“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
теориялық жуўмақлары,пикирлери оғада дыққатқа ылайық. Рус илимпазы
Т.Н.Александрова мийнетлери айрықша дыққатқа ылайық. Лев Толстойдың
творчестволық лабораториясы, образлар, прообразлар, дереклер, әдебий байланыслар»
атамасындағы изертлеў жумысында «Ясная Поляна» орнын жазыўшы менен бирге
дөретиўши ретинде қарастырады.
Лев Толстой музейиниң, ондағы мағлыўматлардың жазыўшы шығармаларын
дөретиўдеги әҳмийети туўралы айтады. Толстой оқыған китаплардың орны туўралы да
айтылады.Татар алымлары Н.Юзеев «Хәзирги татар поэтикасы» атлы илимий
мийнетинде, Фатхрахманов Рашит Габдулхаковичтиң «Прозаиктиң дөретиўшилик
лабораториясы» атлы илимий-изертлеў жумысында бул мәселелерге арнаўлы түрде
тоқтайды («Творческая лаборатория прозаика (на материале произведений А.Еники,
М.Магдеева, А Гилязова, Н.Фаттаха и др.)», Казан,2000 жыл,25с. Бунда жазыўшының
өмир тәжирийбесине,стильге ҳәм де йош, көркем қыялға илимпаз айрықша дыққат
қаратады. Норвег жазыўшысы Юхан Борген «Сүўретшиниң устаханасында» атлы
интервьюде (85-93-бетлерде) шығармаларының қалайынша дөретилгени менен
ортақласады. Қарақалпақ әдебиятында Т.Қайыпбергенов, К.Мәмбетов, Қ.Камалов,
ә.Пахратдинов, К.Рахманов, Ш.Сейтовлар өз дөретиўшилик устаханалары,
лабораториялары туўралы жазды. Шынында да, бул мәселелер бойынша
тереңлестирип арнаўлы изертлеўлер, илимий жумыслар жүргизиў ўақты келди деп
ойлаймыз.
Филология
илимлериниң
докторы
З.Бекбергенова
қарақалпақ
әдебияттаныўында
бириншилерден
болып
жазыўшы
Г.Есемуратованың
лабораториясын изертледи. Илимпаз З.Бекбергенова Г.Есемуратова прозасында
мақалалардан, очерклерден, публицистикаларынан, гүрриңлерден, эсселерден сөз
баслайды. Журналист сыпатында хызметин көрсетеди. Жазыўшының шеберлиги
мәселесин ашып береди. Мысалы, Светлана Кожурова жөниндеги «Жақсының
перзенти-дә!» очерки жазылады (24-25-бетлерде), «Тохтахан» атлы очерки туўралы
айтылады (25-бетте). Очерклердеги шеберлик мәселесин ашып береди. Мысалы, «Ата
кәсиби перзентине миясар» очеркиниң жазылыўы ҳаққында сөз етеди (26-27-бетлерде).
Повестьлерин, романларын таллаўға тартады. Солай етип, Г.Есемуратова
дөретиўшилиги бойынша толық түсиниклер береди. Бул дөретиўшилик лабораторияны
изертлеў жумысының биринши басламасы деп билемиз. Бердақ атындағы сыйлықтың
лауреаты К.Мәмбетов «Он сегиз саўал» атамасы менен «Әмиўдәрья» журналында
1990-жылы 6-санда дөретиўшилик лабораториясынан қызықлы мағлыўматлар береди,
«Бозатаў» романының жазылыўы, «Посқан ел» эпопеясының («Зобалаң», «Топалаң»,
«Түркстан» романларынан турады) дөретилиўи тарийхы, повестьлери қалайынша
жазылды, жазыўшылық ҳаққында дыққатқа ылайықлы қызықлы дереклер келтиреди.
Оның және бир илимий мақаласында дөретиўшилик устахана мәселеси сөз болады.
Илимпаз дѳретиўшилик лабораториясын ашыў ушын ол туўралы жазылған илимий
мақалалар менен бирге ѳзи менен сәўбетлесип, жазыўшыныӊ очерклери менен
публицистикаларыныӊ, гүрриңлери менен повестлериниӊ, эсселери менен
романларыныӊ дѳретилиў тарийхы ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланады.
Жазыўшыныӊ ҳәм журналист сыпатындағы хызмети менен кѳркем шығармаларын
дѳретиўдеги шеберлик сырларын, жазыў манерасын, ис усылын ашып бериўге ҳәрекет
етеди. Талантлы шайыр Х.Дәўлетназаровтыӊ «Хат»,«Хош қал,жаслығым»
топламларында «қыйсық терек» көркем орын ретинде «Ийесиз журт», «Анама хат»
поэмаларында да тилге алынады. Бул эпикалық кеңислик сыпатында шайыр
поэзиясында белгили болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |