Поэмалар "Қарақалпақстан"



Download 1,18 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/28
Sana24.12.2022
Hajmi1,18 Mb.
#895841
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28
Bog'liq
I Yusupov Tumaris hám basqa poemaları 1974 @kitapxana 2021

Үшинши тараў 


17 
 
ҲАЯЛ ЖҮРЕГИ

Сҥйип маңлайынан азанғы қуяш;
Тӛрткҥл кӛшесинде келер еки жас,
Бири жигит еди кҥйгелек кӛзли,
Мәгар бултсыз кҥндей ашық минезли,
Желге ерегискен ӛреби шашы,
Шӛлдиң қапланындай шыйрақ тулғасы,
Ӛткир кҥн нурына қаймықпай қарап,
Келер кӛксин керип, жҥзи жадырап.
Ал, қасында келер арыў келиншек;
Таңда бир қызғалдақ атқандай шешек,
Жигит қолтығында майысып талдай,
Келер бәҳәр қызы таңғы самалдай.
Жупқа орамалы тасалап жҥзин,
Жигитке урланып салар ол кӛзин,
Гейде сыңқ-сыңқ кҥлер шын ықлас пенен,
Кҥлкиси шыққандай жҥрек тӛринен. 
Ә б д и р а м а н 
Арыўхан, жуўап бер, айтайын бир сӛз.
Адамға не ушын бериледи кӛз? 
А р ы ў х а н 
Қыйын саўал екен ... мен билсем енди:
Кӛз, бул, кӛриў ушын сҥйген кисиңди
Берилетуғын шығар бәлки адамға ... 
Ә б д и р а м а н 


18 
Дурыс, кӛриў ушын ... Сен неге сонда,
Қумар кӛзлериңди кӛп тасалайсаң? 
Сен актер адамға ҳеш усамайсаң,
Актер жетелейди жаңа ӛмирге,
Пердесиз ай болсын ол ҳәмме жерде,
Тек сахнада емес актерлық сыры,
Бҥлбил ҳәмме жерде бҥлбил ғой ақыры.
Сол ушын кӛзиңди тасалама сен.
Буқпа тақыр жерде. Шаршыңды кӛзден –
Алып тасла тезирек. Бул нурлы кӛзлер,
Берсин басқаларға нур менен жигер,
Бул кӛзлер берилген, сен билсең, жаным,
Кӛрип тойыў ушын жақты дҥньяны.
Аш ҳәзир ... 
А р ы ў х а н 
Ашайын, қолымды жибер,
Қолтықламай-ақ қой, журт кҥлип жҥрер,
Бул дәстҥр емес ғой оның ҥстине ... 
Ә б д и р а м а н
Таңның нурынан да уялдың әне. 
А р ы ў х а н
Таңның нурынан емес, сениң кӛзиңнен … 
Ә б д и р а м а н 
Ҳе, сӛйтип шаршыңды кӛтер жҥзиңнен,
Еле де жоқарылаў ... уялма ҳасла,


19 
Сыпыр орамалды, ийниңе тасла. 
А р ы ў х а н
(
күлип
)
«Кӛшеге тасла» деп те айтарсыз бәлким? 
Ә б д и р а м а н 
Жалаңбас жҥриўи керек ғой ҳәр ким,
Оның неси айып? 
А р ы ў х а н
(
таңырқап

Ҳаял-қызларға? 
Ә б д и р а м а н 
Аўа, бул жарасар сӛзсиз оларға,
Ашық жҥзли жҥрсин ҳәр азат адам,
Дәстҥр заң емес ғой, ӛмир ӛзи заң.
Сениң анаң ӛткен жақты кӛре алмай.
Анаңның анасы да жасаған солай,
Ӛзиң де аз-кемлик кӛрген емессең,
Қыз гезиңде шалқып жҥрген емессен;
Айтып бермесең де сен ӛз аўзыңнан,
Ӛткен ӛмириң маған аян, Арыўхан.
О, сениң ӛмириң бир дәстан екен,
Бул туўралы пьеса жазажақпан мен.
Жоқ, текте сен емес, саған усаған,
Қызлардың ӛмирин жазып шығаман ...
Рахмет, сен бердиң оның темасын,


20 
Басыңнан кеширдиң ҳәм ўақыясын,
Турмыс бул ўақыяны ӛз тили менен
Маған айтып берди, баянлап кеңнен.
Енди мен кӛширемен оны қағазға,
Жоқ (адам қыяллап кетеди-аў базда), - 
Кӛширмеймен, себеби турмыстың мен
Хаткери емеспен, дҥзиўшисимен.
Сонлықтан, шайыр ӛз мийнетлеринде
Жанға азық берсин, йош берсин елге. 
Дийқанлар бел менен қазады арна, 
Шайыр қәлем менен жазар шығарма,
Билсең бул да арна. Бирақта оннан,
Суў емес, ағар халық руўҳына қан ... 
А р ы ў х а н 
Сонша терең екен адамның жаны.
Кӛргенмен дәрьяның усылай аққанын.
Сен қосық жазасаң, сӛзиң мисли пал,
Жаслар қағып алып, ядлайды дәрҳал,
Гә клубта кружокқа сабақ бересең,
Гә аўылда ойын қойып жҥресең,
Гә пьеса жазасаң журт сҥйсингендей
Ҳәм оны сахнаға қоясаң демде:
Гә йошып, дуўтарды аласаң базда,
Жазған қосығыңды саласаң сазға;
Гә қызық сӛз бенен ашып пердени,
Жаңаны мақтайсаң, жасқап гӛнени;
Мине, мыржық кемпир шықты сахнаға,
Тамашагӛй гҥўлеп қол шаппатлаған;
Мине, перде артында суфлер-қулақ
Умытшақ актерға ӛтти сыбырлап ...
Булардың, бәри - сен, Әбдираман аға.
Саған қайдан жуққан ӛнер буншама? 


21 
Ә б д и р а м а н 
Ӛнер ҳеш адамға жуқпас ғайыптан,
Умтылса, бәрин де ислейди адам ...
Жаңа турмыс ушын гҥрес, инқылаб
3
Усылай ислеўди етеди талап. 
Адам шын азатлық жолына тҥссе,
Ийе болар таўсылмас ӛнерге, кҥшке,
Ҳәзир ҳәмме шайыр, ҳәмме ӛнерпаз –
Болыўға умтылып етеди талўас. 
А р ы ў х а н 
Енди қашан жазып сол пьесаңызды,
Тағы да қуўантар екенсиз бизди? 
Ә б д и р а м а н 
Егер ең кеминде еки жыл жазсам,
Пьесаның ҳеш жери болмас еди-аў қам.
Әттең, маған ондай пурсат қаяқта!
Тез жуўап кҥтилер ҳәзирги ўақта,
Ҳәзир биз мылтыққа жайланған бир оқ,
Асықпай кӛсилип жатыўға жол жоқ,
Сол ушын ертеңнен жаза баслайман,
Бир ҳәпте ишинде питирип таслайман.
Бес кҥнде ойнаўын ҥйренемиз, ал,
Сӛйтип, гастрольге кетемиз дәрҳал,
Мейли, кемис жерин халық дҥзесин,
Теректей путасын, тайдай гҥзесин,
Мейли, соңғы әўлад - билимли әўлад,
3
Инқылаб – (революция) бул да отызыншы жыллары 
пайдаланылған сӛз (И.Ю.). 


22 
Кемшилигин айтсын, сыншылар ғаўлап ...
Бирақ та, мен ашық емеспен даңққа,
Ӛмирим пайда берсе болғаны халыққа,
Тек соны ӛзиме зор бахыт деймен.
Басқа даңқ, бахытты мен излемеймен. 
А р ы ў х а н 
Әбдираман, айтшы бурынлары сен
Ойға батпас едиң қыяллап әбден?
Кеўлиңде қандайда тынышсызлық бар,
Сӛзлериң де соннан бергендей хабар.
Қолыңдағы шыбықтың жазығы қандай,
Соншелли сындырып, майдалағандай?
Тасла, ол жийде ғой, тикен бар онда,
Сезбейсең қолыңның қанағанын да ...
Неге жӛтелесең, суўық тийген бе?
Бир ӛзгерис бар ғой, шамасы сенде ...
Кҥлме. Кҥлкиңде де тынышсызлықтың
Изи бар екенин қашшан-ақ уқтым.
Сени, Әбдираман, аяйман гейде,
Бирақ, қолымнан ҳеш илаж келмейди ... 
Ә б д и р а м а н
(
күлип

Сондай аянышлы болып қалдым ба?
Бирақ, аяў деген жақсы шынында ... 
А р ы ў х а н 
Тҥсиниўиң керек сен, Әбдираман,
Сақла демекшимен ӛзиңди мудам,
Сениң ӛмириң, билсең, ҳәммеге керек,


23 
Тоқтай тур. Шашыңа қонды гҥбелек,
Мен услап алайын. Кӛрдиң бе, сени –
Гҥбелекке дейин тәўир кӛргенин.
Әттең, ақ гҥбелек услатпай кетти,
Ядыма тҥсирди-аў ол аўыл бетти:
Тап сениң шашыңдай сулыў әреби,
Кӛзи моншақтай бир қозым бар еди.
Есимде, мен оған бәҳәр таңында,
Кӛк терип қайтыўға бир барғанымда,
Қуўдым жоңышқалықта ақ гҥбелекти.
Бир гезде жамғыр да шелеклеп тӛкти.
«Апалап» жуўырдым мен ҥйге қарап,
Апам, апам байғус ... сол кҥни, бирақ ...
Ҳаў, биз кешиктик пе? Клуб алдында
Биреўлер турыпты ғой ... 
Ә б д и р а м а н 
(

Download 1,18 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish