7.2. Ҳаўада қатыўшы ҳәк
Ҳаўада қатыўшы ҳәк қурамында 6% ке шекем гилтопырық болған калцийли ҳәм
магнийли карбонат таў жыныслары: бўр, ҳәктас, доломитлескен ҳәктас ҳәм доломитлерди
күйдирип алынған байланыстырыўшы материал есапланады. Ҳәк байланыстырыўшысы
(кипелка) ақ ҳәм күл реӊинде болып, бӛлек-бӛлек ҳалда пайда болады. Ҳаўада қатыўшы ҳәк
байланыстырыўшысы
тӛмендеги
түрлерде
болады:
сӛндирилмеген
майдаланған,
сӛндирилген гидрат (пушонка), ҳәк араласпасы ҳәм ҳәк сүти.
Ҳәк байланыстырыўшысы қурамындағы СаО муғдарына салыстырғанда калцитли,
магнезиаллы ҳәм доломитли болыўы мүмкин. Порошок
ҳәк таярлаў ушын сӛндирилмеген
ҳәк, домна шлакы, электротермофосфорлы шлак, актив минерал қосымшалар менен бирге
арнаўлы дигирманда түйиледи.
Ҳәк ислеп шығарыў.
Ҳаўада қатыўшы ҳәк шийки заты тийкарын калций карбонат
(СаСО
3
) қурайды, сондай-ақ азғана муғдарда доломит, гипс, кварц, гилтопырық ҳәм басқалар
араласқан болыўы мүмкин. Ҳәктас 900-1200
0
С температурада күйдирилип, имканияты
барынша СО
2
гази шығарып жибериледи:
СаСО
3
СаО
СО
2
Шийки зат қурамындағы магний карбонат (МgСО
3
) күйдириў процессинде
парчаланади.
Ҳәктасты күйдириў нәтийжесинде 56% ҳаўада қатыўшы ҳәк пайда болады, қалған 44%
карбонат ангидриди (СО
2
) ҳаўаға шығып кетеди.
Ҳәк байланыстырыўшысы қурамында тийкарғы оксидлер (СаО
MgO) муғдары жоқары
болса, ҳәк араласпалары соншелли майин (пластик) ҳәм сапалы болады.
Ҳаўада қатыўшы ҳәк қурамындағы шала күйген ямаса жүдә күйген бӛлеклердиӊ
нормадан артық болыўы байланыстырыўшы қәсийетлерин жаманластырады. Шала күйген
ҳәк бӛлеклер дерлик байланыстырыўшылық қәсийетлерге ийе болмайды, жүдә күйдирилген
ҳәк болса жүдә әсте суў тәсиринде гидратланады ҳәм кӛлеми кеӊейеди. Буныӊ нәтийжесинде
ҳәк байланыстырыўшысы тийкарындағы ӛнимлерде жарықлар пайда болыўы мүмкин.
Ҳәктасы әдетде шахталы хумдонда күйдириледи (7.1-сүўрет). Майда бӛлекли ҳәктаслар
айланба хумдонда күйдирилиўи мүмкин. Ҳәктасты күйдириў ушын кӛмир, табийий газ ҳәм
басқа жанылғылар ислетиледи. Кӛмир жанғанда ҳәкке күл араласыўы мүмкин, газ жанғанда
болса байланыстырыўшы таза ҳалда пайда болады. Буннан тысқары газ бенен ислейтуғын
хумдонларни механизациялаў ҳәм автоматластырыў мүмкин.
Ҳәктасы күйдирилгенде сӛндирилмеген геўек бӛлек ҳалдағы ярым ӛним пайда болады.
Ярым ӛнимди тутыныўшыға масластырыў ушын майдаланады ямаса сӛндириледи.
Ҳәкти сӛндириў.
Ҳаўада қатыўшы ҳәкти сӛндириў ушын суў менен араластырылады:
СаО
Н
2
О
Са(ОН)
2
Ҳәк сӛндирилгенде 950 КДж
кг муғдарда ыссылық ажыралып шығады. Ҳәкти сӛндириў
процесси жүдә шиддатли кечади, ҳәк доначалари жүдә майда дисперс ҳалға келеди. Ҳәк
минерал байланыстырыўшылар ишинде химиялық реакция нәтийжесинде дисперсленетуғын
жалғыз байланыстырыўшы есапланады. Сӛндирилген ҳәктиӊ жүдә дисперс болыўы оныӊ
жоқары дәрежеде суў услап турыўшылық қәсийетин ҳәм пластиклигин тәмийинлейди.
Сӛндирилген ҳәктиӊ бул қәсийети оннан қурылыс араласпалары ҳәм басқа ӛнимлер
таярлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Сӛндириўде алынған суў муғдарына қарай гидрат ҳәги
(пушонка), ҳәк араласпасы ҳәм ҳәк сути пайда болады.
52
Do'stlaringiz bilan baham: |