Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Табийий тас материалларына ислеў бериў



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet23/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   290
Bog'liq
ОМК

3.3.2 Табийий тас материалларына ислеў бериў
 
Табийий тас материаллары ҳәм буйымлары таў жынысларын түрли механикалық 
усыллар менен қайта ислеў нәтийжесинде алынады. Бул усылларға майдалаў, жарыў, кесиў 
сыяқлылар киреди. Айрым жағдайларда болса таў жыныслары портлатыў усылында қазып 
алыныўы мүмкин. 
Ислеў бериў усылларына қарай табийий тас материаллары тӛмендеги түрлерге 
бӛлинеди: қопал ислеў берилген (харсангтош, чақиқ тош, шағал ҳәм қум); буйым ҳәм 
профилли бӛлимлер; туўры формадағы тас ҳәм блоклар; бетине ислеў берилген плиталар 
(дийўал ҳәм полларды безеўде); жол қурылысы буйымлары (бордюр таслары, брусчатка) ҳәм 
т.б. 
Табийий тасларға заводда механизацияласқан ҳәм автоматласқан системаларда ислеў 
бериледи. 
Тас бети пневматикалық әсбап жәрдеминде тырналып (урып) ямаса абразив усылда 
тегисленип ислениўи мүмкин; тас бети толқын тәризли (қабариқ-чуқур), рифленген, эгат 
тәризли, гедир-будыр (точка тәризли) кӛринисте қайта ислениўи мүмкин. Тасқа абразив 
ислеў бериў қырқыў, фрезерлеў, шлифлеў ҳәм полировкалаў (жилолаш) процесслерин ӛз 
ишине алады (3.2-сүўрет). 


25 
3.2-сҥўрет. Таслардыӊ фактуралы кӛриниси 
а – толқын тәризли (қабариқ-чуқур); б – рифланген; в – эгат тәризли; 
г – гедир-будыр (точка тәризли). 
Мрамор, ҳәктас сыяқлы жумсақ таслар рамкалы пышқылаў үскенелеринде қырқылады. 
Әдетде пышқы алмаз, корборунд ямаса қатты бирикпелер жәрдеминде күшейттирилген 
(қапланған) болады. Алмаз кескишлер (пышақлар) жәрдеминде тасты жүдә жуқа (5-10 мм) 
қырқыў мүмкин болып, 1м
3
тасдан 40-45 м
2
плита таярлаў имканияты болады. 
Геўек таслардан даналы дийўал ушын тасларды ҳәм блокларды тас қырқыў машинасы 
жәрдеминде қырқып алынады. 
Профилли буйымлар (карниз, лесница, терезе асты плиталары ҳәм басқалар) тасқа 
ислеў бериў заводларында фрезерли ҳәм универсал профил бериўши машиналар жәрдеминде 
таярланады. 
Тас бетин жилолаш шлифлеў станокларында абразивлер (корунд, корборунд, алмаз 
порошоклары) жәрдеминде, мўйли диск жәрдеминде мастика ҳәм хром, қалайы, темир 
оксидлери порошогы себилип әмелге асырылады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish