Поэмалар "Қарақалпақстан"



Download 1,18 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/28
Sana24.12.2022
Hajmi1,18 Mb.
#895841
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   28
Bog'liq
I Yusupov Tumaris hám basqa poemaları 1974 @kitapxana 2021

Төртинши тараў 
 
УШЫРАСЫЎ 
Б е г д и я р 
Ҥш рет жибердим файтонды саған,
Зорға тӛртиншиде келдиң, Арыўхан.
Мейли, кӛтерейин назыңды енди,
Гийнем ерип кетти кӛрип тӛбеңди,
Қымбатлым, сен меннен қашпа оншама … 
А р ы ў х а н
(
сыртқа қарап
)
Ал, және басланды қәдимги нама ... 
Б е г д и я р 
Айтқаның дурыс, қошшым, әпиў ет мени.
Шынында да бизлер бул әңгимени
Дым созып жибердик. Келтертиў керек.


36 
Бир аўыз «мақул» деп айтсаң болды тек,
Еле ўәдем - ўәде, тилесең ертең,
Ҳаялымды қуўып жиберемен мен,
Сҥйип алғаным жоқ оны бәри-бир,
Ӛзи де кетиўге қайыл болып жҥр. 
А р ы ў х а н
(
тиксинип

«Еки қызым бар» деп айтқан едиңиз,
Соларды да аямай, қалайынша сиз –
Қуўып жибересиз анасы менен? 
Б е г д и я р 
«Қыз» деген қонақ ғой, бойжетер ертең.
Ҳәм де жай-жайына кетер тарасып, 
Ретинде бизден де болар қарасық,
Қалыўсыз қайғырып ҳәммениң муңын,
Қызы емесписең Асан қайғының?
Ҳәр кимниң ӛзинше несибеси бар ...
Арыўхан, сен маған бол сҥйикли яр.
Сен ушын жҥрегим ҳәм дҥнья малым,
Умыт бул дҥньяның бар ғалма-ғалын ... 
А р ы ў х а н
Сиз жақсы ойнайсыз ролиңизди ... 
Б е г д и я р 
Ал, сен кӛп айтасаң усы бир сӛзди,
Ол қайсындай роль? Мен артистпен бе? 


37 
А р ы ў х а н
Ӛткерип атырсыз сиз артисттен де. 
Б е г д и я р 
«Артист, артист» десер журт усы кҥнде,
Соның ӛзи ойыншық ғой тҥбинде,
«Артист» - бул шынында, масқарапазлық,
Басқа ӛнер саған қыла ма азлық?
Сендей периштеге жумыс не керек?
Сениң жайың - отаў, саялы терек,
Бәри де бар менде. Болсаң ҳаялым,
Аппақ май шайнайсаң ӛмириңде, жаным,
Басыңа бахыт қусы қонады сениң,
Шылғаўың мақпалдан болады сениң,
Сҥй жаным... 
А р ы ў х а н 
(
астарлы мысқыл менен

Шынында, ондай иззетке,
Кӛнликсек болғаны ғой … 
Б е г д и я р 
Ал, келешекте
Саған буйырмақшы солардың бәри,
Дәўлет қусының да бар ӛз мәҳәли,
Ол саған қонажақ, ҥркитпе оны.
Мен саған ашаман ығбалдың жолын.
Тасла артистликти, ол тӛмен кәсип,
Сендей гӛззалға ол емес минасип,
Масқарапаз ҳеш ўақта илинбес санға,


38 
Ол әрдана болсын Әбдираманға ...
«Сени кӛрсем» деген бир тилек пенен,
Кеше клуб жаққа барып едим мен,
Шынында, қызық екен «пессе» дегениң,
Әсиресе унады ролиң сениң,
Сен жас тоқал болып ойнағаныңда,
Журт жылап отырды мениң жанымда.
Бай сени урғанда дыр қамшы менен,
Жуўырып бармақшы болып қалдым мен.
Мен умытып кеттим пҥткил ӛзимди,
Еситтим тек сениң зарлы сӛзиңди.
Кийимиң ләтте еди, жҥзиң пәрийшан,
Дҥнья телмиргендей болды тек саған,
Шобытқа оралған шам-шырақ тастай,
Турдың сәўле шашып, солығыңды баспай.
Ҳаял шын жҥректен жыласа егер,
Сонда ол айрықша гӛззал кӛринер.
Сол қайғылы гезиң еле есимде,
Сол гезиң тынышлық бермес тҥсимде.
Әсиресе сыйқырлы-аў даўысың сениң,
Жанға дәрт салады сыңқ-сыңқ кҥлгениң.
Сонда бетиңдеги кҥлдиргишиңнен
Кӛринер адамға бир гӛззал әлем.
Ӛксип жылаўларың ериксиз аятар.
Жас тҥўе ғаррыда ҳәўес оятар.
Әҳ, қумкелле байлар, «болар» деп шығын,
Текте қарыслайды малдың қуйрығын.
Ийе болсам еди мен сондай малға,
Бәрин берер едим сол жас тоқалға ... 
А р ы ў х а н 
Домбықты ҥйдиңиз-аў дизеге шекем,
Оған қандай пәлек кӛгерер екен? 


39 
Б е г д и я р 
Бул ҳеш домбық емес, мен айттым дурысын,
Сӛзим жалған болса пайғамбар урсын.
Сениң ойнағаныңды кӛрсе егерде,
Жулдыз тҥсер еди жылыслап жерге. 
А р ы ў х а н 
Бул ушын рахмет Әбдираманға, -
Бул пьесаны жазған шебер адамға,
Бизге ойнаў жолын ҥйреткен де сол. 
Б е г д и я р 
Сонша мақтағандай не ислепти ол?
Жазыўдың неси қыйын таяр ӛмирди?
Айтпақшы, мен сонда анаў кемпирди
Дым унатып қалдым. Ой, иймансыз-ай,
Ишек-силемизди қатырды-аў сондай ... 
А р ы ў х а н
Ол кемпир - Әбдираман ... 
Б е г д и я р 
Ўай, чорт оңбаған, 
Сол ма кемпир болып кӛринген маған?
Шынында ӛзи де Әбдираманның
Мәстаннан кем емес. Мен ол адамның –
Минезине кӛптен қанықлығым бар,
Балықтай жылпылдақ, мәстандай ҳайяр.


40 
«Клубқа ҳеш кеўил бӛлмейсең сен» деп,
Ол мийимди тескен талай диңгирлеп.
Ал, енди қақпайлап мәжилис сайын,
Мени критикаға тутар удайы, 
Ҳәзирги жасларды қоя бер сирә,
«Қыйт» етсең, жабысар дәрҳал жағаңа.
Олар сескениўди, қорқыўды билмес,
Бул баяғы мӛмин әўладлар емес:
Сӛзилсе сәл исте қамлық еткениң,
Булар кимлигиңе карамас сениң.
«Қәтеңди мойынла, былай исле» деп,
Бетиңе бажырайып турып алар тек.
О, сен билсең еди, периштем мениң,
«Критика» дегенниң не зат екенин.
Бурыштай терлетеди. Бундай бәлени –
Ата-бабамыз ҳеш кӛрмеген еди,
Бул жаңа туқымның бурышы ма деймен
Бирақ, Ӛтеповтан пәнт жемедим мен:
Бир ийни келгенде аттым-аў жардан ... 
А р ы ў х а н
(

Download 1,18 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish