Алтыншы тараў
БИЙМАЗА ТҮН
1
Булт та жоқ, ай да жоқ, жулдызлар тек те
Алмас қыйқымындай шағыраяр кӛкте.
Тек те тентирейди ызғырық самал,
Жапырлып, гҥўилдеп жулқынады тал;
Жулқынар ушқысы келгендей жерден,
Қублаға сап тартқан қуслар изинен;
Жулқынар байлаўда турған асаўдай,
Толқындай лепирип, тҥнерер таўдай.
О, сен мунарланған қалың қара тал,
Неге жулқынасаң тҥксийип қатал?
Самал «уйықлама!» деп ҳҥким етти ме,
Бир тынышсыз хабар алып ӛтти ме?
Я сен аңлайсаң ба, айтшы сен маған,
Еки кҥш айқасын бул жерде қызған?
Ҳадал мийнет пенен тер тӛгип, жерге –
Ӛзиңди еккен ҳәм ӛсиргенлерге
Жамай жаўы менен кызғын шайкаста
62
Болсықың келе ме ҳеш аянбастан?
Я анаў кишкене ғана адамның
Тҥсиндиң бе ҥлкен жҥрегин, жанын?
Ол киятыр жалғыз, кӛкиреги ашық,
Келер мәс адамдай теңселе басып.
Қойыў буйра шашы уйытқыса қандай,
Кеўли де тынымсыз уйытқыйды сондай.
Келер Әбдираман бағ арасынан,
Ушқын ушар зуўлап папиросынан.
Биримлеп сӛнбекте сансыз айналар,
Дастыққа бас қойған шаўқымлы қала,
Ғаўырлы пәсейип шайханалардан,
Бағда ҳәм кӛшеде кемейди адам:
Кешеўиллеп калған бир файтон арба
Тасырлап баратыр бағдың алдында.
Биреў кесип ӛтти жолды сол ўақта,
Әсте қәдем таслап бетледи бағқа.
Мейли, болсадағы ҳәзир биймезгил.
Арыўхан, жат ойдан, гҥманнан безгил,
Асық, ярым жолда сен ӛйтип тынба,
Кҥтер дос жҥреги сени алдында.
Әжайып адам ғой дос-яр дегениң,
Талсаң жеңиллетер жҥгиңди сениң,
Бирақ, ол шаршаса сен де кӛмеклес,
Дос - досқа мәдеткар ҳәм де ақыл-ес.
Жанын аямайды ҳақыйқат дослар,
Дослық ӛнериңе кҥшиңди қос, бар.
Бар сен, бӛлис достың кеўлинде барын,
Мейли болсын яки болмасын ярың.
Кӛрдиң бе, бийҳуштай сҥйенип талға,
Достың сенсиреп тур телмирип жолға.
Әне, ол да сениң кӛрди қараңды,
Келер қарсы алғандай сәўлели таңды ...
63
А р ы ў х а н
Биймезгил шақырған таўықты жулар,
Тҥнде менлик қандай жумысыңыз бар?
Неге тыныш уйқы бермейсең журтқа?
Ә б д и р а м а н
Әлле кимше сӛйлеп диңкемди қуртпа.
Даўысың таныс, Бирақ сӛзлериң бӛтен.
Шақыртқаным ушын сӛкпе мени сен.
Анаў скамейкаға жҥр, отырайық.
Дослар сыр айтысса, бул емес айып ...
Билсең еди мениң бойымды бҥгин
Ҳәм қайғы, ҳәм шадлық бийлегенлигин.
Қуўаныш ҳәм қайғы сыйыспас бирге.
Екеўи бир жерде турса егерде,
Олар тӛбелесер ишинде дәрҳал,
Ондайда досларды излемек дәркар ...
Айтар қуўанышым саған, Арыўхан,
Кеше Қаратаўдан усланды душпан ...
А р ы ў х а н
Ақыры усланды ма Бегдияр залым?
Ә б д и р а м а н
Дурыс аңғарғнасаң оняң қыялын.
Сен ГПУ-ға барып билдирген ақшам,
Жаўыз сезикленип қаладан қашкан.
Жасырын қарсыласып жҥрген Советке,
Шайкасы бар екен тоғайлық бетте.
Сени урламақшы болып Бегдияр,
64
Тӛрткҥлге келипти бир неше сапар.
Ал, биз гастрольден қайтқанда жолда
Бизди тҥсирмекши болыпты қолға
Бирақ, есиңде ме, сонда бир дийқан
«Тҥнге қарай жҥрмең, жолда бар душпан»
Деп бизге айтқаны Қоңырат қасында?
Бегдияр екен-аў аңлыған сонда.
Ўақтында танымай қалғанман, әттең,
«Қайда кӛрдим?» десем, ол жаўыз бенен –
Дҥгискен екенбиз теңиз бойында:
Ислеп жҥрген едим ол гезде ЧОН да,
Бир кҥни қыстаўлы тапсырық пенен
Кеттик екеў болып. Жолымызды бирден
Тоғай қапталында тосты ҥш атлы,
Тақымда бесатар, жҥриси патлы,
Биз айқастық. Маған оқ тийди қолдан.
Бир баспашы сонда қутылды аман,
Сол қашқын, ойласам, Бегдияр екен ...
А р ы ў х а н
Демек, ол қашшаннан бери-ақ бар екен?
Туҳ, жаўыз гезенде ...
Ә б д и р а м а н
Ондайлар және
Бизиң арамызда жоқ емес еле.
Бул гҥрес дойнағы таплап хордасын,
Женишкенде бӛдҳасыл әждардың басын,
Тепкиден жығылған гейбиреўлери
Шӛптиң арасынан жылжыды бери
Ҳәм дәрҳал айланды ҳәсем таўысқа,
Пәри тамылжыған бийҳазар қусқа;
65
Егер оңашада жолықсаң оған,
Таўыстың кебинен дем шегер жылан ...
Бҥгин мени де сол сур жылан шақты,
Жҥректеги қаным жас болып ақты.
Мениң қыяметлик ағам бар еди,
Ол - ӛзбек ушырған мәрт суңқар еди.
Оты жҥрегинде, қуралы қолда,
Қайда саўаш қызса, ол жҥрди сонда.
Ӛзи мысал қуйын, анасы - боран,
Ӛтти уйытқып шаўып бул жағалардан.
Ол ерте оянған бир инсан еди.
Халықтың жҥрегинен тамшы қан еди,
Халықлар бахыты ушын от ашылғанда,
Бир кҥш пайда болды сол тамшы қанда,
Ҳәм ол найзағайдай жалт етип бирден,
Тҥсти жаў ҥстине кҥтпеген жерден ...
Сонда мазар тҥбин жатырғна ықлап,
Ашылған кӛзлерден қашқан шайықлар,
Отқа топырақ шашып, жаўып шапанын,
Тепкиледи халықтың пәк тамшы қанын…
Ӛлди, сӛйтип шайыр…
А р ы ў х а н
(
Do'stlaringiz bilan baham: |