2.2. Материаллар қурамы, структурасы ҳәм қәсийетлериниӊ байланыслылығы
Қурылыс материалларыныӊ қәсийетлери олардыӊ қурамына ҳәм дүзилисине
байланыслы болады. Материаллардыӊ химиялық, минерал ҳәм структуралық қурамларын
тексерместен, олар тийкарында таярланған буйым ҳәм конструкцияларды белгили орталықта
ислетиўге усыныс етилмейди.
Материаллардыӊ химиялық қурамы элементлер ҳәм оксидлер арқалы анықланып, олар
қәсийетлерин – беккемлигин, коррозия орталығы ҳәм отқа шыдамлылығын, суўға қатнасы
8
сыяқлыларды белгилейди. Материал қурамында химиялық элементлер ҳәм оксидлер еркин
ҳалда болмастан ӛз-ара минералларға бириккен болады.
Материаллардыӊ минерал қурамы олардыӊ қандай минераллардан қанша муғдарда
қуралғанлығын билдиреди. Гилтопырық, ҳәктас, гипс тасы ҳәм т.б. лардыӊ минерал қурамы
олардан
алынған
керамикалық
материаллар
ҳаўада
қатыўшы
ҳәм
минерал
байланыстырыўшылардыӊ беккемлигин ҳәм түрли орталықларға шыдамлылығын
белгилейди.
Материаллардыӊ структуралық қурамы қатты, суйық ҳәм газ тәризли ҳалатда болып,
оларды белгили формада услап турыўшы, дийўаллар пайда етиўши (каркас) қатты фазадан,
дийўаллар арасында пайда болған геўеклер ишиндеги суўдан, ҳаўадан ямаса суў-ҳаўа
араласпасынан ибарат болыўы мүмкин. Масалан, материал геўеклеринде суўдыӊ музлаўы
ақырында оныӊ бузылыўына алып келиўи мүмкин; жабық геўеклердеги ҳаўа материалға
ыссы-суўықдан, даўысдан изоляциялаўшы қәсийет береди.
Материал структурасын үш дәрежеде түсиниў зәрүр – молекуляр-ион, микроструктура
ҳәм макроструктура.
Молекуляр-ион дәрежеси материаллардыӊ элемент, оксид, минерал, олигомер, полимер
ҳәм т.б. химиялық затлардан пайда болыўын белгилейди. Материалларды бул дәрежеде
үйрениў дифференциал-термикалық, рентген-структуралық, электрон микроскопиялық,
инфрақызыл спектроскопиялық ҳәм т.б. тексериў усыллары менен әмелге асырылады.
Микроструктура материалдыӊ дүзилиси ҳәм ондағы геўеклердиӊ жүдә кишилигин (1-
2
.
10
-7
см ге шекем) билдириўши кӛрсеткиш есапланады. Материалда микрогеўеклер
буйымныӊ киширейиўи нәтийжесинде пайда болады ҳәм олар ӛз-ара тутас ямаса ҳәр
тәреплери
туйық
болыўы
мүмкин.
Материалды
қураўшы
байланыстырыўшы
(портландцемент, гипс, битум, полимер), жүдә майда толтырыўшылар (қум порошогы,
андезит) минерал ямаса полимер қосымшалар, суў ҳәм т.б. компонентлерден ибарат
комплекс есапланады. Қурылыс буйым ҳәм конструкциялардыӊ барлық қәсийетлери
микроструктураға, оныӊ пайда болыў шараятына байланыслы болады. Микроструктура
қәсийетлерине байланыстырыўшыныӊ активлиги, дисперслиги, микрогеўеклиги, жүдә майда
толтырыўшылардыӊ бет тәбияты үлкен тәсир етеди.
Макроструктура материаллардыӊ дүзилиси ҳәм ондағы геўеклер-ири, кӛзге
кӛринетуғын ҳалаттағы кӛрсеткиш болып, ол микроструктура, майда-ири толтырғышлар ҳәм
басқа толтырыўшылар ямаса арматуралаўшы компонентлер комплексинен ибарат.
Макроструктура композит (конгломерат), уя тәризли, майда геўекли, талшық тәризли,
қатламлы, даналы формаларда болыўы мүмкин.
Композитлерге бетонлар, қурылыс араласпалары, керамика, силикалцитлер,
полимербетонлар ҳәм т.б. киреди. Бундай материаллар жасалма конгломератлар деп те
жүритиледи.
Майда геўекли материалларға суў ямаса жаныўшы қосымшалар араластырылып
күйдирилген керамика, пластмассалардыӊ айрым түрлери киреди.
Уя тәризли структуралы материалларға газбетонлар, кӛбикли бетонлар, кӛбикли
пластмассалар, арнаўлы қағаздан жасалған түрли формадағы бослықлы буйымлар киреди.
Қатламлы структураға орама, листли, тахта тәризли, қатламлы толтырыўшылар
тийкарындағы пластмассалар (текстолит, шийшапласт, қағазпласт) киреди.
Даналы структура бетон, араласпа, полимербетон ҳәм т.б. лар ушын майда ҳәм ири
толтырыўшылар (қум, щебень) киреди.
Талшықлы структура ағаш, шийша талшықлы ҳәм минерал талшықлы материаллар
ушын тән. Материаллар қәсийетлери (беккемлиги, ыссылық ӛткизиўшеӊлиги) талшықлары
бойлап ҳәм кесе бағдарларда түрлише болады.
Материаллар дүзилиси кристалл, аморф ҳәм кристалл-аморф ҳалда болады. Кристалл
дүзилисли материаллар жоқары беккемликке, түрли орталықларға шыдамлылыққа ийе.
Әдетде кӛпшилик материаллар аморфдан кристалл дүзилиске ӛтеди. Бир материал ҳәм
кристалл (кварц), ҳәм аморф дүзилисте болыўы мүмкин. Материалдыӊ дүзилиси ҳалатына
9
қарап бул материаллардыӊ химиялық биригиўлеринде қатнасыўы түрли тезликте ҳәм
шараятда болыўы мүмкин. Кристалл дүзилистеги материаллар турақлы басымда белгили
ериў температурасына ийе болады. Кристалл торды нейтрал атомлар, ионлар, молекулалар
пайда етиўи мүмкин. Қурамалы кристаллар (калций, дала шпаты) ковалент ҳәм ион
байланысларда болғанлықлары себепли олардыӊ қәсийетлери түрлише болады. Қурылыс
материалларыныӊ тийкарғы жыныс пайда етиўши минераллары-силикатлар қурамалы
дүзилиске ийе болып, тетраэдрлерден дүзилген ҳәм кӛлемли тор дүзилисине ийе. Сол
себепли силикатлар ноорганикалық полимерлер делиниўи де мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |