Муратбай Нызанов - Жақында қызық
болады
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 40
Бектемиров әсте мыйықтан күлип жуўап берди.
— Ол баяғыда еди, жигитлер. Ҳәзир ўақыт басқа. Мен буннан алдынғы ислеген
мәкемемде директорға
наразы болып, район ҳәкимиятына хат жазған едим.
Тексерип келди. Бир күн қонақ болды да кетти. Алдымыздағы ярым айлықта
ҳәммеден сыпыртып отыз сомнан услады.
— Бул не? — десек.
— Тексериўди күттик, — деген жуўап алдық.
Ашыў менен ўалаятлық басқармаға жаздым. Бес адам үш күн тексерип жатты.
Кейинги ярым айлықтан шеттен жүз сомнан жыйнап алды.
— Бул не?
— Тексериўди күтиўге кетти.
Болмады. Жәмәәт болып республикалық министрге жаздық. Жети адам он күн
жатып тексерди. Қандай илаж көрип кеткенин билмеймиз. Келеси ярым айлыққа қол
қойдық, ақлай.
— Пул қайда?
— Комиссияны күтиўге кетти. Соннан баслық бир жақта қалды да, ҳәмме мениң
изиме түсти.
— Бәри сениң таўып жүрген бәлең!
— Бала-шағамызды үйиңе апарып таслаймыз, өзиң бақ.
— Жақсысы,
сен бул жерден кет, көзимизге шүйелден бетер көринип турсаң.
Әне, солай етип, жумыстан шығып кетиўге мәжбүр болдым. Сизлер мени және сол
жолға ийтермелейжақсыз.
Муратбай Нызанов - Жақында қызық болады
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 41
Усы ўақытлары директордың шоферы кирип келди.
— Бәрекалла! Ҳәммеңиз усы жерде екенсиз ғо. Жүриң, директордың
жеке меншик
фирмасына вагон қойды. Қаўын тийейсиз.
Ҳәмме сыртқа шығыў менен болды. Оларды Бектемиров баслап барар еди.
8. 07. 1996-жыл
Саўда
— Ассалаўма алейкум аға. Сизди излеп келип едим.
— Хызмет?
— Кешеги ана, Ешбайлардың алғандайынан
бизлерге де керек еди, отызы.
— Болады, беремиз.
— Қаншадан екен?
— Қаншадан деп, халықтың нырқығо.
— Сонда да.
— Пай, аңқаўсырайсаң-аў. Мыңнан!
— Ой-бу, сәл қымбатлаў емес пе?
— Неси қымбат! Мың сом ақша ма ҳәзир!
— Бизлер қусағанға ақша ғой, аға.
— Солай қосшым, басқа гәпиң барма?
— Аға, былай етейик тә, қолды әкел, келисейик — жети жүзден.
Муратбай Нызанов - Жақында қызық болады
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 42
— Я-яқ
болмайды, жибер қолымды.
— Қойыңдә, аға. Келисейик тә, жети жүз-әм пул ғо. Отызы жигирма бир мың
болады.
— Оның мыңын санама қосшым, «тақанның түрли-түрли былғаўы бар». Кеше
Ешбайлар алып кетти ғо, мыңнан. Саўдаласып-әм отырған жоқ.
— Ешбайлар базарға ертерек кирген ғо. Бизлер еле үйренисе алмай атырмыз.
— Сөйтип-сөйтип үйренисип кетесиз.
— Ақсақал, бир ретке түсиң де, «деңгенениң соңы емес», ендигиде айтқаныңызға
алып кетермиз.
— Әй, бир майда бала екенсең, яқшы жүз сом түстим, тоғыз жүзден бере ғо.
— Және бир текше түсиң аға, сонда сизиң айтқаныңыз-әм емес, бизиң айтқан-әм
емес, сегиз жүз болады, орталық.
— Бир, алатуғын аўырыўдай не бәлесең! Яқшы, ақшаңды алып түстен кейин
келеғойың.
— Рахмет аға, берекет табың.
— Әй, бала, бағанағы гәпинде тур, ендиги имтиханда бир сом-әм түспеймен.
Do'stlaringiz bilan baham: