Navoiy davlat pedagogika instituti tarix fakulteti “milliy g’oya, ma’naviyat asoslari va huquq ta’limi” kafedrasi



Download 2,56 Mb.
Pdf ko'rish
bet144/167
Sana22.04.2022
Hajmi2,56 Mb.
#575065
1   ...   140   141   142   143   144   145   146   147   ...   167
Bog'liq
Туплам конф. Маънавий тахдид (2)

Фойдаланилган адабиётлар: 
1. Ш.М.Мирзиёев 2019 йил 2- майдаги 404-буйруғи. Тошкент ш 
2. Ш.М.Мирзиёев 2019 йил 19-марда ўтказилган видеоселектор мажлисининг 12-
сонли баёни 9-бандида белгиланган топшириқлар ижросидан. 
3. Ўзбекистон Республикаси Вазирлар маҳкамасининг 2017 йил 6 aпрелдаги 187-сон 
“Умумий ўрта ва ўрта махсус, касб-ҳунар таълимининг давлат таълим стандартларини 
тасдиқлаш тўғрисида”ги 
Қарори. 
 
4. Назаров К.Н. Аксиология. Кадриятлар фалсафаси. -Т.; Маьнавият, 1998. 
5. Орипов Б. “Тасвирий санъат ва уни ўқитиш методикаси” Тошкент.” Илм зиё” 
нашриёти 2005 й. 
ДИНИЙ ТӘЛИЙМАТЛАРДА КӘМИЛ ИНСАН МӘСЕЛЕСИ 
Ж.Усенов Әжинияз атындағы НМПИ үлкен оқытыўшысы. 
А.Уматов
 
Әжинияз атындағы НМПИ магистрант 
 
 
 
Кәмил инсанды тәрбиялаў – ҳәр бир жәмийеттиң әзелден алдына қойған үлкен 
мақсети, тийкарғы идеасы болып келген. Сонлықтан, кәмил инсан түсиниги әййемги 
дәўирлерден берли барлық илим тараўларының баслы изертлеў объекти сыпатында 
адамларды қызықтырып келмекте. Кәмил инсан ҳаққындағы дәслепки көз-қараслар 
диний тәлийматлардан азықланады. 
Кәмил инсан идеясы ең әййемги динлердиң бири болған Зорастризмниң муқаддес 
китабы «Авесто»да өз сәўлелениўин тапқан. Онда Жақсылық қудайы – Ахурамазда 
ҳәм Жаманлық қудайы – Ахриман арасындағы аяўсыз гүреслер арқалы жақсылық 
пенен жаманлықтың, ҳақ пенен әдалатсызлықтың, жақтылық пенен қараңғылықтың, ақ 
250
Ш.М.Мирзиёев 2019 йил 2- майдаги 404-буйруғи. Тошкент ш 


269 
пенен қараның гүреси сүўретленеди, бул түсиниклердиң бир-биринен парқы 
анықланады, жүзи ашылады. Бул китаптың тийкарғы идеясы – жақсылықтың 
жаманлық үстинен ерискен жеңисин көрсетиўге, бул арқалы адамлардың кеўлине 
исеним урықларын сеўип, оларды жақсылық ислеўге шақырыўдан ибарат. Тийкарғы 
үш қағыйдаға сүйенген Зардуштийлик дини «Жақсы пикир, жақсы сөз, жақсы ис»ке 
әмел еткен адам кәмилликке ериседи, деп есаплайды. 
Жәҳән динлеринен бири есапланған Буддизм дининде де кәмил инсан түсиниги 
айрықша орын ийелейди. Бул динниң тийкарғы идеясы – инсан бул дүньяның азап-
ақыретлеринен қутылыўдың жолын табыў. Бул тәлиймат «Төрт жоқары ҳақыйқат» деп 
аталады. Булар: 1. Азап-ақыбет ҳаққындағы тәлиймат. 2. Азап-ақыбет себеплери 
ҳаққындағы тәлиймат. 3. Азап-ақыбетлерден қутылыў ҳаққындағы тәлиймат. 4. Азап-
ақыбетлерден қутылыў жолларын табыў ҳаққындағы тәлиймат. Бул диний тәлийматта 
азап-ақыбетлерден қутылыўдың «Ең уллы сегиз жолы» бар деп көрсетиледи. Булар: 
бириншиси – ой-пикир, яғный билим, екиншиси – сөйлеў, үшиншиси – өзин дурыс 
тутыў, төртиншиси – туўры сөз, бесиншиси – өмир, алтыншысы – мийнет, жетиншиси 
– еслеў ҳәм өзара тәртип, сегизиншиси – пикирлерди жәмлеў
251
. Усы сегиз қағыйдаға 
әмел еткен адам уллылыққа ериседи, деп түсинилген. 
Ислам дининде кәмил инсан мәселеси, инсанның кәмилликке ерисиў жоллары кең 
ҳәм терең талқын етилген. Кәмиллик дегенде ислам ең биринши гезекте әдеплиликти 
нәсиятлайды. «Канзулумма» китабында «Ислам – гөззал әдеп»-деп тәрийпленеди. 
Мусылман адам Аллаҳ таала ҳәм Пайғамбарымыздың муҳаббатына жақсы әмеллери 
ҳәм гөззал әдеби менен ериседи деп көрсетилген. Гөззал әдеп ийманның мийўеси, 
демек, әдеби болмаған инсан – мийўесиз дараққа мегзейди. 
Ҳәдислердиң биринде: «Инсан денесинде бир пәрше гөш бар. Егер ол туўры болса, 
инсан денесиниң ҳәмме жери туўры болады, егер ол бузылса бәршеси бузылады. Билип 
қойыңлар ол – инсан қәлби»,- делинген. Демек, буннан келип шығатуғын жуўмақ: 
инсанның қәлби дүзиў болса, ол әдепли инсан. Ал әдепли инсан – кәмил инсан. 
Ислам дининде әдептиң түп дереги – Қуран. Ал Қураны кәримде айтылған барлық 
әдеп-икрамлылық ҳаққындағы негизлерге толық түрде әмел қылған бир инсан бар, ол 
Муҳаммед пайғамбарымыз. Оның пазыйлетлери ҳәм үлгили ис-ҳарекетлери кәмил 
инсан әдеби болып есапланады. Ол инсанлардың ең әдеплиси, ең гөззал қулықлы 
болған. Ол мусылман дүньясына, улыўма пүткил адамзатқа кәмил инсан сыпатында 
идеал бола алады. Оның өмирлик қостары Айша анамыз «Расулуллаҳтың әдеби 
қандай?»-деп сораған адамға: «Сен Қуран оқымайсаң ба? Оның әдеби Қуран еди»,- деп 
жуўап берген
252

Муҳаммед Пайғамбардың кәмил инсан сыпатында көпке үлгили болған басқалар 
ушын ғамхорлық қылыўы, дилўарлығы, басқалар менен сөйлесиў усылы ҳаққында ат-
Термизийдиң жыйнаған ҳәдислеринде төмендегилер айтылады: «Кереги жоқ сөзлерди 
айтпас еди. Сөзлерин Қудайдың аты менен баслап, қудайдың аты менен жуўмақлар 
еди. Тилиниң ушын менен сөйлемес еди. Сөзлериниң лебизлери аз, мәнилери көп 
болар еди. Сөзлери дана-дана болар еди. Ҳәм онда керегинен артық сөзлер болмас еди. 
Ҳәм онда кемшилик жоқ еди… Дүнья, яки дүньялық нәрселер ушын ҳәргиз ғәзеби 
келмес еди. Ал қашан бир адамның ҳақысына қыянет қылынса, сол жағдайда 
ғәзеплерин ҳеш нәрсе баса алмас еди. Оннан өш алмай қоймас еди. Өзлери ушын бир 
адамнан қапа да болмас еди»
253
.
251
Фалсафа. Қисқача изоҳли луғат. – Т.: Шарқ. 2004. – 76-бет.
252
Баҳауддинов Ш. Кәмил инсан. Тошкент. 2015. 
253
Абу Исо ат-Термизий. Аш-шамоил ан-набавийа. – Т.: Чўлпон, 1993. – 61-бет. 


270 
Демек, әдеп-икрамлылық өлшемлери менен тәрбияланған инсан кәмилликке 
ериседи, деген идея – ислам дининиң баслы принципи, алдына қойған баслы мақсети 
болып есапланады.
Тасаўўиф тәлийматының биринде инсан кәмилликке ерисиў ушын нәпсисин 
өлтириўи керек, бул дүньяның барлық тәшўишлери менен рәҳәтлеринен ўаз кешип, 
күни-түни тек о дүньяны ойлап, барлық ой-қыялын тек Аллаға бағышлап, тәрки дүнья 
болыў керек, деген идея алға сүриледи. Бул тәлийматтың инсан нәпсисин тыйыўы 
керек, - деген пикирине қосылыўға болады. Бирақ тәрки дүнья етиў ҳаққындағы 
көзқарасы бираз талқылаўды талап етеди. Себеби, ислам дини «Инсан бул дүнья деп, 
ол дүньясын, ол дүнья деп бул дүньясын умытпаўы керек», деген қағыйданы үгит-
нәсиятлайды. Ақыл тәрезисине салып қарасақ, ислам дининиң бул тәлийматында да 
инсан нәпсисин тыйыўы керек деген пикир бар (бул дүнья деп ол дүньясын умытпаўы 
керек). Бул мәселеде уллы диний ой-пикир ийеси Баҳаўатдин Нақышбандийдиң «Дил-
ба-яру-даст-ба-кор», яғный «Кеўлиңде Алла болсын, қолыңда жумыс (мийнет, ис, 
өнер)», деген пикири менен толық келисиўге болады. Демек, инсан ҳадал мийнет етип, 
қолындағы өнери менен шаңарағын асырап ҳәм Аллаға ибадат етип жасаса, бул кәмил 
инсанлыққа умтылыўдың бирден-бир туўры жолы болып есапланады.
Улыўмаластырып айтқанда, барлық динлердиң тийкарында инсан ҳәм оның 
тәрбиясы мәселеси, инсанның кәмилликке ерисиў жолларын көрсетиўден турады. 
Дүньялық илимлер де кәмил инсан мәселесинде диний тәлийматлардан азықланады 
ҳәм өзиниң көзқарасларын ортаға таслайды. 

Download 2,56 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   140   141   142   143   144   145   146   147   ...   167




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish