Шөлкемлестириў илажлары


IХ -бап. Генераторларды водород суйытқышларының



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

IХ -бап. Генераторларды водород суйытқышларының 
газ-май системасы элоктролиз үскенелери.
202. Генераторлардың газ-май системасына хызмет көрсетиўде қəўипли жарылыўшы газ 
араласпасының пайда болыўының алдын алыў керек, буның ушын төмендегилерге жол 
қо-йылмаслық керек:
генератор корпусы ишиндеги водород араласпасында кислород муғдары 1,2 процент-тен 
аспаслығы, попловок затворында, үплеўши бочкада ҳəм май тазалаўшы үскенениң водород 
ажыратыў багинде кислород муғдары болса 2 проценттен көп болмаслығы;
генератордың ток өткизиўши бөлиминде водород муғдары 1 проценттен көп, 
под-шипниклер картеринде болса 2 проценттен көп болмаслығы керек.
Май қуйылған бакте водород улыўма болмаслығы шəрт.
203. Генератордан водород ямаса ҳаўаны инерт газ бенен қысып шығарылыўы керек. Улыўма 
қысып шығарылған газларды машинадан шығыў жериндеги қалған муғдары төмендегише 
белгиленеди:
хаўа қысып шығрылғанда қалған карбонад ангдрид газ муғдары 85 процент ҳəм водород 
қысып шығарылғанда 95 процентти пайда етилиўи керек;
ҳаўа ҳəм водород қысып шығарылғанда қалған азот муғдары 97 процентти пайда етиўи 
керек.
Ҳаўа ямаса водород инерт газ бенен генератордан толық қысып шығарылғанлығын газды 
анализ етип тастыйықлайды.
204. Генератор ҳəм газ-май системасы аппаратларының корпусларын ашыўдан алдын водо-род 
инерт газ бенен инерт газы болса ҳаўа менен қысып шығарылыўы шəрт. Каптал тəреп 
шитлерин, люкларды ҳəм басқа жерлерди ашыўға тек карбонад ангидрид газ жоқ-лығы ямаса 
(азот қысып шығарылғанда) ҳаўада кислород араласпасының жетерлигине (улыўма 
көлемниң 20 проценттен көплиги) анықланғаннан кейин рухсат бериледи.
205. Корпустан водородты қысып шығармастан тоқтатылған синхрон компенсатордың кон-такт 
камерасын ашыўдан алдын, усы камераға инерт газ бермей турып компенсатор корпусынан 
оны бөлеклеп турыўшы ашып-жабыўшы үскенесиниң тығыз жабылғанын тексериў зəрүр.
Камерадағы водородты инерт газ бенен қысып шығарып жиберилгеннен кейин (кейни-нен 
ҳаўа менен де қысып шығармастан) газды анализ еткеннен кейин жумыс ислеў мүм-кин.


30
206. Газ-май системасы үскенелери ҳəм трубопроводларды оңлаўға шығарыўда трубопро-водлар 
бөлеклениўи ямаса өнланып атырған тармаққа водород ямаса инерт газ тығыз 
жабылмайтуғын ашып-жабыўшы үскенеден өтиўиниң алдын алыў мақсетинде заглуш-калар 
қойылыўы шəрт.
207. Қурамында водород болған газ-май системасынан 10 метрден кем аралықта, ашық от жағыў 
менен исленетуғын жумыслар (электр кепсерлеў, газ бенен кепсерлеў ҳəм басқа жумыслар) 
наряд пенен ислениўи, оның үстине нарядтың «бөлек көрсетпелер» қатары-на қəўипсиз алып 
барыўды тəмийинлеўши қосымша илажлар жазылыўы (қоршаў қойыў, ҳана ҳаўасында 
водород жоқлығын тексериў ҳəм басқалар) шəрт.
Водород пенен толтырылған генератор корпусында, трубопроводларда ҳəм газ-май 
ап-паратлары системасында от жағыў менен исленетуғын жумысларды ислеў қадаған 
ети-леди.
Генераторлар ҳəм газ-май системасы үскенелери жанында «Водород. Қəўипли жаныў-шы!» 
деген плакат қыстырылған болыўы шəрт.
208. Тоқтатылған генератордың газ-май системасындағы оңлаў жумыслары бийлик пенен 
ислениўи мүмкин.
209. Электролиз үскенелеринде хызмет көрсетиўде водородты кислорд ямаса ҳаўа менен 
араласпасынан пайда болатуғын жарылыўшы араласпа пайда болыўына жол қоймаслық 
шəрт.
Водородтың тазалығы 98,5 проценттен, кислордтики болса 98 проценттен кем болмас-
лығы шəрт.
210. Басымды регулировкалаў аппаратларының көргизбе айнасында суйықлық барлығы 
кө-ринбесе, электролизлерди ислетиў қадаған етиледи.
Водород ҳəм кислород системалары арасындағы басымның максимал парқы 1961,4 Па (200 
мм, суў бетинен) дан көп болмаслығы шəрт.
211. Электролиз үскенелериниң аппарат ҳəм трубопроводларын иске түсириўден алдын 
қы-сылған азот пенен тазаланыўы шəрт. Усы аппаратларды карбонад ангидрид газ бенен 
тазалаў қадаған етиледи. Электролиз үскенелери ресиверлери азот ямаса карбонад ан-гидрид 
газ бенен тазаланыўы мүмкин.
Бир ресивер ямаса ресиверлер топарының ишин көзден өткериў зəрүр болғанда олардың 
ишиндеги водород ангидрид газы ямаса азот газы жəрдеминде тазалаў, басқа ресиверлер 
топарынан оларды фланцдан сыртқа шыққан қуйрықлы металл қақпақ ямаса зулфин арқалы 
металл заглушкалар менен ҳəмде ашып-жабыўшы үскенелерден бөлек-леў ҳəм оннан кейин 
болса басым астында таза ҳаўа менен тазалаў талап етиледи. Реси-верлерди инерт газы, ҳаўа 
ҳəм водород пенен үплеп тазалаўда олардағы компонентлер-диң тойыныўы усы қағыйданың 
№7 қосымшасындағы көрсетилген дəрежегеше жеткизилиўи зəрүр.
Егер 0,05 процент углерод оксиди болған карбонад ангидрид газының техник сорты-нан 
тазалаў ушын пайдаланылса оны каронад ангидрид газының азық-аўқат ушын 
пай-даланылатуғын сортынан бөлек сəклаў зəрүр. 
212. Егер электролиз үскенелер 4 сааттан артық өширип қойылса оның аппаратлары ҳəм 
трубопроводларын азот пенен тазалаў шəрт. Система 1-4 саат аралығында өшип турса оны 
водород ямаса кислорд басымы (9,807-19,614)10
3
Па (0,1-0,2 кгс/см
2
) астында қал-дырыў 
мүмкин. Үскен 1 саатқаша өширилген тəғдирде аппаратлардың газ басымы ас-тында 
қалдырыў мүмкин, бунда водород ҳəм кислород басымы парқын билдириўши басым 
регуляторындағы сигнализация өширилмеслиги шəрт.
Егер электролизер ушыўының технологик режиминиң бузылыўы менен байланыслы 
болса электролизерден электролитти сорып шығарып алыў керек болса, ол жағдайда аппарат 
ҳəм трубопроводларды азот пенен үплеп тазалаў шəрт.
213. Электролиз үскенелериндеги қурылмаларды ашыў менен байланыслы кепсерлеў ҳəм оңлаў 
жумысларын ислегенде водородтың жүриў жолы бойынша ең ақырғы ноқатын-дағы водород 
толық шығарылмағанша электролиз үскенесиндеги тазалаўды даўам еттириў зəрүр.
214. Электролиз үскенелери ханасында ашық өрт пенен ислеў үскенени өширгеннен кейин 
ханадағы ҳаўада водород жоқлығын тексерилгеннен ҳəм хананы тоқтаўсыз самаллатыў-ды 
шөлкемлестирилгеннен кейин ислениўи мүмкин.


31
Оңлаў ушын мөлжелленген үскенелер жайласқан ханаға аппаратларда ашық өрт пенен 
байланыслы жумысларды ислеўде усы ханада жайласқан ислеп турған үскенелер 
трубо-проводларын оңлаўға шығарылған үскенелерден бөлеклеп сол жерге (заглушка) дүмли 
қақпақ қойыў зəрүр. Ашық өрт пенен исленетуғын жер қоршаўлар менен қоршаланыўы шəрт. 
Водород пенен толтырылған аппаратларда онлаў жумысларын алып барыў қадаған етиледи.
215. Музлап қалған трубопроводлар ҳəм ашып-жабатуғын үскенелерди тек пуў ямаса ыссы суў 
менен ысытыў мүмкин. Газ шығатуғын жерди газ шығыўын табыўшы арнаўлы ап-парат 
ямаса сабын көбиги жəрдеминде анықлаў мүмкин.
Газ шығып атырған жерди излеў ҳəм музлаған жерди ысытыў ушын ашық өрттен 
пайдаланыў қадаған етиледи.
216. Электролиз үскенелери ханасында ресиверлер жанында шегиў, ашық өрт, электр ысы-тыў 
əсбаплары ҳəм көшпели жақтыландырыў лампаларынан пайдаланыў қадаған етил-еди. 
Аппаратларды қадағалаў ҳəм оңлаў ўақтында олардың ишки бөлимлерин жақты-ландырыў 
ҳəм көзден кешириў ушын жарылыўшыдан қадағалаўға металл сеткалар ме-нен қəпланған 
кернеўи 12 Вольтқаша болған көшпели жақтыландырыў лампалардан пайдаланыў шəрт.
217. Электролиз үскенелери ханалары ишинде ҳəм есиклеринде Мəмлекетлик стандартқа 
муўапық ашық өрттен пайдаланыўды қадаған етиўши қəўипсизлик белгилери қысты-рылыўы
шəрт; водород ресиверлеринде болса «Водород. Қəўипли жаныўшы!» деген
жазыў болыўы керек.
218. Электролиз үскенелери ханаларында тез жанатуғын жарылыўшы затларды сақлаў қада-ған 
етиледи.
219. Электролит пенен ислеў ўақтында арнаўлы қорғаў кийимлеринен ҳəм көз əйнеклерден 
пайдаланыў зəрүр.
Суйық ямаса қатты щелоч териге, шашқа, көзге түссе күйдирип аўыр аҳўалға келти-риўи 
мүмкин.
220. Электролит тығызлығын тексериўге суйықлықтан анализ алыў тек ишиндеги басым толық 
түсирилгенде ғана ислениўи шəрт.
221. Электролизерге, оның ақырғы плиталарына қорғаў қуралларысыз тийиў мүмкин емес.
Беккемлеўши болтлардың изоляцион втулкаларына ҳəм монополяр плиталар астында 
изоляторларға суйық щелоч түсиўине жол қойыў мүмкин емес. Усы элементлер изоляциясы 
бузылса электр дугасы пайда болып нəтийжеде өртке ҳəм аварияға алып келиўи мүмкин.
Электролизер алдындағы пода резиналы гилемлер төселген болыўы керек.
222. Электролиз үскенелери ҳəм трубопроводлары ресиверлер ҳəм ресиверлер менен маши-на 
залы арасындағы трубопроводлар бөлекленбеген электр системасые пайда етиўши ҳəм жерге 
жалғаў үскенелерине жалғаныўы шəрт. Электролиз үскенелери жанында ап-паратлар ҳəм 
трубопроводлар ең кеминде еки жерден жерге жалғаныўы зəрүр.
223. Сақлағыш клапанларын тексериў ушын үскене өширилиўи ҳəм азот пенен үплеп 
таза-ланыўы керек.Ислеп турған үскенеде сақлағыш клапанларын тексериў қадаған етиледи.
224. Басым астында болған аппаратлар ҳəм арматуралардың болт ҳəм гайкаларын беккем-леў 
қадаған етиледи. Шланг ҳəм штуцерлер беккем беккемленген болыўы керек.
225. Монтаждан, толық оңлаўдан ямаса узақ ўақыт ислемей турған электролиз үскенелерин 
жумысқа таярлаў жуўапкер инженер-техник хызметкер бақлаўында əмелге асырылыўы шəрт. 
Үскенедеги оңлаў жумыслары наряд пенен ислениўи шəрт. 

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish