32
ҳəм жалғаўшы муфтаны босатып ажыратыў керек болған жағдайда кабель линияларын жерге
жалғаў талап етилмейди.
Егер өширилген электродвигателлердеги жумыслар исленбей атырған ямаса бир неше күнге
тоқтатылған болса электродвигателди электр тармағы менен жалғайтуғын кабель линиясы
электродвигатель тəрепинен жерге жалғанып қойылыўы шəрт. Кабелдиң кесе кесимине
көшпели жерге жалғаў үскенесин қоллаўға имкан болмаса 1000 В кернеўгеше болған
электродвигателлерде кабелдиң фазалары жупларын кесе кесиминен кем болма-ған мыс сым
менен ямаса кабелдиң фазалары жупларын өзара бир бирине жалғап оларды изоляциялаў
керек. Усы жерге жалғаў ямаса кабель фазасы жупларын бир бири-не жалғаў, тез-ара
диспетчерлик журналында, көшпели жерге жалғағышларға уқсатып есапқа алыныўы шəрт.
228. Насослар, түтин морылары ҳəм ҳаўа бериўши үскенелер электродвигателлеринде, егер усы
үскенелерге жалғанған механизмлер арқалы электродвигателди айланып кетиў мүмкин
болса, электродвигателлерде ислеўге рухсат бериўден алдын олардың задвижка ҳəм
шиберлери жабылыўы ҳəм қулыпланыўы, сондай-ақ электродвигатель роторларын тормозлаў
илажлары көрилиўи шəрт.
229. Жумыс алып барылып атырған электродвигатель жанында жайласқан бир түрдеги яма-са
оған уқсас габаритли электродвигателлерге ислеп турыўынан ямаса аўысық турғаны-
нан қаттый нəзер «Тоқта! Кернеў» деген плакатлар илдирилиўи шəрт.
230. Электродвигателлер ислеп турған ўақтында айланып турған бөлимлерине қойылған
қоршаўларды алыў қадаған етиледи.
231. Қозғалтыўы қолдан басқарылатуғын жүргизиў аппаратлары менен үскенеленген
электродвигателлерди жалғаў ямаса қосыў ҳəм өшириў диэлектрик қолғапта ислениўи зəрүр.
232. Басқарыў механизмлериниң электр қозғаўлары шибер, задвижка ҳəм басқа қурылма-лар
менен жалғанған болса задвижкалардың электр қозғаўының ислеў ислемеслигин тексериў,
усы үскене орнатылған технологик цехтың смена баслығы рухсаты менен арнаўлы бригада
əмелге асырыўы шəрт.
Рухсатнама берилгенлиги туўрысында технологик цехтың тез-ара журналына, бул рухсатты
алғанлығы ҳаққында болса ислеў-ислемеслигин тексериўши цехтың (бөлим-ниң) тез-ара
журналына жазып қойылады.
233. Басқарыўшы механизмлер, тəртипке салыўшы органлары ҳəм қосып-өшириўши
аппа-ратларға жалғанбаған электроприводларды, электр қозғаўшыларының электр
схема-ларын оңлаў ҳəм сазлаў бийлик пенен ислениўи мүмкин. Олардың ислеў-ислемеслигин
тексериўге бийлик берген хызметкер рухсат береди. Бул туўрысында жазыўды бий-ликти
есапқа алып атырғанда жазылады.
234. Жумыс толық тамамланғанша электродвигателдиң ислеў-ислемеслигин тексериў ушын оны
электр линиясына жалғаў тəртиби төмендегише:
жумыс наряд бойынша исленип атырған болса, жумыс алып барыўшы нарядтың
3-кес-тесинде жумыс тамам болғанлығын рəсмийлестирилип нарядты тапсырады;
жумыс бийлик пенен исленип атырған болса жумыс тоқтатылыўы ҳəм бригада жумыс
орнынан шығарылыўы шəрт.
Ислеў ислемеслиги тексерилгеннен кейин нарядтың 3-кестеси рəсмийлестирилип бри-гада
қайта ислеўге рухсат етиледи.
Жумыс бийлик пенен исленип атырған болса бригадаға қайта ислеўге рухсат бериў ушын
тазадан бийлик бериледи.
Do'stlaringiz bilan baham: