) жатады.
  • Шийшетәризли ҳалаттағы барлық затлар бир нешше улыўма физика – химиялық қәсийетлерге ийе. Солардың бири олардың кристалл затларға уқсап изотроплығы, яғный шийше қәсийетлериниң барлық бағдарларда бирдей болыўы болып есапланады.
  • Екинши мәселе шийшелердиң қыздырылғанда кристалл затларға уқсап белгили бир температурада бирден ерип кетпейтуғынлығы. Егер кварц кристаллы қыздырылса, ол тек 1713 0С қа жетип, өз формасын жоғалтады ҳәм суйықлыққа айланады. Кварцли шийше қыздырылғанда болса 1000 0С дөгерегинде жумсарады, соң жабысқақ-лығы кемейип суйық ҳалатқа өтеди, бирақ қайсы температурада суйықлыққа өтетуғынлығын айтыў мүмкин емес. Шийше “быламығы” қатып атырғанда болса бул процесстиң кериси жүз береди, яғный температура пәсейген сайын заттың жабысқақлығы артады ҳәм әсте – ақырын шийше қатып, қатты дене формасына қайтады.

Download 1,66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish