Япония миллий дини
СИНТОИЗМ
Синтоизм (синто - қудайлар жолы дегенди билдиреди) Японияда кең тарқалған дәстүрий миллий дини. Бул дин дәслепки феодализм дәўиринде (VI-VII әсирлер) рауажланған ҳәм урыўшылық, қәўимшиликке тән анимистлик ҳәм шаманизм мәресимлери жыйындысынан ибарат болған ҳалда пайда болған.
Синтоизм тәлиймаынида Японияда енгизилген социаллық-сиясий үгит нәсияттың беккемлиги ҳәм өзгермеслиги, қуяш тәңри-Аматэрасудиң урпағынан деп есапланған япон императоры-Микадо ҳәкимиятының иләҳийлигине исениў, император әўладларын муқәддес деп тән алыу, әўладлар ҳүрметине тайынланған шаңарақ-урыў мәресимлерин орынлаў сыяқлылар тийкарғы орынды ийелеген. Синтоизмниң пухта исленген қағыйдалары жоқ. Диний мәресимлерди каннушлар деп аталатуғын арнаулы диндарлар әмелге асырады.
Каннушлик ўазыйпасы нәсилден нәсилге өтеди. Ҳәзирги ўақытта японлардың көбиси синтоизм менен буддизмди тең көрип, ҳәр еки динге сыйынады. Турмыслық мәресимлер: туўылыў, неке сыяқлылар синтоизм ибадатханаларында орынланса, жерлеў ҳәм марҳумды еслеў мәресимлери буддизм ибадатханаларында өткериледи.
Синтоизм әдеп қөз қарасларынан ибратлы дин болып, ол билимли, интизамлы, миллий туйғы, ўатанды сүйиў сыяқлы инсаний пазыйлетлерди, қәдириятларды ҳүрмет етеди.
Синтоизм дини ҳәр бир адамда пәклик ҳәм азадалыққа итибар бериў көликпесин пайда етеди. Эстетик дид ҳәм усы диний талаплар арқалы өсип барады.
Израил мәмлекети дини
Иудаизм
Орта теңиздиң шығыс қырғақларына жайласқан әййемги Иудея ҳәм палестин мәмлекетлери территорияларында араб ҳәм яҳудий қәўимлери әўладлары жасайды.
Иудаизм әўели яҳудий қәўимлериниң ең күшлиси болған Иуда қәўиминиң политеистик дини болған. Иудаизм -әййемги динлерден болып, эрамыздан алдыңғы XIII әсирде яҳудийлардың миллий дини сыпатында пайда болған.
Иудаизм политеизмнен монотеизмге өтемен дегенше бир қанша тарихий процессти басынан кеширди.
Мәселен, Иудаизм дининиң муқәддес китабы Таурат жазыуларында: «Сениң қалаларың қанша болса, қудайларың да сонша», дейилген. Иудаизмде Яҳудий миллетиниң жолбасшылары ҳәм пайғамбарлары есапланған Иса (Иисус Христос), Навин, Ибраҳим (Авраам), Муса (Моисей), Исҳақ (Исаак), Яқып (Иакав), Юсуф (Иосиф), Сулайман, Дауд, Нуҳ(Нои) ҳәм басқаларға политеистик динлер ҳукмранлық еткен дәўирлерде жергиликли қәўимлик қудайлар сыпатында исенилген.
Мәселен, Маисей (Муса) Иуда қәўиминиң пайғамбары, Яҳве (Иегова) болса усы қәўим қудайы еди.
Иудаизмниң келип шығыў тарийхы, тәлийматлары (философиялық-теориялық тийкарлары), мәресим, үрп-әдетлери, әдеп икрамлылық қараслары, ҳуқықый ҳәм нызам дүзимлери, ондағы пайғамбарлар, әўлиелер ҳаққындағы мағлыуматлар, рәуаятлар, ибадат дуаларының барлығы Таурат китабында (Таурат - иләҳий нызам дегени) баян етилген.
Do'stlaringiz bilan baham: |