Бесинши тараў
БИРИНШИ ГАСТРОЛЬ
1
47
Театр, театр, тилсимли айна,
Бир сырлы кҥш бар-аў сенде қалайда.
Сенде халық ӛмириниң қайнаўлары бар,
Руўхыма не керек, сенде бәри бар ...
Сондай сулыў жер бар таў арасында:
Мың кӛзден булақлар атлығып онда,
Шығар бурқасынлап астынан тастың,
Соннан пайда болар бир асаў тасқын.
Дәртиңе дәрман бар суўында оның,
Жасыл ойпатлар бар бойында оның,
Сол асаў тасқынды кӛрген едим бир,
Сахнада тап сондай қайнайды ӛмир ...
Пәренжесин жулған бир азат қыздай,
Таң менен уласқан Шолпан жулдыздай,
Азатлық таңында нурланып бирден,
Бизиң туўған жерге келгенинде сен, -
Сахна кӛрмеген халық қуўанып қатты,
«Артист» деп телпегин аспанға атты ...
Аўылда ең дәслеп ойын кӛргенде,
Театрға ҳәўес артпаған кимде?
Артистлер ол жерде сағынышлы мийман,
Артист келди, демек, басланды байрам,
Мақал бар «Той десе жумалар қуў бас»,
Минип там басына сырнайшы, рас –
Ҥрсе баламанды томпайтып уртын,
Кешки аўқатын да умытып журтым, -
Сансыз жолаўшыдай аққан базарға,
Ӛрип қумырсқадай сокпақ, гҥзарда,
Колхоз кеңсесиниң алдына кеште,
Сайға қуйған суўдай толар бир пәсте.
Сҥўреттей сызылар қыз-келиншеклер,
Соғар жигитлерде дҥрс-дҥрс жҥреклер.
48
Ғаррылар умытар ол кҥни жасын,
Алып шӛгирмесин, бузбай малдасын,
Иззетке бӛленип отырар тӛрде,
Сабан калыңырақ тӛселген жерде,
Кӛпке тәртип берип ғошшак дийқанлар,
Тойда ӛз миннетин булжытпай ақлар.
«Тынышлан, ҳай ӛңкей бақыраўық қарға!»
Деп жекирнип жҥрер жас балаларға.
Байланған шомларда ӛршип жанар май,
Сес тынар қулаққа урған танадай.
«Наўмир айтқыш»
4
ортада бирден жарқ етер.
Шаппат қырғаўылдай дҥрлигип кетер.
Ал, соның изинше еситилер саз ...
Тамашагӛй достым, шыдай тур бираз,
Ҳәзир басланады кҥткен ойының,
Соңырақ айтарман тәрипин оның ...
Қандай қызық болды дейсең сол кҥни!
Халықтың хошемети - теңиз толқыны.
Ол гейде силтидей тынып турады,
Гә толқынлап келип жарға урады.
Гейде ишин тартып теңиз гҥўилдеп,
Турғандай «қәнекей, алыссаң кел» деп.
Кӛзлер шоқ жулдыздай тӛгер сәўлесин,
Толқын тербеткендей кеўил кемесин.
Мине, кеме тоқтар келип жағысқа ...
Журт қайтар ҥйине тарап тум-тусқа,
Жҥзлеген аўызда бир ғана сӛз бар:
«Артист, артист» десип таңлай қағысар.
«Пай, дым қысқа болды-аў мына театр»,
«Мәс-саған, таўықлар шақырып атыр»,
«Ўай, заңғар, жаңағы кемпир бәле екен»,
«Ол кемпир - Ӛтепов Әбдираман ғой».
4
Нәўмир айтқыш – (аўыл термини) конферансье (И.Ю.)
49
«Былтырғы ўәкил ме?», - «Аўа, аўа», -«Қой?»
«Тап «Алпамыс» тағы мәстанның ӛзи,
Кеңкилдеп кҥледи-аў мәшшийтип кӛзин».
«Сол ғой ойынды да ашқан бағана».
«Ӛзинде мол екен ақыл ҳәм сана».
«Ӛзи шӛпик екен мәлим пышықтай»,
«Бенде емес екен сӛзге де, пай-пай».
«Нағыз қара жердиң кемеси десеш».
«Наймыт, қуўқыл сӛзге сҥринбейди-аў ҳеш».
«Ал, Әбекең, билсең, биз бенен дос-яр:
ЧОН
5
да бирге хызмет еткенимиз бар,
Ӛзи Қоңырат жақтан, соркӛлли хожа,
Бир гезде хаткер де болған болысқа.
Қолдан байлағанды тис пенен шешкендей,
Мисли дигирманнан тири тҥскендей.
ЧОН да жҥрген гезде-ақ журт оны билди,
Оның тарпыўынан ҥш бандит ӛлди.
Бир жола екеўимиз тапсырық пенен
Теңиз бетке кеттик. Сол гезде бирден,
Ҥш баспашы шығып жолымызды кести,
Бизден жол сорады, азлап сӛйлести.
Сӛйткенше болған жоқ, «паңқ» етти мылтық –
Әбдираман кетти ерден жылысып.
«Байғус, ӛлди-аў» дедим артыма қарап,
Салпылдап баратыр бӛктериўдей тап.
Мен айнала берип аттым биреўин ...»
«Шылғый ӛтирик ғой тап усы жериң».
«Сора Ӛтеповтан дым исенбесең».
«Әй, оңбаған кӛсе, сӛзди бӛлме сен.
Ал, сӛйтип не болды?» - «Не болғаны бар?!
Аттан ушып тҥсти, сӛйтип бир заңғар.
Тири қалған екеўи тҥсти-аў кейниме.
Сонда Әбдираман сум екен бәле,
5
ЧОН – айрықша хызмет атқарыўшы әскерий бӛлим.
50
Зәңгиге илинген ӛликтей аўып,
Оқ қапталымыздан ӛтти бир шаўып.
Оны «ӛлген» десип ойлады душпан,
Бир ўақта «гҥрп» етти мылтық жаңадан.
Артыма қарасам, ийесиз бир ат
Ылағып баратыр екен қаңырап.
Бирақ ҥшиншиси туттырмай кетти ...».
«Ал, мени анаў қыз гириптар етти.
«Арыўхан» деп пе еди, ким деди атын?
Япырмай, ӛнерин, сулыў-сымбатын
Бердақ та тәриплеп бере алмас еди-аў».
«Жҥрсеңши, уйқыдан бос қалдық ғой, ҳаў.
Сонша жутынасаң Ғәриб ашықтай,
Қатының еситсе ғой боласаң оқтай».
«Келгели қорылдап уйықлап ақырда,
«Ойын кӛрдим» дейди-аў усы пақыр да ...
«Ӛтирик сӛйлемесе буның ӛлгени».
«Шырағым-аў, ӛзим ғой оятқан сени ...».
Журт усылай тарқасар ҥйли-ҥйине.
Енди мени тыңла, оқыўшым, қәне.
2
Басына кӛтерип жолды, шаңлақты,
«Ойын келди» десип балалар шапты.
Арбада дәп қағып, шертип баламан,
Келди жуўдырласқан кеўилли кәрўан.
Жигитлер қуўанысып қарсы жуўырды,
Ҳаяллар есиктен сығалап турды.
Ҳ а я л
Бетим-аў, булар ким, масқарапаз ба?
Ойнап киятыр ғой биреўи сазға.
51
К е м п и р
Келиншек тҥсирген биреўлер шығар ...
М о л л а
Бул нағыз ахирдың нышаны - тәжжал ...
Д и й қ а н
Моллеке, қапылтпаң, «тәжжал дегениң
Ешкиге усар» деп айтқансаң ӛзиң.
Оның ҳәр тҥгинде қоңыраўы болар ...
М о л л а
Анаў алтақтада отырған қызлар
Нағыз ешкилер ғой қарасаң аңлап.
Арбаның ҥстинде бәри шошаңлап,
Бақырысып киятыр. Сақлайгӛр аллам,
Қоңыраўлар даўысы еситилер маған ...
Ә й т е н г е ш ш е
Тақсыр, тәжжал болса, астапуралла,
Кәлийма-шаадат қайтарың онда.
Ҳ а я л
Ӛйбей, алтақтада отырған шетте
Жездейдиң қызы ғой оқыўға кеткен.
Ж и г и т
52
Яша, ким екенин мен енди билдим:
Булар артистлери екен Тӛрткҥлдиң.
Әнекей, Арыўхан тҥсти арбадан,
Балалар шуўласып жуўырды оған.
Базарлық берип атыр бәрине бирден.
Неге собырайып турман бунда мен?!
(
Do'stlaringiz bilan baham: |