МИЛЛИЙ ДИНЛЕР
Миллий динлердиң пайда болыўы
ҳәм оның тарийхый түрлери
ҲИНДУИЗМ
Ҳиндуизм эрамыздың VI әсринде Ҳиндистанда пайда болған. Ҳиндлардың миллий дини ҳиндуизм кең тарқалған болып, оған 80 пайыздан көбирек ҳиндлер сыйынады. Ҳиндуизм эрамыздан алдын бар болған брахманизм, ведизм, тотемизм, анимизм сыяқлы динлер эволюциясы натийжесинда қәлиплескен. Ҳиндуизм түрли исенимлер, үрп-әдетлер ҳәм мәресимлер, жергиликли диний исеним ҳәм қараслардың қурамалы комлекси сыпатында пайда болып, урыў-қәўим динлери элементлерин, буддизм, сикҳизм, жайнизмниң тийкарғы идеяларын өзине өзлестирип алған. Ҳиндуизм инсанның туўылғанынан баслап қайтыс боламан дегенше болған ҳуқуқ ҳәм ўазыйпаларын белгилеп ҳәм шеклеп қояды. Ҳиндуизм адамлардың социаллық теңсизлигин ақлайды. Ол руҳтың өлмеслиги ҳәм көшип айланып жүриўи (сансара тәлийматы), қайта туўылыўы (карма тәлийматы), гүнә ислер ушын жауап берилиўи, жәннет ҳәм дозақ сыяқлы қарасларды өз ишине алады.
Ҳиндуизм политеистлик дин болып, онда көп қудайлық элементлери сақланған. Диндарлар қарасларында бас қудай Брахман болмыстың жаратыушысы. Будан тысқары ҳиндлер Вишну ҳәм Шива деген қудайларға да сыйынады. Ҳиндуизм тәлийматында қудайдың үш қыяпадағы көриниси айтылыўы (тримурти) ең жоқары, жеке қудайдың үш өзгешелиги, деп анықлама бериледи.
Ҳиндуизм тәълийматы жәмийеттиң қатламларға бөлиниўин баян етеди. Бул динниң карма нызамшылығына тийкар ол инсан турмысында 4 тийкарғы мақсет бар деп түсиндиреди.
Булар:
1) дҳарма – шаңарақ ҳәм жәмийет диний талапларды толық орынлаўы;
2) артха - пайдалы ислер ислеў, зәрүр материаллық өнимлерге ийе болыў;
3) кама - муҳаббат туйғыларына ерисиў, бул ҳыс-туйғыларды қандырыў;
4) мокша - өзгериў шынжырынан толық азад болыў.
Ҳиндуизм ибадатханалары жүдә жоқары эстетик дид пенен үлкен етип қурылған. Оларға бәрше қудайлар периштелер көринислери ҳәм ҳәйкеллери қойылған. улыўма, ибадатханаларга кирген адамға руҳый күш, жақсы кейпият бағышлайды.
ЖАЙНИЗМ
Жайнизм - бул динниң тийкаршысы сыпатында исеним хасыл етилетуғын ярым әпсанауий пайғамбар-жын аты менен аталған болып, бул миллий дин Ҳиндистанда эрамыздан алдыңғы VI әсирде пайда болған. Жайнизм брахманизмдеги (брахманизм дини Ҳиндистанда эр. ал. X-XI әсирлерде келип шыққан еди) адамларды қатламларға ажыратыў ҳәм қатламлар тийкарында адамлардың социаллық теңсизлигин иләҳийлестириў системасына қарсы пайда болған. Жайнизм тәлиматында 24 пайғамбарға, әсиресе, олардан ахырғысы болған пайғамбар - Вардҳамана Махавираға сыйыныў талап етилген. Жайнизмде жанның өлмеслигине, оның бир материаллық қәлиптен екиншисине көшип жүриўине исениў идеясы орайлық орынды ийелейди.
Жайнизм диндарларға қарата қатты шеклеулер орнатқанлығы себепли ҳәзирги күнде бул дин жоқ болып бармақта. Соған байланыслы жайнизмди жаңалап заманға масластырыўға урыныўлар жүз бермекте. Жайнизм қатламларға бөлиниўди қаралап, инсанлар теңлигин иләҳий тийкарда орнатыў ҳаққындағы дин болғанлығы оның унамлы өзгешелиги.
Do'stlaringiz bilan baham: |